Get Mystery Box with random crypto!

XALÍQ USHÍN ⚖️

Telegram kanalining logotibi xaliq_ushin — XALÍQ USHÍN ⚖️
Kanaldagi mavzular:
Qaraqalpaqtili
Kanal manzili: @xaliq_ushin
Toifalar: Qarzlar, soliqlar va qonunlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 33.80K
Kanalning ta’rifi

Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @Mr_Velikolepniy
Канал 2020-жыл 10-апрелде жумыс баслады.

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 8

2024-05-16 11:23:53 Айрықша баҳаларға оқыйтуғын студент ҳаял-қызларға стипендиясына қосымша 428 000 сум төленеди

Ҳүкиметтиң қарарына бола, баҳалары «айрықша» ҳәм кем тәмийинленген шаңарақтың ағзасы болған ЖООларының күндизги бакалавриат тәлим формасында оқып атырған ҳаял-қызларға арнаўлы стипендия төленеди.

Бул стипендия студенттиң алатуғын әдеттеги стипендиясына қосымша түрде 428 000 сум муғдарында төленеди.

Арнаўлы стипендия ЖООның Студентлерди қоллап-қуўатлаў фонды есабынан ЖОО Кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарар тийкарында ЖОО ректоры (директоры) буйрығы менен тайынланады.

Бунда студенттиң кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы екенлиги «Социаллық қорғаў бирден бир реестри» арқалы анықланады.

Арнаўлы стипендия студенттиң семестр жуўмақлары бойынша көрсеткиши тек «айрықша» болған жағдайда төленеди.

Төмендеги жағдайларда арнаўлы стипендияны төлеў тоқтатылады:

студент семестр жуўмағы бойынша көрсеткиши «айрықша»дан төмен болғанда;

кем тәмийинленгенлиги ҳаққындағы мағлыўматнаманың мүддети (12 ай) питкенде.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
10.8K viewsedited  08:23
Ochish/sharhlash
2024-05-16 07:47:34 Медицина хызметкерлерине қандай үстемелер төленеди?

Медицина мәкемелерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қоры ҳаққындағы режеге (16.01.2023-жыл, дизим саны 3416) муўапық медицина хызметкерлерине материаллық хошаметлеўдиң төмендеги түрлери төленеди:

жоқары қәнигели, айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ислеп атырған медицина және фармацевтика хызметкерлерине лаўазым айлығының 100% шекем ҳәм басқа хызметкерлерге 75% ке шекем айлық үстемелер;

жаңадан жумыс ислеп баслаған жас шыпакерлерге 1 млн сумға шекем арнаўлы айлық үстемелер;

шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақтын саат 20:00 ге шекем создырыўдың есабынан екинши сменада ислейтуғын шыпакер ҳәм мийрибийкелерге лаўазым айлығының 30% шекем қосымша айлық үстемелер;

медицина мәкемелериниң барлық хызметкерлерине кәсиплик ҳәм басқа байрамларда берилетуғын хошаметлеў пуллары, сондай-ақ материаллық жәрдем пуллары.

Айлық үстемелер хызметкерлердиң жумысын 100 баллық рейтинг баҳалаў системасы тийкарында әмелге асырылады.

Бунда 75 балдан 100 балға шекем топлаған медицина хызметкерлериниң айлығына төмендеги тәртипте үстемелер белгиленеди:
75 балдан 84 балға шекем топласа айлығының 50% шекем;
85 балдан 94 балға шекем топласа айлығының 75% шекем;
95 балдан 100 балға шекем топласа айлығының 100% шекем.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
11.7K views04:47
Ochish/sharhlash
2024-05-15 18:43:15
Турақ жай субсидиясы ушын онлайн арзаны қалай тапсырыў керек?

Видеода турақ жай субсидиясы ушын онлайн my.gov.uz сайты арқалы арза тапсырыў тәртиби түсиндирилген.

Арзаларды қабыллаў бүгиннен басланды, 1-ноябрге шекем қабылланады. Бүгинниң өзинде пуқаралардан 63 457 арза келип түскен.

Мағлыўмат ушын. 2024-жылы Қарақалпақстан Республикасында 1340 шаңараққа 75,2 млрд сум турақ жай субсидиясы ажыратылыўы жобаластырылған.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.2K views15:43
Ochish/sharhlash
2024-05-15 13:08:33
Қарақалпақстаннан қайсы педагоглар айына 5,7 млн сумлық үстеме алатуғыны белгили болды

Педагогларға Министр фонды есабынан ҳәр айда үстеме төлеў мақсетинде 2 басқышлы таңлаў өткерилген еди.

Соған көре, Мектепке шекемги ҳәм мектеп министрлиги системасында ислеўши Қарақалпақстан Республикасынан 80 маман педагог кадрларға 2024-жылдың май айынан 2025-жылдың январь айына шекем (9 ай) мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 5,5 есеси (5 млн 775 мың сум) муғдарында ҳәр айлық үстеме төлеп барылады.

Педагоглардың дизими сүўретлерде.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.7K views10:08
Ochish/sharhlash
2024-05-15 11:01:12
Телеграмда мынандай ВИРУС «гезип жүр».

Оның үстине баспаң, барлық мағлыўматларыңызды өширип жибериўи мүмкин!

Буны тез жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
15.4K views08:01
Ochish/sharhlash
2024-05-15 10:56:28 Қурылған жайды яки жер участкасын кадастрдан өз ўақтында мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын мүрәжат етпеген пуқараға 3,4 млн сум жәрийма салынады

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 68-1-статьясына муўапық, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизиминен өткериўди әмелге асырыўшы органға жер участкасына, жай ҳәм қурылысқа болған ҳуқықты мәмлекетлик дизиминен өткериў ушын өз ўақтында мүрәжат етпегенлик:

пуқараларға БЕМның 10 есеси (3,4 млн сум);

лаўазымлы шахсларға БЕМның 15 есеси (5,1 млн сум) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Бул жәрийманың итибарлы тәрепи ол қатаң белгиленген суммада салынады, яғный пуқараға 3,4 млн, ал лаўазымлы шахсқа 5,1 млн сумнан аз болмайды. Кодекстиң 33-статьясына муўапық, суд тек ғана айырым жағдайларда өзиниң басламасы менен жәрийма муғдарын азайтыўы мүмкин.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
12.4K views07:56
Ochish/sharhlash
2024-05-11 15:47:10 Данышпан Эзоптың нәсиятлары

Улым Гелий, гәпимди жақсылап қулағыңа қуйып ал, сен бурын да әйне мениң нәсиятларымды еситип тәрбия тапқан едиң, бирақ жақсылықты билмедиң - маған көрмедиклик еттиң. Солай болса да, және бир мәрте еситип, оларды кеўлиңде тап саған исенип тапсырылған бийбаҳа ғәзийнедей сақла.

Биринши нәўбетте қудайларды шын кеўилден кәдирле. Оннан кейин патшаға ҳүрмет-иззет көрсет, шах ҳүкими - қуда ҳүкими демек.

Устазыңды өз ата-анаң менен бирдей хүрмет ет: ата-ананы саған тәбият инам еткен, устазың болса, сени шын кеўилден жақсы көреди, буның ушын сен оннан еки есе көбирек миннетдар болыўың лазым.

Күндеги жеп-ишер аўқатың дәмли хәм жетерли болсын, себеби ертенги исиңди атқарыў ушын сен сай, және қуўатлы болыўың керек.

Шах сарайында болғаныңда ҳәмме еситкен гәплериңди ишиңе жутып жоқ қыл, сонда ғана жаныңды мезгилсиз өлимнен сақлап қаласаң.

Ҳаялында басқа еркеклерге хәўеслик оянбаўы ушын, сен оның менен бәрқулла хош мәмиледе бол: ҳаял заты жеңилтек болады, хошамет пенен оны натуўры жолдан қайтарыў мүмкин.

Шарап ишкен ўақтыңда билимли екенлигинди жаныңдағыларға паш етпе, мақтаншақлығың үлпетлериңе жақпайды, олар үстиңнен күлиўи мүмкин, тилиңди тисле, тилинди тыйып жүр.

Егер бирер адамға бахыт күлип бақса, оны қызғанба, керисинше бирге қуўан, сонда оның бахты сениң де бахтың болады, кызғанған адам тек өзине жаманлық етеди.

Қулларыңа ғамхор бол, өз байлығыңнан оларға садақа берип тур, олар өз хожасына ғәрезли болып қалмай, сени өз қоллаўшысы деп ҳүрмет етсин!

Өзиңди сыпайы тут. Жасың үлкейген болса да илим алыўдан уялма! Ҳеш илим алмағаннан кеш илим алған абзал.

Ҳеш қашан ҳаялыңа жарылма, бир де сырыңды оған айтпа, ерли-зайып турмысында ҳаял сениң қарсыласың, ол ҳәмийше қуралланған ҳәм ҳәмийше сени өзине ғәрезли етиў нийетинде болады.

Өзиңде барыңды жумса, бүгиннен аўысқан нәрсеңди ертеңги күниңе сақла, яр-дослардың алдына барып тиленшилик еткеннен, артықша байлықты душпанға алдырған абзал.

Исиң түскен адам менен хош пейилли бол, оны иззет-ҳүрмет ет, тап ийт те еркелеткенди көрип, қуйрығын былғаңлатады, таяқты көрип қаппақшы болады.

Бай болыўға емес, ақыллы болыўға ҳәрекет ет, байлықтан жүдә болыў мүмкин, бирақ ақыл бәрқулла өзиң менен бирге қалады.

Бахтың ашылғанда өкпе-гийнени умыт та, душпанларың менен хошпейилли бол, әне сонда сол ғәнимлериң, усындай әлпайым адамның жанын аўыртыппыз деп пушайман болады.

Егер биреўге жақсылық етпекши болсаң, созба, тезирек ҳәрекет ет, себеби тәғдир өзгермели.

Ғыйбаткеш ҳәм өсекши адамды, ҳәмийше өз ағаң болса да, дәрхал өзиңнен ары куў, ол жақсы мақсетте емес, бәлким сениң сөзлериң ҳәм қылған ислериңди бийганаларға жеткериў ушын өсек айтады.

Пулың көп болса – сүйинбе, аз болса – күйинбе.

Дерек: Ж. Өтениязов. Таңлаўлы шығармалары (2-китап). 346-348-бетлер. Нөкис, 2024-ж.

П/С: Бул әййемги Фракияда жасаған данышпан Эзоптың өзиниң улына айтқан нәсиятлары. Көпшилиги ҳәзирги күнде де әҳмийетли екенлиги менен ҳайран қалдырады.

Жақынларыңызға тарқатың.

@Xaliq_ushin
13.1K views12:47
Ochish/sharhlash
2024-05-10 12:34:05
Газ ҳәм «свет»тиң «счетчигин» мәмлекет қурып бериўи керек

Министрлер Кабинетиниң 12.01.2018-жылдағы 22-санлы қарарына тийкар газдың есаплағышын Аймақлық газ кәрханасы, ал электр энергиясының есаплағышын Аймақлық электр тармақлары кәрханасы өзлериниң есабынан орнатып бериўи керек.

Өзбекстанның айырым блогерлери бул ҳаққында видеотүсиник берипти.

Биз каналымызда алдын бул ҳаққында толық түсиник жазып едик. Оны оқыў ушын мына силтемеге кириң.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.0K viewsedited  09:34
Ochish/sharhlash
2024-05-10 09:19:21
1-июлдан баслап Суў хожалығы министрлиги симтемасы хызметкерлериниң айлығы көбейеди

Президенттиң 07.05.2024-жылдағы ПП-74-санлы Пәрманына тийкар, 2024-жыл 1-июлдан баслап Суў хожалығы министрлиги ҳәм оның симтемасындағы шөлкемлер хызметкерлериниң бирден бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына муўапық лаўазым айлығын белгилеўде тариф коэффициентлери арттырылған муғдарда ҳәм 2025-жылдан баслап көп жыллық мийнети ушын хошаметлеў коэффициентин есапқа алған ҳалда лаўазым айлығына белгиленген коэффициентлерде ҳәр айлық үстемелер қолланылады.

Яғный, 1-июлдан баслап тариф коэффициентлери арттырылған муғдарда есапланады, ал 1-январдан баслап болса, көп жыллық («выслуга лет») мийнети ушын қосымша үстеме төленеди.

Сүўретлерде қайсы мәкемеге қанша коэффициент ҳәм «выслуга лет» муғдары қолланылыўы көрсетилген.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
13.4K views06:19
Ochish/sharhlash
2024-05-10 07:51:08
Балалардың Қарақалпақстан гимнине реакциясы

Социаллық тармаққа жүкленген видеода бақша балаларының гимн қойылған ўақытта тәртип пенен турып тыңлағанын көриў мүмкин.

Дерек

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin
14.6K views04:51
Ochish/sharhlash