Get Mystery Box with random crypto!

Турақ жай субсидиясын алыў ушын кимлердиң дәраматлары есапқа а | XALÍQ USHÍN ⚖️

Турақ жай субсидиясын алыў ушын кимлердиң дәраматлары есапқа алынады?

Нызамшылыққа көре, турақ жай субсидиясын алыў ушын арза бериўшиге қойылатуғын бир қатар талаплар бар.

Соның ишинде арза бериўшиниң орташа айлық дәраматына қойылатуғын талап та болып, дәрамат муғдары пуқараның ҳәм/яки оның шаңарағының айлық дәраматы 2835000 сумнан көп ҳәм 8400000 сумнан аз болыўы керек.

Бул дәраматты есаплаўда төмендеги шаңарақ ағзаларының барлық дәраматлары қосып есапланады:

арза бериўшиниң өзи;
арза бериўшиниң өмирлик жолдасы;
арза бериўшиниң турмыс қурмаған перзентлериниң дәраматлары.

Яғный, арза бериўши менен оның ери (зайыбы) дәраматы жетерли болмаса (2,8 млн сумнан аз болса), олардың турмыс қурмаған перзентлериниң дәраматларын да қосыўға болады.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin