Get Mystery Box with random crypto!

Жумыссызлық напақасы кимлерге бериледи? Жергиликли мийнет о | XALÍQ USHÍN ⚖️

Жумыссызлық напақасы кимлерге бериледи?

Жергиликли мийнет органы (биржа труда) тәрепинен жумыссыз деп тән алынған пуқаралар жумыссызлық напақасын алыўға ҳақлы.

Жумыссызлық напақасы пуқараның жасаў жеринде Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры тәрепинен ол жумыс излеўши ретинде дизимге алынған күннен баслап есапланады ҳәм төленеди.

Жумыссызлық напақасы 12 айдың ишинде көби менен 26 календарь ҳәпте даўамында төленеди. Бунда напақа усы айда алдынғы ай ушын төленеди.

Жумыссызлық напақасы төмендеги муғдарларда төленеди:

жумыстан ҳәм ис ҳақысынан ақырғы 12 ай ишинде айырылған пуқараларға – алдынғы жумыс орнындағы орташа айлық ис ҳақының 50% муғдарында төленеди. Бирақ бул сумма мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарынан (1 050 000 сумнан) аз болмаўы ҳәм сол гездеги Өзбекстан бойынша орташа айлық ис ҳақы муғдарынан (4 млн. сум әтирапында) көп болмаўы керек.
Әскерий хызметтен, ишки ислер органларынан, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметинен, Миллий гвардия органларынан ҳәм басқа әскерий хызмет нәзерде тутылған мәкемелерден босатылған пуқаралар да усы муғдарда жумыссызлық напақасын алыўы мүмкин.

жумыстан және ис ҳақысынан айырылған ҳәм бир жылдан артық тәнепистен кейин жумысқа орналасыўға ҳәрекет етип атырған пуқараларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының бир есеси (1 050 000 сум) муғдарында төленеди;

алдын жумыс ислемеген ҳәм биринши мәрте жумыс излеп атырған пуқараларға – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының кеминде 75% муғдарында (787 500 сум) төленеди.

Егер жумыссыз пуқара кеселленсе, напақаны оның жақын туўысқанлары (ата-анасы, өмирлик жолдасы, ер жеткен балалары) ямаса исеним хат арқалы басқа шахслар алыўы мүмкин.

Жумыссызлық напақасын алыў дәуиринде пуқара жумыс излеўи ҳәм жумысқа орналасыў ушын жолламаны ямаса кәсипке таярлаў, қайта таярлаў яки маманлығын арттырыўға жолламаны алыў ушын ҳәр еки ҳәптеде бир мәрте жергиликли мийнет уйымына барып турыўы керек. Бул талаплар кеширимли себеплерсиз орынланбаған жағдайда напақа 3 айға шекемги мүддетге тоқтатылыў ямаса напақаның муғдары кемейтирилиўи мүмкин.

Жумыссызлық напақасынан дәрамат салығы өндирилмейди.

Постты жақынларыңызға тарқатың.

Юристке сораў бериў

Каналға ағза болың
@Xaliq_ushin