Get Mystery Box with random crypto!

Исбилерменлердиң банктеги пулын алып қойғанлық ушын жуўапкерши | KRuz.uz |Рәсмий канал

Исбилерменлердиң банктеги пулын алып қойғанлық ушын жуўапкершилик белгиленди

Президент тәрепинен қол қойылған нызам (ӨРҚ-841) менен бир қатар нызамларға өзгерислер киргизилди. Атап айтқанда:

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске көре, исбилерменлердиң банк есап бетлеринен пул қаржыларын олардың разылығысыз нызамға қарсы түрде өткериў ямаса алып қойыў яки оларды ўақтында қайтармаў, аз муғдарда талан -тараж етиў белгилери болмаған жағдайда БЕМның 20 есесинен 40 есесине шекем (6 млн 600 мың сомнан 13 млн 200 мың сомға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Жынаят кодексине киритилген қосымшаға көре, жоқарыда белгиленген ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин әмелге асырылған болса:

БЕМның 200 есесинен 300 есесине шекем муғдарда жәрийма;

3 жылға шекем арнаўлы ҳуқықтан айырыў;

300 сааттан 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар;

3 жылға шекем этика дүзетиў жумыслары;

3 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.

Бул ҳәрекетлер көп муғдарда зыян жеткерген жағдайда ямаса бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип әмелге асырылған болса, 5 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланыўы мүмкин.

Бул ҳәрекетлер жүдә көп муғдарда зыян жеткерген ҳалда ямаса топар мәплерин гөзлеп әмелге асырылған болса, 7 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланыўы мүмкин.

Нызам үш айдан кейин күшке киреди.

Қарақалпақстандағы ең исенимли сайттың телеграм каналына ағза болың
@KRuzuz