Get Mystery Box with random crypto!

Төрткүлдеги балалар бақшасында еки кәсиплес ортасында жәнжел к | KRuz.uz |Рәсмий канал

Төрткүлдеги балалар бақшасында еки кәсиплес ортасында жәнжел келип шықты

Усы жылдың 10-май күни Төрткүл районындағы 21-санлы балалар бақшасында тәрбияшы болып ислеўши К.Н. (1985-жыл туўылған) ҳәм усы мәкемеде музыкадан сабақ бериўши А.Д.лар (1983-жыл) ортасында жәнжел келип шыққан.

Мәлим етилиўинше, жәндел ўақтында пуқара А.Д. пуқара К.Н.ның үстки кийимлерин жыртып таслағалығы себепли, К.Н. болып өткен ўақыяны өмирлик жолдасы К.М.ға (1986-жыл туўылған) айтқан.

К.М. өзиниң инилери К.Ж. (1992-жыл туўылған) ҳәм К.Б.лар (2002-жыл туўылған) менен мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине келеди ҳәм А.Д.ны урып, оған дене жарақатын жеткереди. Буның ақыбетинде ол районлық медицина бирлеспесине тез жәрдем машинасында алып барылған. Оның денсаўлығы шыпакерлер қадағалаўында.

Ҳәзирги ўақытта жүз берген жағдай бойынша Төрткүл районы Ишки ислер бөлими тәрепинен тергеў алды сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

@KRuzuz