Get Mystery Box with random crypto!

KARAKALPAKISTAN 24 🇬🇦🇬🇦🇬🇦 QARAQALPAQSTAN 24, Қарақалпақ 24, Қарақалпақстан 24

Telegram kanalining logotibi karakalpakistan_24 — KARAKALPAKISTAN 24 🇬🇦🇬🇦🇬🇦 QARAQALPAQSTAN 24, Қарақалпақ 24, Қарақалпақстан 24 K
Telegram kanalining logotibi karakalpakistan_24 — KARAKALPAKISTAN 24 🇬🇦🇬🇦🇬🇦 QARAQALPAQSTAN 24, Қарақалпақ 24, Қарақалпақстан 24
Kanal manzili: @karakalpakistan_24
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 780

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar

2022-08-24 15:45:49 Ассалаўма алейкум дослар. Канал өз искерлигин қайта басласынба?
979 views12:45
Ochish/sharhlash
2021-05-14 14:58:02
Өзбекстан қалаларында автотранспорт қураллары ҳәрекетиниң максимал тезлигин 50 км/саатқа пәсейтиў усыныс етилди

Өзбекстан қалаларында автотранспорт қураллары ҳәрекетиниң максимал тезлигин 50 км/саат, социаллық әҳмийетке ийе объектлер жанында болса 30 км/саатқа шекем шеклеў усыныс етилди.
Бул ҳаққында «Mening fikrim» Жәмийетлик мүрәжатлар порталында жайластырылған мүрәжатта гәп барады, деп жазады «Qalampir.uz».
Хабарда мәлим етилиўинше, мүрәжат авторы жол ҳәрекети қағыйдаларына өзгерислер киритиў арқалы қалаларда рухсат етилген максимал тезликти 50 км/саат, социаллық әҳмийетке ийе объектлер (мектеплер, балалар бақшасы, емлеўханалар ҳәм басқалар) жанында 30 км/саатқа шекем шеклеўди усыныс етпекте.
Автордың ЖДСШне таянып жазыўына қарағанда, автомобиль саатына 30 километр тезликте қорғалмаған жол қатнасыўшысына урылғанда, көп жағдайларда пиядалар аман қалады, ал, автомобиль тезлиги 50 км/ саатта болса олардың көпшилиги қайтыс болыўы мүмкин.

Kanalg'a ag'za bolin'
@KARAKALPAKISTAN_24
11.6K views11:58
Ochish/sharhlash
2021-05-05 14:35:05
АҚШдан Оролбўйи аҳолиси учун 3 млн долларлик гуманитар ёрдам юборилди

АҚШнинг «Project C.U.R.E.» ташкилоти ва «Boeing» компанияси томонидан Қорақалпоғистонинг Оролбўйи ҳудуди аҳолиси учун гуманитар ёрдам юборилди. Хайрия юкида 3 млн долларлик тиббиёт буюмлари ва жиҳозлари, сунъий шамоллатиш мосламалари бор. Бундан ташқари, кейинги гуманитар ёрдамни етказиш учун 100 минг доллар миқдоридаги чек топширилди.

https://kun.uz/50702915

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
10.3K viewsedited  11:35
Ochish/sharhlash
2021-05-05 14:29:22
Нөкистеги балалар бақшасы тәрбияшысында коронавирус анықланды

Нөкис қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық бөлиминиң жуўмағына муўапық, усы жылдың 3-май күни Нөкис қаласындағы 49-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысында бирлемши «COVID-19» инфекциясы анықланған.

ҚР Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Республикалық арнаўлы комиссияның баянламасына тийкар усы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумыслары 3-май сәнесинен баслап 14 күнлик онлайн режимге өткерилген.

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
9.1K viewsedited  11:29
Ochish/sharhlash
2021-05-05 14:03:56
Өзбекстанда урыс ветеринарларына тапсырылыўы режелестилген ақшалай сыйлық Россияға салыстырғанда 8,5 есеге көп

05.05.2021 12:18 73 Жәмийет
Россияда 9-май байрамы мүнәсибети менен Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10 мың рубль (133 доллар) муғдарында бир мәртелик пуллай сыйлық бериледи. Россия пенсия фонды тийисли норманы тастыйықлады, деп жазады Сунаттула Абдуллаев өз мақаласында.

Онда мәлим етилиўинше, бул басқа мәмлекетлер, атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Қазақстанға салыстырғанда жүдә кем.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Пәрманы менен Екинши жәҳән урысы қатнасыўшылары ҳәм майыплары 12 млн (1140 доллар) муғдарында бир мәртелик пул менен сыйлықланатуғынлығы белгиленди. Бул Россияда белгиленген пул сыйлығынан 8,5 есеге көп
.

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
7.4K viewsedited  11:03
Ochish/sharhlash
2021-05-05 13:13:20
Сайлаў кодексиниң айырым статьяларына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиледи

04.05.2021 22:15 123 Жәмийет
Нызамшылық палатасы 4-май күни Сайлаў кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиўге байланыслы нызам жойбарын биринши оқыўда қабыл етип, Сенатқа жиберди, деп хабар бермекте «Газета.uz».

Жойбарға бола, Сайлаў кодексиниң 11 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киритилиўи күтилмекте.

Киритилип атырылған өзгерислер қатарында — жоқары турыўшы сайлаў комиссияларының ўәкилликлеринен төменги турыўшы сайлаў комиссияларының ҳәрекетлери ҳәм қарарлары бойынша берилетуғын арзаларды көрип шығыўды шығарып таслаўы нәзерде тутылмақта.


@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
6.0K viewsedited  10:13
Ochish/sharhlash
2021-05-02 19:03:26
Беруний районындағы "Ҳәсиретли ана" естелиги жанынан "Аўғанстан урысы" қатнасыўшылары естелигине арнап монумент орнатылмақта.

Монументтиң ашылыўы 9-май сәнесине
режелестирилген.

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
5.1K viewsedited  16:03
Ochish/sharhlash
2020-12-05 13:07:14
Кадастр агентлиги басшыларының 61 пайызы аттестациядан өте алмаған

Усы жылдың ноябрь айында Президент қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кадастр агентлигиниң жәми 346 басшылары аттестациядан өткерилди.

Нәтийжеде 24% аттестациядан өткен, 15% шәртли өткен болса 61% басшылар аттестациядан өте алмағанлығы мәлим болды.

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
6.8K views10:07
Ochish/sharhlash
2020-12-05 13:03:12
Өзбекстан волонтёрлары ассоциациясы шөлкемлестирилди.

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
6.1K views10:03
Ochish/sharhlash
2020-11-11 20:21:07
Азық-аўқат өнимлериниң қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары инсан денсаўлығы ушын қәўипсиз яки зыянлы екенлигин көрсетиўши белгилер менен тамғаланады. Бунда:

2021 жыл 1 июлдан:
● азық-аўқат өнимлерин тамғалаў қәлеўли тәризде әмелге асырылады;
● тәлим, спорт ҳәм медицина мекемелеринде қәўипсизлик белгиси менен тамғаланбаған азық-аўқат өнимлерин сатыўға жол қойылмайды ҳәмде бундай өнимлерди реализация қылыў саўда қағыйдаларын бузыў сыпатында баҳаланады.

2025 жыл 1 январдан республикаға сатыў ушын алып кирилетуғын ҳәм жергиликли ислеп шығарылатуғын азық-аўқат өнимлери олардың инсан денсаўлығы ушын қәўипсиз яки зыянлы екенлигин көрсетиўши белгилер менен мәжбүрий тәртипте тамғаланады.

Азық-аўқат өнимлериниң инсан денсаўлығы ушын қәўипсиз яки зыянлы екенлигин белгилеў мәмлекет санитария бақлаўы органлары тәрепинен әмелге асырылады.

Ҳүжжет ҳаққындағы толық мағлыўмат пенен www.lex.uz сайты арқалы танысыў мүмкин.

Ең соңғы хабарларға ағза болың ҳәм жақынларыңызға да үлесиң
ЕҢ СОҢҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР КАНАЛЫ
5.6K viewsedited  17:21
Ochish/sharhlash