Get Mystery Box with random crypto!

Нөкистеги балалар бақшасы тәрбияшысында коронавирус анықланды | KARAKALPAKISTAN 24 🇬🇦🇬🇦🇬🇦 QARAQALPAQSTAN 24, Қарақалпақ 24, Қарақалпақстан 24

Нөкистеги балалар бақшасы тәрбияшысында коронавирус анықланды

Нөкис қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық бөлиминиң жуўмағына муўапық, усы жылдың 3-май күни Нөкис қаласындағы 49-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысында бирлемши «COVID-19» инфекциясы анықланған.

ҚР Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Республикалық арнаўлы комиссияның баянламасына тийкар усы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумыслары 3-май сәнесинен баслап 14 күнлик онлайн режимге өткерилген.

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g