Get Mystery Box with random crypto!

Азық-аўқат өнимлериниң қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары инс | KARAKALPAKISTAN 24 🇬🇦🇬🇦🇬🇦 QARAQALPAQSTAN 24, Қарақалпақ 24, Қарақалпақстан 24

Азық-аўқат өнимлериниң қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары инсан денсаўлығы ушын қәўипсиз яки зыянлы екенлигин көрсетиўши белгилер менен тамғаланады. Бунда:

2021 жыл 1 июлдан:
● азық-аўқат өнимлерин тамғалаў қәлеўли тәризде әмелге асырылады;
● тәлим, спорт ҳәм медицина мекемелеринде қәўипсизлик белгиси менен тамғаланбаған азық-аўқат өнимлерин сатыўға жол қойылмайды ҳәмде бундай өнимлерди реализация қылыў саўда қағыйдаларын бузыў сыпатында баҳаланады.

2025 жыл 1 январдан республикаға сатыў ушын алып кирилетуғын ҳәм жергиликли ислеп шығарылатуғын азық-аўқат өнимлери олардың инсан денсаўлығы ушын қәўипсиз яки зыянлы екенлигин көрсетиўши белгилер менен мәжбүрий тәртипте тамғаланады.

Азық-аўқат өнимлериниң инсан денсаўлығы ушын қәўипсиз яки зыянлы екенлигин белгилеў мәмлекет санитария бақлаўы органлары тәрепинен әмелге асырылады.

Ҳүжжет ҳаққындағы толық мағлыўмат пенен www.lex.uz сайты арқалы танысыў мүмкин.

Ең соңғы хабарларға ағза болың ҳәм жақынларыңызға да үлесиң
ЕҢ СОҢҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР КАНАЛЫ