Get Mystery Box with random crypto!

Өзбекстан қалаларында автотранспорт қураллары ҳәрекетиниң макс | KARAKALPAKISTAN 24 🇬🇦🇬🇦🇬🇦 QARAQALPAQSTAN 24, Қарақалпақ 24, Қарақалпақстан 24

Өзбекстан қалаларында автотранспорт қураллары ҳәрекетиниң максимал тезлигин 50 км/саатқа пәсейтиў усыныс етилди

Өзбекстан қалаларында автотранспорт қураллары ҳәрекетиниң максимал тезлигин 50 км/саат, социаллық әҳмийетке ийе объектлер жанында болса 30 км/саатқа шекем шеклеў усыныс етилди.
Бул ҳаққында «Mening fikrim» Жәмийетлик мүрәжатлар порталында жайластырылған мүрәжатта гәп барады, деп жазады «Qalampir.uz».
Хабарда мәлим етилиўинше, мүрәжат авторы жол ҳәрекети қағыйдаларына өзгерислер киритиў арқалы қалаларда рухсат етилген максимал тезликти 50 км/саат, социаллық әҳмийетке ийе объектлер (мектеплер, балалар бақшасы, емлеўханалар ҳәм басқалар) жанында 30 км/саатқа шекем шеклеўди усыныс етпекте.
Автордың ЖДСШне таянып жазыўына қарағанда, автомобиль саатына 30 километр тезликте қорғалмаған жол қатнасыўшысына урылғанда, көп жағдайларда пиядалар аман қалады, ал, автомобиль тезлиги 50 км/ саатта болса олардың көпшилиги қайтыс болыўы мүмкин.

Kanalg'a ag'za bolin'
@KARAKALPAKISTAN_24