Get Mystery Box with random crypto!

KARAKALPAKISTAN 24 🇬🇦🇬🇦🇬🇦 QARAQALPAQSTAN 24, Қарақалпақ 24, Қарақалпақстан 24

Telegram kanalining logotibi karakalpakistan_24 — KARAKALPAKISTAN 24 🇬🇦🇬🇦🇬🇦 QARAQALPAQSTAN 24, Қарақалпақ 24, Қарақалпақстан 24 K
Telegram kanalining logotibi karakalpakistan_24 — KARAKALPAKISTAN 24 🇬🇦🇬🇦🇬🇦 QARAQALPAQSTAN 24, Қарақалпақ 24, Қарақалпақстан 24
Kanal manzili: @karakalpakistan_24
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 780

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar 2

2020-11-10 01:51:01
10-НОЯБРЬ СӘНЕСИНДЕГИ БАЙРАМЛАР. ЖАҚЫНЛАРЫҢЫЗДЫ БИРИНШИЛЕРДЕН БОЛЫП ҚУТЛЫҚЛАҢ.

10-Ноябрь - Пүткил дүня жүзлик жаслар күни. (1945-ж)

10-ноябрь - Халықаралық Бухгалтерия күни

10-ноябрь - Россия Федерациясында Милиция хызметкерлери күни

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
4.8K views22:51
Ochish/sharhlash
2020-10-25 22:47:05
Кегейлиде үш егизек туўылды, үшеўи де қыз…

Кегейли районы «Жаңабазар» АПЖ турғыны Шуренбаев Ҳәмидтиң шаңарағында үш егизек перзент дүньяға келди. Үшеўи де қыз.Қызларға жақсы нийет пенен Айгерим, Аяўлым ҳәм Улдана деп ат қойылды.
Ҳәзирде қызлар, олардың анасының денсаўлығы жақсы екенлиги айтылмақта. Бул ҳаққындаМинистрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети хабар берген.


@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
4.5K views19:47
Ochish/sharhlash
2020-10-14 14:37:34 Жаңалық: 1-декабрьден баслап қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша миллий тест системасы енгизиледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 12-октябрьдеги №646 қарарына муўапық, 2020-жыл 1-декабрьден баслап басқышпа-басқыш бакалавриат тәлим бағдарларына сәйкес пәнлер комплексиндеги улыўма билим бериў пәнлеринен билиў дәрежесин баҳалаўдың миллий тест системасы енгизиледи.

Қарарға муўапық, 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўынан баслап тийисли улыўма билим бериў пәнин (шет тили буған кирмейди) билиў дәрежеси ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги сертификатқа ийе болған абитуриентке сертификаттағы өзлестириў процентине сәйкес рәўиште жоқары оқыў орнының бакалавриатына оқыўға қабыллаў бойынша тест сынақларында усы пәннен белгиленген максимал баллға салыстырғанда пропорционал балл бериў тәртиби енгизиледи.

Улыўма билим бериў пәнлери бойынша сертификатлаў төмендеги мүддетлерде енгизиледи:

- 2020-жыл 1-декабрьде ана тили ҳәм әдебияты (өзбек тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты) және математика пәнлери бойынша;

- 2021-жыл 1-февральда химия ҳәм биология пәнлери бойынша;

- 2022-2024-жылларда физика, география ҳәм тарийх пәнлери бойынша.

Сертификат бериў ушын дүзилетуғын тест сынақлары Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен ислеп шығылады.

Сертификат бериў ушын талабаннан арза берилген күндеги базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси муғдарында төлем өндириледи.

Сертификат тест сынағы нәтийжеси бойынша ең жоқары баллдың кеминде 60 процентин топлаған адамларға 3 жыллық мүддетке бериледи.

Талабан тест сынағында қатнасыў ушын Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында дизимге алынады ҳәм жеке кабинети арқалы керекли ҳүжжетлерди жүклейди.

Тест сынағы бланкаларда ямаса компьютерде (онлайн платформада) алыныўы мүмкин.

Сертификат тест сынағынан жақсы нәтийжеге ерискен талабанға тест сынағы нәтийжелери жәрияланған күннен баслап бир ҳәпте даўамында Мәмлекетлик тест орайы директорының буйрығы тийкарында электрон формада бериледи. Талабан сертификатты жеке кабинети арқалы жүклеп алыўы мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Хабар агентлиги

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
4.2K views11:37
Ochish/sharhlash
2020-10-08 17:33:44
Ɵзбекстанда ŠKODA автомобили сатыўға шығарылады

2020-жыл октябрь айында «Жиззақ авто» МЧЖ «Фолксваген» концернине тийисли ŠKODA брендин усынады. Бул ҳаққында "Ўзавтосаноат" АЖ мəлимлеме хызмети хабар бермекте.

ŠKODA KODIAQ еки түрли комплектацияда усыныс етиледи: бес орынлы Ambition ҳəм жети орынлы Style. Жергиликли базар ушын бул модель сыйымлылығы 2 литрли, қуўатлылығы 180 ат күшине ийе болған турбо двигатель, жети басқышлы автоматластырылған ең соңғы əўлад DSG қутысы, панорама ҳəм люк пенен усыныс етиледи.

Дəслепки автомобиллерди жеткерип бериў усы жылдың ноябрь айында əмелге асырыў режелестирилген.


Қарақалпағыстан Республикасы Министрлер Кеңеси

@KARAKALPAKISTAN_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
3.5K views14:33
Ochish/sharhlash
2020-10-08 10:37:34
Канал: @Karakalpakistan_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
3.2K views07:37
Ochish/sharhlash
2020-10-08 09:58:51 «Кегейли» магистрал каналының Шымбай районы орайынан ағып өтетуғын 2,5 километрлик бөлегин бетонлаў жумыслары 2020-жылдың инвестициялық бағдарламасына киргизилген болып, ҳәзирги ўақытта «Бунёдкор Мерос» ЖШЖ тәрепинен усы жерде қурылыс жумыслары алып барылмақта.

ҚР Суў хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, қурылыс жумысларына 30 қурылысшы, 3 эксковатор, 4 «МАН» маркалы жүк тасыў автомашинасы, 1 топырақты нығызлаўшы арнаўлы механизм қатнаспақта.

«Кегейли» магистрал каналының Шымбай районы орайынан ағып өтетуғын бөлеги толық бетонластырылғаннан соң каналда суў сиңиўи азаяды, соның менен бирге, аймақтағы халықтың да бир неше машқаласы шешиледи. Өйткени, усы каналдың вегетация дәўиринде толып ағыўы район орайындағы «Жипек жолы» ҳәм «Көкше қала» МПЖлары аймағында изей суўлардың көтерилиўине алып келетуғын еди.

2020-2022-жыллар даўамында усы каналды реконструкциялаў ҳәм қурылыс жумысларын алып барыўға улыўма 11 млрд 130 млн сум ажыратылыўы белгиленген. Әмелге асырылып атырған жумыслардан Шымбай районы халқы, әсиресе, каналға жақын аймақларда жасайтуғын адамлардың кеўли толмақта.


Канал: @Karakalpakistan_24

Каналға қосылың
https://t.me/joinchat/AAAAAFXuyfpCtpa5E6Xh3g
3.1K views06:58
Ochish/sharhlash
2020-10-08 09:58:18
«Кегейли» каналының Шымбай районы орайынан ағып өтетуғын бөлегин бетонлаў жумыслары әмелге асырылмақта

Толық мағлыўмат төменде
2.8K views06:58
Ochish/sharhlash