Get Mystery Box with random crypto!

IYMAN.UZ

Telegram kanalining logotibi iman_nur — IYMAN.UZ I
Telegram kanalining logotibi iman_nur — IYMAN.UZ
Kanal manzili: @iman_nur
Toifalar: Din
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.93K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 3

2022-08-16 05:27:12
#хош_хабар
#жаңалық

Районымызда және бир мешиттиң қазығы қағылыўы алдында

Мешитлеримиз саны көбейип, жаңадан мешитлердиң ашылып атырғанлығы бәршемизди бирдей қуўанышқа бөлейди.

Мине, усындай қайырлы ислердиң даўамы сыпатында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Баҳауддинов ҳәм оның орынбасары И.Шерниязов Шымбай районы «Қызыл өзек» АПЖ аймағына келип, сол жердеги аўыл турғынлары, жасы үлкенлери менен ушырасып сол аймаққа қурылажақ мешиттиң орнын көрип, оның қурылысы ҳаққында сәўбетлесип қайырлы дуўалар қылынды.

Жақынларыңыз бенен бөлисиң!

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur
839 views02:27
Ochish/sharhlash
2022-06-30 04:22:43 #мағлыўмат

ЗУЛҲИЖЖА АЙЫ КИРИП КЕЛДИ.
БУЛ АЙДА ҚАНДАЙ ӘМЕЛЛЕР ОРЫНЛАНАДЫ?

"Зулҳижжа" сөзи қандай мәнисти аңлатады?
«Ҳаж ийеси» деген мәнисти билдиреди.

Зулҳижжа айы қандай ай?
Бул ай Аллаҳ таъала урыс, қан төгиўди ҳарам қылған (Зулҳижжа, Зулқаъда, Муҳаррам, Ражаб) төрт айдың бири, ҳижрий-қамарий айдың ақырғы айы.

Зулҳижжа айы қандай пазыйлетлерге ийе?
Ҳаж ибадаты орынланатуғын, қурбанлық қылынатуғын, Арафа ҳәм Қурбан ҳайыты белгиленетуғын ай. Бул айда, әсиресе оның дәслепки он күнинде қылынған ибадатлар Аллаҳ таъала ушын ең сүйкимли әмеллерден болып есапланады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Зулҳижжа айының он күниндеги әмелден көре абзалрақ әмел жоқ», деген. (Имам Ибн Ҳиббан рәўияты).

Бул айда тутылатуғын ораза еки жыллық гүналарға каффарат болады.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Арафа күниниң оразасы өзинен алдынғы бир жыл ҳәм өзинен кейинги бир жылдың гүналарына каффарат болыўын Аллаҳтан үмит қыламан», деген. (Имам Муслим рәўияты).

Зулҳижжа айын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қалай өткеретуғын еди?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Зулҳижжа айының дәслепки тоғыз күнинде, Ашуро күнинде ҳәм ҳәр айдан үш күн – айдың әўелги дүйшембиси менен менен еки пийшембисинде – ораза тутатуғын еди. (Имам Аҳмад рәўияты).

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам еледе көбирек зикир қылатуғын еди ҳәм: «…Бул күнлерде таҳлил (Ләә иләәҳә иллаллаҳ Муҳаммадур Расулуллаҳ), тәкбир (Аллаҳу әкбар) ҳәм таҳмид (Әлҳәмдүлилләҳ) айтыўды көбейтиң!» дейтуғын еди. (Имам Аҳмад, Имам Байҳақий рәўияты).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усы дуўаны көп айтатуғын еди: «Ләә иләәҳә иллаллаҳу ўаҳдаҳу ләә шәәрийкә ләҳў, ләҳўл мүлкў ўә ләҳўл ҳәмдў ўә ҳүўә ъалә күлли шәйиң қодийр». (Имам Термизий рәўияты).

Жақынларыңыз бенен бөлисиң!

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur
677 viewsedited  01:22
Ochish/sharhlash
2022-06-30 04:18:52 #намаз_ўақытлары

Бүгин 30-июнь ҳәптениң пийшемби күни

Зулҳижжа айының 1-сәнеси

Зулҳижжа айы бәршемизге мүбәрек болсын!



Шымбай ўақты менен намаз ўақытлары

Таң - 03:38
Қуяш - 05:25
Песин - 13:05
Намазлыгер - 18:23
Шам - 20:44
Қуптан - 22:30

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur
522 viewsedited  01:18
Ochish/sharhlash
2022-06-30 04:16:55
Ассаламу алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ!!!

Зулҳижжа айының биринши таңы дуўалар менен баслансын!

Аллаҳим, дуўасында Сеннен пана сорап атырған мазлумлар бар...

Тынышлық, аманлық қәлеп атырғанлар,

Жақсы хабар күтип атырғанлар,

Ырысқы-несийбе күтип атырғанлар бар...

Зулхижжа айы шарапаты менен олардың бәршесин мурадына жеткиз, Аллаҳим...

Шыпа, тынышлық, аманлық ҳәм ырысқы сорағанларды хош хабарың менен сыйла, Аллаҳим...

Аллаҳим, ели тыныш емес бенделериңди панаңа ал... елине тынышлық, турақлылық несип ет... Жаманларға инсап бер...

Бизлердиң ийманымызды пүтин, ҳүжданымызды пәк қыл...

Ата-анамыз, шаңарағымыз ҳәм бәрше жақынларымызды панаңда асыра, Аллаҳим!

Руўхымызға қәтержамлық, ибадатымызға кәмиллик бер.

Бүгинимиз ибадат ҳәм қабыл болатуғын дуўаларға бай болсын.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

Жақынларыңыз бенен бөлисиң!

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur
594 views01:16
Ochish/sharhlash
2022-06-29 07:48:36
#намаз_ўақытлары

Бүгин 29-июнь ҳәптениң сәршемби күни

Зулқаъда айының 30-сәнеси



Шымбай ўақты менен намаз ўақытлары

Таң - 03:38
Қуяш - 05:25
Песин - 13:04
Намазлыгер - 18:23
Шам - 20:44
Қуптан - 22:31

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur
683 viewsedited  04:48
Ochish/sharhlash
2022-06-29 04:18:59
Ассаламу алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ!

Ҳақ таъала және бир күн берди. Әлҳамдулилләҳ.

Саў-саламат оятқан Рәббимизге шүкирлер болсын.

Аллаҳим күнимизди қайырлы ҳәм берекетли қылсын!

Усы күнде Өзи ырза болатуғын әмеллерди қылыў несип етсин.

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur
649 views01:18
Ochish/sharhlash
2022-06-28 18:28:31 #мағлыўмат

Зулҳижжа айының дәслепки он күниниң пазыйлети

Аллаҳ таъала базы ай-күнлерди басқасынан пазыйлетли қылып, оларда қылынған ибадатлардың саўапларын көбейтип бериўин ўәде қылған. Сондай пазыйлетли, ғәнимет күнлерден бири “Зулҳижжа” айының дәслепки он күнлиги.

Аллаҳ таъала Фажр сүресинде мынандай дейди:
وَالْفَجْر وَلَيَالٍ عَشْر وَالشَّفْعِ وَالْوَتْرِ
«Ант етемен, таң (ўақты) менен. «Он түн» менен, жуп ҳәм тақ пенен (нәрселер менен) (Фажр, 1-3 ).

«Баянул Қуръан» шығармасында аяттың тафсиринде төмендеги сөзлер ушырайды: ««Жуп пенен ант етемен” деги “жуп”тан мурат, Зулҳижжа айының оныншы күни, “тақ”тан мурат болса тоғызыншы күни” (12-бет).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: аяттағы «он түн менен ант етемен»нен Зулҳижжаның он күни, “тақ”тан болса, Зулҳижжаның тоғызыншы күни, “жуп”тан болса, Зулҳижжаның оныншы күни қәленген, деген. («Хитабатул аҳком», 146-бет).

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Набий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ибадат қылынатуғын бирде-бир күн Зулҳижжаның он күнинен Аллаҳ таъалаға сүйикли емес. Ондағы ҳәр бир күнниң оразасы бир жылға барабар. Ондағы ҳәр бир түнде турыў Қәдир түнинде турыў менен барабар» деди». Термизий ҳәм Ибн Мажа рәўиятлары.

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ таъала наздинде бирде-бир күн ҳәм ол(күн)лердеги әмел усы он күн (ҳәм оларда қылынған әмел)ден абзал (ҳәм) Аллаҳ азза ҳәм жаллаға сүийкли емес. Сонда, ол(күн)лерде таҳлил ҳәм такбирди көбейтиңлер. Себеби, ол(күн)лер таҳлил, такбир ҳәм Аллаҳ таъалаға зикр (айтылатуғын) күнлер ҳәм ол(күнлер)ден бир күниниң оразасы бир жылғы оразаға барабар. Ол(күн)лерде қылынған әмел жети жүз барабарына тең болады», деди» («Дурри мансур», «Хитабатул аҳком»). Байҳақий рәўият қылған.

"Таҳлил ҳәм такбир" деген "Аллаҳу әкбәр, Аллаҳу әкбәр, Ләә иләәҳә иллаллаҳу Ўаллаҳу әкбәр, Аллаҳу әкбәр ўа лилләәҳил ҳамд" деп айтыў.

Усы он күнниң пазыйлети туўрысында жүдә көплеген ҳәдислер рәўият етилген. Жоқарыдағы ҳәдислерден Зулҳижжаның дәслепки тоғыз күнинде, күндизлерин ораза менен, түнлерин болса, уйқысыз өткизиўге ҳәрекет қылыў лазым екенлиги келип шығады. Бул күнлер арасында тоғызыншы күнде тутылған ораза ең әҳмийетли ҳәм пазыйлетли есапланады. Сондай-ақ, бул түнде ояў болыўдың пазыйлети уллырақ. Себеби, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким еки ҳайт түнин саўап талап қылған ҳалатта уйқысыз өткизсе, қәлблер өлетуғын күни оның қәлби өлмейди», деди». Ибн Мажа рәўияты.

Алымлар «Зулҳижжа айының дәслепки он күни абзалма яки Рамазан айының ақырғы он күниме?» деган сораў туўрысында қарама-қарсылық еткен.

Абдулҳақ Деҳлавий раҳматуллаҳи алайҳ: «Зулҳижжа айының дәслепки он күниниң күндизи, Рамазан айының ақырғы он күниниң түни абзал есапланады. Аллаҳ Билиўши», деген.

Әбиў Қатада разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Набий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳтан үмит етемен, Арафа күни оразасы өткен жылғы ҳәм келеси жылдағы (гүналарға) каффарат болады!», деген. Муслим, Термизий, Ибн Мажа, Ибн Хузайма, Ибн Ҳиббан ҳәм Байҳақий рәўият қылған.



Тақвимге көре, усы жылы Зулҳижжа айының биринши күни, инша Аллаҳ 30 июньға, айдың шығыўына қарап (+/-) бир күнге өзгериўи мүмкин.
Арафа күни, яғный Зулҳижжа айының 9-күни 8-июльге,
Қурбан ҳайыты күни болса, яғный Зулҳижжа айының 10-күни - 9-июль 2022-жыл күнине туўры келиўи мүмкин. Аллаҳ Билиўши.

Қәдирли күнлердиң қунын билип, оларды жақсылықлар ҳәм ибадатлар пенен өткизиў бәршемизге несип етсин.

Жақынларыңыз бенен бөлисиң!

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur
698 viewsedited  15:28
Ochish/sharhlash
2022-06-28 18:28:15
660 views15:28
Ochish/sharhlash
2022-06-27 19:45:32
#әҳмийетли #видео_ролик

ПАЛКЕРГЕ БАРЫП, АЎЫР ГҮНАҒА ҚОЛ УРМАҢ!!!

Устаз ШАМСУДДИН БАҲАУДДИНОВ

https://t.me/paziyletuz
841 views16:45
Ochish/sharhlash
2022-06-27 11:07:50
МУФТИЙ ҲӘЗИРЕТТИҢ ӘНДИЖАН, НАМАНГАН ҲӘМ ФЕРҒАНАЛЫ ЗИЯРАТШЫЛАР МЕНЕН УШЫРАСЫЎЫ

Youtube | Tas-ix | Facebook | Instagram

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасѳз хызмети
Muslim.uz
#Ҳаж2022
@muslimuzportal | @mp3muslim | @diniysavollar
808 views08:07
Ochish/sharhlash