Get Mystery Box with random crypto!

IYMAN.UZ

Telegram kanalining logotibi iman_nur — IYMAN.UZ I
Telegram kanalining logotibi iman_nur — IYMAN.UZ
Kanal manzili: @iman_nur
Toifalar: Din
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.93K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2022-08-25 17:25:51 #ҳәдис

АТА-АНАМЫЗҒА ҲӘР БИР НӘЗЕРИМИЗДИҢ ӨЗИНДЕ БИР ҲАЖДЫҢ САЎАБЫ БАР ЕКЕН...

Абдуллаҳ ибн Аббас разыяллаҳу анҳу
Пайғамба­рымыз алайҳиссаламнан рәўият етеди:

-"Қайсы бир жақсы перзент ата-анасының жүзине меҳир менен қараса, Аллаҳ таала оның ҳәр бир нәзерине бир ҳаж қылғанның саўабын береди.

Саҳабалар:
- "Я Расулуллаҳ, бир күнде жүз мәрте қараса жүз ҳаждың саўабы бериле береме?", деди.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә саллам:
- "Әлбетте, Аллаҳ таала мийирманшылығы кең, жақсы бенделерине саўапларды береди", деп жуўап берди.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!https://t.me/iman_nur
711 views14:25
Ochish/sharhlash
2022-08-25 17:23:43 #ҳәдис

УСЫНЫС

«Ибн Умар разыяллаҳу анҳудың рәўият қылғанына көре Расулуллаҳ алайҳиссалам айтты:
«Ким дуўасы қабыл болыўын ҳәм ғам-қайғыларының кетиўин қәлесе, қыйын жағдайдағы бир кисини қуўантсын».

«Суананы Термизийден»

Жағдайы төмен, мүтәжликтен қыйналып атырған адамға көрсетилген жәрдем Аллаҳ тааланың алдында қабыл болыўшы әмеллерден. Аллаҳ бундай қайыршылдан разы болады. Сыйлық сыпатында оны ғам-қайғыдан, машқаласынан қутқарады. Қылған дуўасын қайтармайды, қабыл етеди.

«Ғам-қайғысыз жасайман десең (өксинбе)» китабынан.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз:https://t.me/iman_nur
735 views14:23
Ochish/sharhlash
2022-08-20 20:19:26
Президентимиздиң Саудия Арабстанына сапары ҳәм Умра ибадатындағы ең умытылмас демлер
(Толық видео)

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/alberuniyuz
1.3K views17:19
Ochish/sharhlash
2022-08-19 08:15:24 Жума күниңиз мүбәрек болсын!

Ҳәпте ишинде түрли күн
Түрли сәҳәр, түрли түн
Ең муқаддес нурлы күн
Жума мүбәрек, уллы күн.

Аллаҳым, жума күнинде сеннен жеңиллик, қуўаныш күтип турған бенделериң бар, оларға хош хабар бер.

Сениң мийримиңнен үмит еткенлер бар, оларға рейим ет.

Сеннен шыпа сорағанлар бар, оларға шыпа бер.

Ҳақларына жақсы дуўалар күтип атырған марҳумлар бар, олардың гүналарын әпиў ет.

Аллаҳым, жума күнинде бизлерди, ата-аналарымызды, биз жақсы көрген адамларды гүналары әпиў етилгенлерден, олардан разы болынғанлардан, жәннетий деп жазылғанлардан қылагөр!!! Әмийн!

ЖУМА МҮБӘРЕК БОЛСЫН!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

t.me/iman_nur
1.3K views05:15
Ochish/sharhlash
2022-08-18 18:51:04
#ҳәдис

Қарыз берген адам ҳәр бир күни ушын берген қарызының көлеминдей садақаның саўабын алады!

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким қыйыншылыққа ушыраған жақынына қарыз берсе, қарызды төлейтуғын ўақыт жеткенге шекем оған ҳәр күни ушын берген қарызының көлеминдей садақа бергенниң саўабы жазылады. Ал, егер ол қарыз төлейтуғын ўақыт жеткенде, келискен ўақытын созыўға руқсат берсе, онда қарызды төлегенге шекем ҳәр күни ушын берген қәрежетинен еки есе пулды садақа бергенниң саўабын алады", - деген.




Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
874 views15:51
Ochish/sharhlash
2022-08-18 09:13:25 Ақырет сыйлығы жақсырақ
Аллаҳ тааланың сөзи: "Шырайлы ислерди қылғанлар ушын бул дүньяда шырайлы (Сыйлықлар) бар. Әлбетте, ақырет үлкеси және де жақсырақ".
Сыйлық еки түрли болады, дүнья сыйлығы ҳәм ақырет сыйлығы.

t.me/iman_nur
825 viewsedited  06:13
Ochish/sharhlash
2022-08-17 18:59:40
Шавкат Мирзиёев Масжидун Набаўийге келип, еки рәкат намаз оқыды,  Өзбекстан халқына тынышлық ҳәм пәраўанлық тилеп дуўа қылды.

Дерек: https://t.me/uza_uz/63583

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспа сөз хызмети

Muslim.uz
@muslimuzportal | @mp3muslim | @diniysavollar

#ПРЕЗИДЕНТ #МАДИНА  #ЗИЁРАТ #МУФТИЙ
#САУДИЯ_АРАБИСТОН
717 views15:59
Ochish/sharhlash
2022-08-17 17:58:55
ПРЕЗИДЕНТИМИЗ САПАРДЫ МАДИНАИ МУНАЎЎАРА ЗЫЯРАТЫНАН БАСЛАДЫ

Саудия Арабстаны Патшасы Салман бин Абдулазиз Әл Саудтың мирәтнамасына гөре сол мәмлекетке барған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев сапарды Мадинаи Мунаўўара зыратынан баслады. Журтбасшымыз Мадина қаласында дәбдебели тәризде күтип алынды.

Зыярат даўамында мәмлекетимиз басшысына Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, ҳәзирети муфтий Нуриддин устаз ҳәм ҳүкимет ўәкиллери жолдаслық қылмақта.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспасөз хызмети

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: t.me/nasiyatuz
Instagram каналымыз: instagram
Youtube каналымыз: Youtube
Facebook каналымыз: Facebook
776 views14:58
Ochish/sharhlash
2022-08-16 17:42:50
Саудия Арабстаны сапары алдынан Муфтий ҳәзиретиниң жақсы тилеклери

Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспа сөз хызмети

https://t.me/paziyletuz
705 views14:42
Ochish/sharhlash
2022-08-16 14:17:52
​​#ДАҒАЗА #КИРИЎ_ИМТИХАНЛАРЫ
#ҚАБЫЛЛАЎ-2022

Орта арнаўлы Ислам билим журтларына кириў ушын тест сынақлары өткерилетуғын сәне белгили болды.

Өзбекстан мусылманлар басқармасы қурамындағы орта арнаўлы Ислам билим журтларына оқыўға қабыл етиў бойынша тест сынақлары 23-август күни 07:00 де басланады.

Тест сынақлары Республика бойынша ашық майданларда өткериледи:

Қарақалпақстан Республикасы –Нөкис олимпиа колледжи (1-сектор);

Талабанлардан тест сынағы өткерилетуғын аймаққа пуқаралығын тастыйықлаўшы ҳүжжет ҳәм тест сынағында қатнасыў ушын РУҚСАТНАМА менен келиўи соралады.

Абитуриентлердиң тест сынағында қатнасыў ушын руқсатнаманы алыў бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.

Дерек: https://t.me/qabulmuslimuz

Каналымыз: https://t.me/alberuniyuz
697 views11:17
Ochish/sharhlash