Get Mystery Box with random crypto!

Ассаламу алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ!!! Зулҳижжа айы | IYMAN.UZ

Ассаламу алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ!!!

Зулҳижжа айының биринши таңы дуўалар менен баслансын!

Аллаҳим, дуўасында Сеннен пана сорап атырған мазлумлар бар...

Тынышлық, аманлық қәлеп атырғанлар,

Жақсы хабар күтип атырғанлар,

Ырысқы-несийбе күтип атырғанлар бар...

Зулхижжа айы шарапаты менен олардың бәршесин мурадына жеткиз, Аллаҳим...

Шыпа, тынышлық, аманлық ҳәм ырысқы сорағанларды хош хабарың менен сыйла, Аллаҳим...

Аллаҳим, ели тыныш емес бенделериңди панаңа ал... елине тынышлық, турақлылық несип ет... Жаманларға инсап бер...

Бизлердиң ийманымызды пүтин, ҳүжданымызды пәк қыл...

Ата-анамыз, шаңарағымыз ҳәм бәрше жақынларымызды панаңда асыра, Аллаҳим!

Руўхымызға қәтержамлық, ибадатымызға кәмиллик бер.

Бүгинимиз ибадат ҳәм қабыл болатуғын дуўаларға бай болсын.

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

Жақынларыңыз бенен бөлисиң!

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur