Get Mystery Box with random crypto!

#мағлыўмат Зулҳижжа айының дәслепки он күниниң пазыйлети Алл | IYMAN.UZ

#мағлыўмат

Зулҳижжа айының дәслепки он күниниң пазыйлети

Аллаҳ таъала базы ай-күнлерди басқасынан пазыйлетли қылып, оларда қылынған ибадатлардың саўапларын көбейтип бериўин ўәде қылған. Сондай пазыйлетли, ғәнимет күнлерден бири “Зулҳижжа” айының дәслепки он күнлиги.

Аллаҳ таъала Фажр сүресинде мынандай дейди:
وَالْفَجْر وَلَيَالٍ عَشْر وَالشَّفْعِ وَالْوَتْرِ
«Ант етемен, таң (ўақты) менен. «Он түн» менен, жуп ҳәм тақ пенен (нәрселер менен) (Фажр, 1-3 ).

«Баянул Қуръан» шығармасында аяттың тафсиринде төмендеги сөзлер ушырайды: ««Жуп пенен ант етемен” деги “жуп”тан мурат, Зулҳижжа айының оныншы күни, “тақ”тан мурат болса тоғызыншы күни” (12-бет).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: аяттағы «он түн менен ант етемен»нен Зулҳижжаның он күни, “тақ”тан болса, Зулҳижжаның тоғызыншы күни, “жуп”тан болса, Зулҳижжаның оныншы күни қәленген, деген. («Хитабатул аҳком», 146-бет).

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Набий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ибадат қылынатуғын бирде-бир күн Зулҳижжаның он күнинен Аллаҳ таъалаға сүйикли емес. Ондағы ҳәр бир күнниң оразасы бир жылға барабар. Ондағы ҳәр бир түнде турыў Қәдир түнинде турыў менен барабар» деди». Термизий ҳәм Ибн Мажа рәўиятлары.

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳ таъала наздинде бирде-бир күн ҳәм ол(күн)лердеги әмел усы он күн (ҳәм оларда қылынған әмел)ден абзал (ҳәм) Аллаҳ азза ҳәм жаллаға сүийкли емес. Сонда, ол(күн)лерде таҳлил ҳәм такбирди көбейтиңлер. Себеби, ол(күн)лер таҳлил, такбир ҳәм Аллаҳ таъалаға зикр (айтылатуғын) күнлер ҳәм ол(күнлер)ден бир күниниң оразасы бир жылғы оразаға барабар. Ол(күн)лерде қылынған әмел жети жүз барабарына тең болады», деди» («Дурри мансур», «Хитабатул аҳком»). Байҳақий рәўият қылған.

"Таҳлил ҳәм такбир" деген "Аллаҳу әкбәр, Аллаҳу әкбәр, Ләә иләәҳә иллаллаҳу Ўаллаҳу әкбәр, Аллаҳу әкбәр ўа лилләәҳил ҳамд" деп айтыў.

Усы он күнниң пазыйлети туўрысында жүдә көплеген ҳәдислер рәўият етилген. Жоқарыдағы ҳәдислерден Зулҳижжаның дәслепки тоғыз күнинде, күндизлерин ораза менен, түнлерин болса, уйқысыз өткизиўге ҳәрекет қылыў лазым екенлиги келип шығады. Бул күнлер арасында тоғызыншы күнде тутылған ораза ең әҳмийетли ҳәм пазыйлетли есапланады. Сондай-ақ, бул түнде ояў болыўдың пазыйлети уллырақ. Себеби, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким еки ҳайт түнин саўап талап қылған ҳалатта уйқысыз өткизсе, қәлблер өлетуғын күни оның қәлби өлмейди», деди». Ибн Мажа рәўияты.

Алымлар «Зулҳижжа айының дәслепки он күни абзалма яки Рамазан айының ақырғы он күниме?» деган сораў туўрысында қарама-қарсылық еткен.

Абдулҳақ Деҳлавий раҳматуллаҳи алайҳ: «Зулҳижжа айының дәслепки он күниниң күндизи, Рамазан айының ақырғы он күниниң түни абзал есапланады. Аллаҳ Билиўши», деген.

Әбиў Қатада разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Набий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳтан үмит етемен, Арафа күни оразасы өткен жылғы ҳәм келеси жылдағы (гүналарға) каффарат болады!», деген. Муслим, Термизий, Ибн Мажа, Ибн Хузайма, Ибн Ҳиббан ҳәм Байҳақий рәўият қылған.



Тақвимге көре, усы жылы Зулҳижжа айының биринши күни, инша Аллаҳ 30 июньға, айдың шығыўына қарап (+/-) бир күнге өзгериўи мүмкин.
Арафа күни, яғный Зулҳижжа айының 9-күни 8-июльге,
Қурбан ҳайыты күни болса, яғный Зулҳижжа айының 10-күни - 9-июль 2022-жыл күнине туўры келиўи мүмкин. Аллаҳ Билиўши.

Қәдирли күнлердиң қунын билип, оларды жақсылықлар ҳәм ибадатлар пенен өткизиў бәршемизге несип етсин.

Жақынларыңыз бенен бөлисиң!

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur