Get Mystery Box with random crypto!

IYMAN.UZ

Telegram kanalining logotibi iman_nur — IYMAN.UZ I
Telegram kanalining logotibi iman_nur — IYMAN.UZ
Kanal manzili: @iman_nur
Toifalar: Din
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.93K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 4

2022-06-25 04:32:34 #әлбетте_оқың

Маңлайдан сүйиў ҳәм эпифиз бези

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның перзентлеримизди тез-тез сүйип еркелетиўимиз ҳаққындағы усыныслары есиңиздеме?! Заманагөй медицина ҳәм буны тастыйықлады. Сүннет әмеллердиң негизинде инсаният ушын қаншелли пайдалы екенлигин атап өтиў артықша. Бизлердиң фитрат (тәбият)ымызда бар болған, ўақыт өтиўи менен күнделикли әдетий ҳалдай қабыл қылынып атырған көплеген мусылманларға тән әмеллер негизинде өмиримизде қаншелли әҳмийетке йие екенлигин билемизбе?! Сүўретте көрип турғаныңыз ана баланың сүўрети. Ана баласының маңлайынан сүйип атыр. Маңлайдан сүйгенде сүйип атырған адамда да, маңлайынан сүйилип атырған адамда да әжайып бир сезим пайда болады. Буның себеби маңлайдағы «Үшинши көз» есапланған эпифиз (pineal) безиниң бар екенлиги. Беттен сүйиўден парқлы ҳалда маңлайдан сүйгенде инсанның руўхыятына жақынласасыз. Егер перзентиңиз ынжықлық қыла берсе, оны тынышландырыўдың ең жақсы жолы маңлайынан сүйиў. Уйқыға жатып атырғанда да маңлайынан сүйип қойсаңыз бала қәтержам ҳәм қанып уйқылайды. Сондай-ақ, баланың көриўи ашылып, ақылый уқыплылығы беккемленеди. Зейини өткир, яды күшли болады. Гормонал өзгерислер де нормада өтеди, өзине болған исеними күшейеди. Қорқыўы кемейеди, гәпиңизге қулақ салады. Адамгершиликли болып ержетеди. Себеби маңлайдың орта бөлими зейинге тәсир етиў точкасы есапланады. Расулуллаҳ саллaллаҳу алайҳи ўа саллам балалардың маңлайларынан сүйер еди, ҳәзирги заман қәнигелери де буны усыныс қылып атыр. Ҳәр бир исинде ҳикмет болған Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға шексиз дуруд ҳәм салаўатлар болсын!

Түрк тилинен Дилбар Ражабованың аўдармасы

Жақынларыңыз бенен бөлисиң!

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur
1.4K viewsedited  01:32
Ochish/sharhlash
2022-06-25 04:32:22
918 views01:32
Ochish/sharhlash
2022-06-25 03:53:41
Ассаламу алайкум ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ!



Бүгин 25-июнь ҳәптениң шемби күни

Зулқаъда айының 26-сәнеси



Аллаҳ таъала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!



Шымбай ўақты менен намаз ўақытлары

Таң - 03:36
Қуяш - 05:23
Песин - 13:04
Намазлыгер - 18:22
Шам - 20:44
Қуптан - 22:31

Бизлерди социаллық тармақларда бақлап барың!



Telegram | Facebook | Instagram

https://t.me/iman_nur
981 viewsedited  00:53
Ochish/sharhlash
2022-06-24 07:55:13 МУФТИЙ ҲӘЗИРЕТ ЗИЯРАТШЫЛАР МЕНЕН ҲАЖ ҚЫЛЫЎ БАХТЫ ҲАҚҚЫНДА СӘЎБЕТЛЕСТИ

23-июнь күни Муфтий Нуриддин домла ҳǝзирет Мекке қаласында болып турған зияратшылар менен сәўбет өткерип, ҳаж қылыў бахты ҳаққында баянат етти.
Сǝўбетлесиўден алдын Қураны кǝрийм аятлары тилǝўат етилип, ҳаж сапары табыслы өтиўин тилеп, дуўалар етилди.
Муфтий ҳǝзирет сөзинде Мекке ҳәм Мадина қалаларын зыярат қылыў үлкен бахыт екени, бул қалаларда Расули алайҳиссалам жүрген, Ислам тарийхындағы ǝҳимийетли ўақыялар жүз бергени, ҳаж уллы ибадат екенлиги, бундай күнлерге жеткизгени ушын Аллаҳ таалаға шүкирлик етиў, ҳәр бир зияратшы ҳажылык мәртебеине жетиў жолында жоқары ықлас, шырайлы әдеп пенен ҳәрекет етиўи зәрүр екенлигин айтып ѳтти.
Жыйналыс жуўмағында Ташкент қаласы бас имам-хатиби Рахматуллаҳ домла Сайфуддинов зияратшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети
#Ҳаж2022
Muslim.uz / @muslimuzportal
877 views04:55
Ochish/sharhlash
2022-06-24 07:55:13
755 views04:55
Ochish/sharhlash
2022-06-24 07:55:13
752 views04:55
Ochish/sharhlash