Get Mystery Box with random crypto!

🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹

Telegram kanalining logotibi azatlikkanali — 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹 Қ
Telegram kanalining logotibi azatlikkanali — 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹
Kanal manzili: @azatlikkanali
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 198

Ratings & Reviews

4.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 4

2023-02-13 14:45:17
"Мениң жигит ўақытымаў сениң қыз ўақытың".Саламат Қаллыбеков.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
100 viewsedited  11:45
Ochish/sharhlash
2023-02-10 12:13:45
ЛАЛАҚЫЗҒАЛДАҚ. ЛАЛАГҮЛ ҚАЛЛЫХАНОВА.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
72 viewsedited  09:13
Ochish/sharhlash
2023-02-09 13:09:34
ИЛҲАМ-ЙОШЫМА

Мениң жан сырласым, достым өзиңсең,
Басайын баўырыма қушақлап,
Узақты көрер сен көзимсең,
Ал, бүгин қойыпсаң тусаўлап.

Жаздырма байлаған жериңди,
Үзилип кетпесин түйиниң,
Билесең дым киршил келерин,
Кийгенде кисиниң кийимин.

Бир өмир тумар бол мойныма,
Əўмет ҳәм бахытты алып кел.
Алдыңнан шыққан таўларды,
Тас кесер сөз бенен жарып кел.

Тамырда жуўырған қан киби,
Қәне, сен тоқтаўсыз қыбырла,
Қосық боп кеўилге қонымлы,
Кел, қулақларыма  сыбырла.

Ақ қағаз бетлерин сыялап,
Толтырып қояйын қараға,
Сен қəле, қəлеме бир өмир,
Ем болып келесең жарама.

Алтаўдан дер еди артығым,
Əкемнен өткен мийрассаң,
Кишкене жүрек қалтама,
Сағыныш пенен сыймаспан.

Сырласпан ол менен мен көптен,
Оқыған-оқысын қызығып,
Өткен күн, өтмиште қалды деп,
Қағазға мөрленер сызылып.

Ўақтында таңбадай басылып,
Өзимше бир белги таңладым,
Қосықлар өмирим екенин,
Мен, әйне тек бүгин  аңладым.

Улзада Жолдасова .


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
86 viewsedited  10:09
Ochish/sharhlash
2023-02-06 12:45:39 Нөкистеги тәртипсизликлерди әмелге асырғанлықта айыпланып атырған нәўбеттеги 39 судланыўшы ҳаққында мағлыўмат (даўамы)

Руслан Баимбетов  (1988-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Давлет Транс” ЖШЖ айдаўшысы ),

Қуанишбай Бахиев  (1988-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жеке тәртипте мийнет искерлиги менен шуғылланады ),

Ислам Сапаров  (1989-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жеке тәртипте мийнет искерлиги менен шуғылланады ),

Нуратдийин Хабипов  (1992-жылда туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, Миллий гвардия Нөкис қалалық қорғаў бөлиминде ислеген),

Заирбек Пиржанов  (1986-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң айдаўшысы ) Жынаят кодексиниң 104-статьясы (көзкөреки денеге салмақли зыян жеткизиў) 3-бөлиси “а” бәнти ҳәм 244-статьясы 3-бөлими;

Нурсултан Дуйсенбаев  (1998-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қазақ, мәўсимли жумысшы ),

Нурсултан Байлепесов  (1993-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, айдаўшы ),

Алпамис Жумабеков  (1994-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, мәўсимли жумысшы ),

Азамат Алланазаров  (1997-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жөнелисли такси айдаўшысы ) Жынаят кодексиниң 104-статьясы 3-бөлими “а” бәнти, 244-статьясы 3-бөлими ҳәм 247-статьясы (оқ атар қуралды, оқларды, оқ атар қуралдың тийкарғы бөлимлерин, жарылатуғын элементларды, жарыў қуралларын ямаса жарыў аппаратларын нызамға қайшы түрде ийелеў) 3-бөлими “а” бәнти;

Асилбек Омирзаков  (1991-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қазақ, жекн тәртипдеги мийнет искерлиги менен шуғылланады ) Жынаят кодексиниң 166-статьясы (талаўшылық ) 2-бөлими “а”, “в” бәнтлери ҳәм 244-статьясы 3-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятларды әмелге асырғанлықта айыпланбақта.

@ne_janaliq

Каналға ағза болыў
@Qaraqalpaqstan_xawazi
164 views09:45
Ochish/sharhlash
2023-02-06 12:45:39 Нөкистеги тәртипсизликлерди әмелге асырғанлықта айыпланып атырған нәўбеттеги 39 судланыўшы ҳаққында мағлыўмат

Алимбай Мирзамбетов  (1979-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз),

Даулеткелди Надирбаев  (1988-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, АТ “Халық банки” Тахтакөпир филиалының юристи),

Камал Ешжанов  (1999-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз),

Муратбай Пирлепесов  (1978-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жеке исбилермен),

Адилбек Сариев  (1985-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жалланба жумысшы ),

Нусрет Бауетдинов  (1970-жылы туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Алйшер Шарапов  (1989-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумысшы ),

Онгарбай Мамутов  (1966-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, 2-топар майыбы ),

Замирбек Таджимуратов  (1988-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Тимурбек Исмаилов  (1997-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, 12-санлы мектеп оқытыўшысы ),

Расул Султаниязов  (1990-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Транс Лесс” ЖШЖ жумысшысы ),

Омирбек Курбанов  (1986-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жеке тәртипдеги мийнет искерлиги менен шуғылланады ),

Рахимжан Жумабаев  (1992-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, такси айдаўшысы ),

Абзал Науризбаев  (1996-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, Қарақалпақ мәмлекет университетиниң студенти),

Нурмухаммед Генжебаев  (2004-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Исламбек Аитмуратов  (1993-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, Қоңырат вагон депоси вагон тексериўшиси),

Айдос Есемуратов  (1993-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Куанишбай Бегалиев  (1989-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Транс жол қурылыс” ЖШЖ айдаўшысы ),

Манас Рахманов  (1993-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - өзбек, “Зарқанд” кондитер өнимлери кәрханасы агенти),

Амантай Сейтмуратов  (1976-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ) Жынаят кодексиниң 244-статьясы (ғалабалық тәртипсизликлер) 3-бөлими;

Полат Есенгельдиев  (1989-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Өзбекстан темиржоллари” АЖ вагон гүзетиўшиси),

Оралбай Досназаров  (1977-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - өзбек, “Нызам үстинлиги” МХ адвокаты ),

Ислам Полатов  (1999-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Шарапат Аширбеков  (1979-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Дауранбек Раманов  (1996-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Абдималик Хожаназаров  (1974-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Ел хизметинде” газетаси бас редакторы болып ислеген),

Есимхан Қанаатов  (1981-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Ишонч” газетаси хабаршысы ) Жынаят кодексиниң 244-статьясы 3-бөлими ҳәм 244-1-статьясы (жәмийет қаўипсизлиги ҳәм жәмийет қәўипсизлигине қәўип салатуғын материалларды таярлаў, сақлаў, тарқатыў ямаса көрсетиў) 3-бөлими “а”, “г” бәнтлери;

Баҳадыр Досимбетов  (1985-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Коңратбай Бекполатов  (1985-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Берди-Транс” ЖШЖ айдаўшысы ),

@ne_janaliq

Каналға ағза болыў
@Qaraqalpaqstan_xawazi
125 views09:45
Ochish/sharhlash
2023-02-06 10:27:57
03.05.1977жыл - 04.02. 2023 жыл.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
138 viewsedited  07:27
Ochish/sharhlash
2023-02-03 15:15:15 "Беглигиңди еледе, бузба ҚАРАҚАЛПАҒЫМ". Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
117 viewsedited  12:15
Ochish/sharhlash
2023-02-03 15:14:55
"Беглигиңди еледе, бузба ҚАРАҚАЛПАҒЫМ". Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов.


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ.
117 viewsedited  12:14
Ochish/sharhlash
2023-01-30 15:45:00 Тарийхый дереклерге көре, Қарақалпақстан аймағында адамлар қашаннан берли неолит дәуиринде жасаған. Ерамызға шекемги 5-асирге тийисли Даро I қабири қәбир тасларында " тиграхауд саклар" (ушлы қалпақлардаги саклар) Арал теңизи ҳәм Сирдарянын төменги ағымы (ҳәзирги қарақалпақлар аймағы ) аймағында жасағанлығы айтылады.
Ерамизға шекемги VI-II әсирлерде Алтай ҳәм Арқа Туркистан аймағынан туркий қәуимлердиң көшип келиўи гүзетилген. Көшпели туркий ҳәм жергиликли Сака халқының ассимилятсияси жүз болды, нәтийжеде еки жаңа етник жәмәәт-печенеглар ҳәм Өғузлар пайда болды. Қарақалпақлардың етник қәлиплесиўине тийкар болған Печенег қәуимлери еди.
" Қарақалпақ" етнониминин өзи " қара шапка" деп аўдарма етиледи ҳәм заманагөй қарақалпақлар аймағында жасаған Печенег қәуимлериниң гейпаралары қара қой жунинен тигилген шляпалар кийгенлигин аңлатады. Рус дереклеринде оларды " қара қалпақчалар", манголша " кара малахаилы" деп атаған.
Тарийхый дереклерде Печенег қәуимлери Шығыстан туркий қәуимлердиң жаңа шабыўылы себепли 10 -асирде заманагөй Қарақалпақстан аймағынан Қубла облстларга көшип келген.  Печенеглар өз ана саҳраларына қайтадылар ҳәм сол ўақыттан баслап олар қарақалпақлар деп жүритиледи.
1714 - жылда қарақалпақлар Ешмухаммедхан (Ешимхан) қәуимлери басшыларынан бири басшылығында Арал теңизи ҳәм Сирдарянинг төмен ағымы -Қарақалпақ хпнлыгы аймағында өз мәмлекетлерине тийкар салынды, лекин 1723-жылда сол қалмақлар топылысы астында бөлекленип кетти. Қарақалпақлар мәмлекети еки бөлекке бөлинген: қәуимлердиң бир бөлеги Ташкент тәреп көшип келип, жоқары қарақалпақлар деп аталған болса, екиншиси Сирдарянин төмен ағымында қалып, төмен қарақалпақлар деп аталған.
1731 жылда төмен қарақалпақлар қазақ қәуимлери менен биргеликте Россия императорина пуқаралықты сорап елши жибереди. 1735 жылда төмен қарақалпақлар Россия империясынын пукараларына айланады.
166 views12:45
Ochish/sharhlash
2023-01-30 13:15:21 БИР АДАМДЫ БИР АДАМ

Қандай жақсы, бирадар,
Адамзаттың жүреги!
Бир адамды бир адам
Жандай жақсы көреди.

Бир адамды бир адам
Сүйип қалар танысса.
Бир адамды бир адам
Сағынады алыста.

Кетсе биреў арадан,
Биреў жоқлап жылайды.
Бир адамнан бир адам
Барып кеңес сорайды.

Оқ атылса биреўге,
Жанын тигип гиреўге,
Жетип барар сүйеўге
Бир адамды бир адам.

Нәпсин тыйып нан берер,
Тамырынан қан берер,
Керегинде жан берер
Бир адамға бир адам.

Океаннан армаған
Азап шексе Корвалан...
Гүрес пенен қорғаған
Бир адамды бир адам.

Жақсылық өсип өнер ме,
Миллионды миллион сүйер ме,
Сүймегенде егер де
Бир адамды бир адам?

Ишип мийрим кәсасын,
Тас жүреклер босасын.
Бәрҳама сүйип жасасын
Бир адамды бир адам!

Сентябрь, 1975-ж. И Юсупов
169 views10:15
Ochish/sharhlash