Get Mystery Box with random crypto!

Нөкистеги тәртипсизликлерди әмелге асырғанлықта айыпланып атыр | 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹

Нөкистеги тәртипсизликлерди әмелге асырғанлықта айыпланып атырған нәўбеттеги 39 судланыўшы ҳаққында мағлыўмат

Алимбай Мирзамбетов  (1979-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз),

Даулеткелди Надирбаев  (1988-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, АТ “Халық банки” Тахтакөпир филиалының юристи),

Камал Ешжанов  (1999-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз),

Муратбай Пирлепесов  (1978-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жеке исбилермен),

Адилбек Сариев  (1985-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жалланба жумысшы ),

Нусрет Бауетдинов  (1970-жылы туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Алйшер Шарапов  (1989-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумысшы ),

Онгарбай Мамутов  (1966-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, 2-топар майыбы ),

Замирбек Таджимуратов  (1988-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Тимурбек Исмаилов  (1997-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, 12-санлы мектеп оқытыўшысы ),

Расул Султаниязов  (1990-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Транс Лесс” ЖШЖ жумысшысы ),

Омирбек Курбанов  (1986-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жеке тәртипдеги мийнет искерлиги менен шуғылланады ),

Рахимжан Жумабаев  (1992-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, такси айдаўшысы ),

Абзал Науризбаев  (1996-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, Қарақалпақ мәмлекет университетиниң студенти),

Нурмухаммед Генжебаев  (2004-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Исламбек Аитмуратов  (1993-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, Қоңырат вагон депоси вагон тексериўшиси),

Айдос Есемуратов  (1993-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Куанишбай Бегалиев  (1989-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Транс жол қурылыс” ЖШЖ айдаўшысы ),

Манас Рахманов  (1993-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - өзбек, “Зарқанд” кондитер өнимлери кәрханасы агенти),

Амантай Сейтмуратов  (1976-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ) Жынаят кодексиниң 244-статьясы (ғалабалық тәртипсизликлер) 3-бөлими;

Полат Есенгельдиев  (1989-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Өзбекстан темиржоллари” АЖ вагон гүзетиўшиси),

Оралбай Досназаров  (1977-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - өзбек, “Нызам үстинлиги” МХ адвокаты ),

Ислам Полатов  (1999-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Шарапат Аширбеков  (1979-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Дауранбек Раманов  (1996-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Абдималик Хожаназаров  (1974-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Ел хизметинде” газетаси бас редакторы болып ислеген),

Есимхан Қанаатов  (1981-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Ишонч” газетаси хабаршысы ) Жынаят кодексиниң 244-статьясы 3-бөлими ҳәм 244-1-статьясы (жәмийет қаўипсизлиги ҳәм жәмийет қәўипсизлигине қәўип салатуғын материалларды таярлаў, сақлаў, тарқатыў ямаса көрсетиў) 3-бөлими “а”, “г” бәнтлери;

Баҳадыр Досимбетов  (1985-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жумыссыз ),

Коңратбай Бекполатов  (1985-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Берди-Транс” ЖШЖ айдаўшысы ),

@ne_janaliq

Каналға ағза болыў
@Qaraqalpaqstan_xawazi