Get Mystery Box with random crypto!

Нөкистеги тәртипсизликлерди әмелге асырғанлықта айыпланып атыр | 🌹🌹🌹ҚАРАҚАЛПАҚСТАН АЗАТЛЫҒЫ🌹🌹🌹

Нөкистеги тәртипсизликлерди әмелге асырғанлықта айыпланып атырған нәўбеттеги 39 судланыўшы ҳаққында мағлыўмат (даўамы)

Руслан Баимбетов  (1988-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, “Давлет Транс” ЖШЖ айдаўшысы ),

Қуанишбай Бахиев  (1988-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жеке тәртипте мийнет искерлиги менен шуғылланады ),

Ислам Сапаров  (1989-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жеке тәртипте мийнет искерлиги менен шуғылланады ),

Нуратдийин Хабипов  (1992-жылда туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, Миллий гвардия Нөкис қалалық қорғаў бөлиминде ислеген),

Заирбек Пиржанов  (1986-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң айдаўшысы ) Жынаят кодексиниң 104-статьясы (көзкөреки денеге салмақли зыян жеткизиў) 3-бөлиси “а” бәнти ҳәм 244-статьясы 3-бөлими;

Нурсултан Дуйсенбаев  (1998-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қазақ, мәўсимли жумысшы ),

Нурсултан Байлепесов  (1993-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, айдаўшы ),

Алпамис Жумабеков  (1994-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, мәўсимли жумысшы ),

Азамат Алланазаров  (1997-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қарақалпақ, жөнелисли такси айдаўшысы ) Жынаят кодексиниң 104-статьясы 3-бөлими “а” бәнти, 244-статьясы 3-бөлими ҳәм 247-статьясы (оқ атар қуралды, оқларды, оқ атар қуралдың тийкарғы бөлимлерин, жарылатуғын элементларды, жарыў қуралларын ямаса жарыў аппаратларын нызамға қайшы түрде ийелеў) 3-бөлими “а” бәнти;

Асилбек Омирзаков  (1991-жыл туўылған, Өзбекстан Республикасы пуқарасы, миллети - қазақ, жекн тәртипдеги мийнет искерлиги менен шуғылланады ) Жынаят кодексиниң 166-статьясы (талаўшылық ) 2-бөлими “а”, “в” бәнтлери ҳәм 244-статьясы 3-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятларды әмелге асырғанлықта айыпланбақта.

@ne_janaliq

Каналға ағза болыў
@Qaraqalpaqstan_xawazi