Get Mystery Box with random crypto!

alberuniy.uz| Rásmiy kanal

Telegram kanalining logotibi alberuniyuz — alberuniy.uz| Rásmiy kanal A
Telegram kanalining logotibi alberuniyuz — alberuniy.uz| Rásmiy kanal
Kanal manzili: @alberuniyuz
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 6.12K
Kanalning ta’rifi

Nókis Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtınıń rásmiy saytınıń telegram kanalı

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 5

2021-02-01 13:59:47 АРАҚТЫҢ КЕСИРИНЕН ПАЙДА БОЛАТУҒЫН АРСЫЗЛЫҚ

Арақтың ең үлкен зыяны – адамды ақылынан адастырып, оған оның өзи айтқысы келмейтуғын сөзлерди айттырып, ислегиси келмейтуғын уят ислерди ислетип қоятуғыны. Арақ ишкен адам кеминде еки-үш күн бойы аўырыўынан саўала алмай, тағы 1-2 күн әтирапындағылардан қысынып, уялып жүреди. Ҳәтте, базы биреўлериниң туўған-туўысканы көрместей болып, жақынларынан айырылып қалады. Себеби, ишимлик ишкен адам қәдир-қымбатынан айырылып, абыройдан журдай болады. Неге? Себеби, ол мәс ҳалында не ислеп, не қойғанын билмей:
Жақынларына қол көтерип қойыўы;
Оларды ренжитетуғын сөз айтып қойыўы;
Үйдеги затларды сындырып яки сатып жибериўи;
Биреўдиң мүлкине қол суғыўы;
Өзгелердиң жеркенишин пайда қылатуғын ис-ҳәрекетлер қылыўы мүмкин.

*
Бир китапта оқығаным:
«Асфальтты жаўып кеткен үпелек қарда еки адамның изи жатыр. Екеўи де аяқларын сүйретип басатуғын сыяқлы. Гейде қатар түскен, гейде асфальттан тайып кетип, салмаға барып тирелип қайтадан шыққан излер адам жарықлықтың мәс ҳалында қандай хор болатуғынын асфальтқа жазып қойған сыяқлы...»

Үп-үлкен адамның сыртқы көринисин айтпағанда, усы жүрисиниң өзи кеўил қалдыратуғындай бираз нәрсени билдирип турған жоқ па? Тап усындай болып, төрде отырып ақыл айтатуғын жасында я баласына, я ҳаялына сөзи өтпей хор болып жүргенлер қаншама?..

Китаптан келтирилген қатарлардың даўамында былай деп келген:
«Еки мәс тентиреклеп, биринши ақ қар жаўған түнди аяўсыз патаслап, ҳәр бир айтқан қопал сөзлери менен аўылды басына көтерип киятыр. Әкеден сөгиў менен баслап, аналарға дейин барысып қалды...»

Дүньядағы ең жаман нәрсе – асқар таў әкеге, "тар қурсағын кеңейтип, ақ сүтин берген" анаға тил тийгизиў. Бундай жаман сөзди ҳеш ким кеўли қәлеп айтпайды. Бирақ, арақтың кесиринен адам усындай да арсызлыққа барып қалады екен...
_______________

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
11.1K viewsedited  10:59
Ochish/sharhlash
2021-02-01 13:59:40
2.5K views10:59
Ochish/sharhlash
2021-02-01 11:04:21
#Таға

Бир улама мешитте маруза айтып атырғанында, жәмәәттиң ишинен бир адам:

"Устаз! Аттың тағасын есикке қағып қойсақ пайдасы тийеди ме, берекет әкеле ме?",-деп сорайды.

Сонда устаз: "Әй, қәйдем билейин. Пайдасы тийе қоймайды-аў...
Себеби тағаланған ҳәрбир аттың аяғында сол сен айтып отырған тағаның төртеўи бар. Пайдасын қәйдем, әйтеўир ат таңның атыўы күнниң батыўы менен қамшы жейди де жүреди ғой",
-деп жуўап берген екен.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
1.7K views08:04
Ochish/sharhlash
2021-02-01 09:03:18
БАЛАНЫ ҲҮРМЕТЛЕҢ

* Балаға ғам-тәшўиш ҳәм машқалаларымызды емес, қуўанышымызды көбирек билдириўимиз керек.

* Бала қәте қылады. Оған дәрриў жаза бермей, қәтесин айтып зыянын түсиндириў зәрүр.

* Балаға нәсият айтыўға қарағанда әмелий үлги болыўдың пайдасы көбирек. Мысалы: "Аўқаттан алдын қолларыңды жуў", деп жүз рет түсиндиргеннен көре, "қәне қолларымызды жуўайықшы" деп бирге ҳәрекет еткен нәтийжели.

* Перзентиңизди алалап, бирин басқасынан үстин қоймаң.

* Балаға буйырылған жумысты бақлаў, орынлаған орынламағанын қадағалаў керек, ал өзин бақлаўда екенин билсин.

* Орынлай алмайтуғын жумысты тапсырмаң, болмаса орынлай алатуғынын да ислемей қалады.

* Бала санасының раўажланыўында ҳикметли сөзлердиң әҳмийети үлкен. Оларды зийреклик пенен таңлап айтың.

* Тәрбияда сабырлы ҳәм кеңпейил болыў дурыс жол болып есапланады.

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
1.9K viewsedited  06:03
Ochish/sharhlash
2021-02-01 06:57:56 #күн ҳикмети

Әбул Аббас Мурсий айтады: "Бенде төрт түрли аҳўалда болады, бес түрли емес. Олар: Неъмат, Сынаў, Ибадат, Гүна".

Бенде мудамы усы төрт жағдайда болады. Мусылман адам неъмат берилген инсанлардан болады ямаса басына бир сынаў түседи, ибадатта жүреди де, гүна ислерди қылыўшы да болады. Усы төрт аҳўалдың өзиниң саўап алатуғын пайдалы мәнзили бар:

- егер саған бир неъмат берилген болса, сеннен талап етилген нәрсе оған шүкир қылыў, ҳеш болмаса күнине бир мәрте болса да "Әлҳамдулиллаҳ" деп айтыў;

- егер басыңа мүсийбет, сынаў жеткен болса, сеннен талап етилген нәрсе мүсийбетке сабыр қылыў;

- егер сен ибадат қылып жүрген болсаң, сеннен талап етилетуғын нәрсе қылып атырған ибадатыңды ықлас пенен орынлаў есапланады;

- егер сен гүна ислерди қылып жүрген болсаң, сеннен талап етилетуғын нәрсе истиғфар айтыў. Көбирек истиғфар айтып гүналарыңның кеширилиўин сораў, деди.

Ҳақыйқатында да, инсан баласы ойланып қараса күнделикли турмысында усы төрт ҳалаттың биринде болғанын көреди. Биримиз неъматта жасап атырмыз, және биримиздиң басымызға сынаў, мүсийбет түскен, және биримиз ибадатта жүрмиз, ал басқамыз болса гүна ислерди қылып жүрмиз. Мине усы ҳалатлар қайсы биримиздиң басымызға түскенде жоқарыда айтқанымыздай сол ҳалатқа мас түсетуғын исти қылыўымыз лазым.
Өйткени мусылман адам оған неъмат берилсе, шүкир айтады, егер мүсийбет жетсе, сабыр қылады, ибадатта болса, оны ықлас пенен орынлайды, егер бир гүна ис қылып қойса, дәрҳәл истиғфар айтады. Әне ҳақыйқый мөмин-мусылман усындай болыўы лазым.


https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
5.0K views03:57
Ochish/sharhlash
2021-02-01 06:57:08
Шымбай районы "Хан" мешитиниң намаз оқыў залы
1.5K viewsedited  03:57
Ochish/sharhlash
2021-02-01 05:53:25
#дуўа

Таңда ҳәм кешқурын оқылатуғын дуўа

«Аллоҳумма инний әъуўзу бикә минәл ажзи ўәл кәсәл, ўәл жубни ўәл ҳәром ўәл бухл, ўә әъуўзу бикә мин азәәбил қобр ўә миң фитнәнит маҳя ўәл мәмәәт».

Мәниси: «Я Аллаҳ, Сениң атың менен әззиликтен, ериншекликтен, қорқақлықтан, кексе болыўдан, қызғаншақлықтан, қәбир азабынан, тирилик ҳәм өлим фитнасынан пана тилеймен».



Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
1.5K views02:53
Ochish/sharhlash
2021-02-01 05:37:18
Ассаламу алайкум!

Бүгин Дүйшемби күни



Дүйшемби күниңиз қайырлы болсын!

01-февраль 2021
18-Жумадул Сәний 1442




Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып өтиўин сизге несип етсин!


https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
4.6K viewsedited  02:37
Ochish/sharhlash
2021-01-31 21:01:59
#түн ҳикмети

Ата-анаңыз сизиң жөргегиңизди алмастырып, ең жақсы аўқатты шайнап берип, қасық услаўды, сәдеп илдириўди үйреткен. Енди, олардың қол-аяғын уўқалап, аўзына ең жумсақ аўқат салып, аяғы аўырса, жетелеп, керегине жарап, ҳәтте, керек болса, арқаңызға арқалап көтерсеңиз де ата-ана ушын бул артық болмайтуғынын ҳеш қашан умытпа!

Анаңыз нәресте ўақтыңызда түн уйқысын төрт бөлсе, сиз ол ушын шийрин уйқыңызды қыйып, түнги намазға турың. Ата-анаңыз ушын Аллаҳ тааладан Жәннетти сораң.
___________________________

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
1.9K viewsedited  18:01
Ochish/sharhlash
2021-01-31 19:45:44
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
2.4K viewsedited  16:45
Ochish/sharhlash