Get Mystery Box with random crypto!

#Таға Бир улама мешитте маруза айтып атырғанында, жәмәәтти | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

#Таға

Бир улама мешитте маруза айтып атырғанында, жәмәәттиң ишинен бир адам:

"Устаз! Аттың тағасын есикке қағып қойсақ пайдасы тийеди ме, берекет әкеле ме?",-деп сорайды.

Сонда устаз: "Әй, қәйдем билейин. Пайдасы тийе қоймайды-аў...
Себеби тағаланған ҳәрбир аттың аяғында сол сен айтып отырған тағаның төртеўи бар. Пайдасын қәйдем, әйтеўир ат таңның атыўы күнниң батыўы менен қамшы жейди де жүреди ғой",
-деп жуўап берген екен.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz