Get Mystery Box with random crypto!

#күн ҳикмети Әбул Аббас Мурсий айтады: 'Бенде төрт түрли а | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

#күн ҳикмети

Әбул Аббас Мурсий айтады: "Бенде төрт түрли аҳўалда болады, бес түрли емес. Олар: Неъмат, Сынаў, Ибадат, Гүна".

Бенде мудамы усы төрт жағдайда болады. Мусылман адам неъмат берилген инсанлардан болады ямаса басына бир сынаў түседи, ибадатта жүреди де, гүна ислерди қылыўшы да болады. Усы төрт аҳўалдың өзиниң саўап алатуғын пайдалы мәнзили бар:

- егер саған бир неъмат берилген болса, сеннен талап етилген нәрсе оған шүкир қылыў, ҳеш болмаса күнине бир мәрте болса да "Әлҳамдулиллаҳ" деп айтыў;

- егер басыңа мүсийбет, сынаў жеткен болса, сеннен талап етилген нәрсе мүсийбетке сабыр қылыў;

- егер сен ибадат қылып жүрген болсаң, сеннен талап етилетуғын нәрсе қылып атырған ибадатыңды ықлас пенен орынлаў есапланады;

- егер сен гүна ислерди қылып жүрген болсаң, сеннен талап етилетуғын нәрсе истиғфар айтыў. Көбирек истиғфар айтып гүналарыңның кеширилиўин сораў, деди.

Ҳақыйқатында да, инсан баласы ойланып қараса күнделикли турмысында усы төрт ҳалаттың биринде болғанын көреди. Биримиз неъматта жасап атырмыз, және биримиздиң басымызға сынаў, мүсийбет түскен, және биримиз ибадатта жүрмиз, ал басқамыз болса гүна ислерди қылып жүрмиз. Мине усы ҳалатлар қайсы биримиздиң басымызға түскенде жоқарыда айтқанымыздай сол ҳалатқа мас түсетуғын исти қылыўымыз лазым.
Өйткени мусылман адам оған неъмат берилсе, шүкир айтады, егер мүсийбет жетсе, сабыр қылады, ибадатта болса, оны ықлас пенен орынлайды, егер бир гүна ис қылып қойса, дәрҳәл истиғфар айтады. Әне ҳақыйқый мөмин-мусылман усындай болыўы лазым.


https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA