Get Mystery Box with random crypto!

АРАҚТЫҢ КЕСИРИНЕН ПАЙДА БОЛАТУҒЫН АРСЫЗЛЫҚ Арақтың ең үлке | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

АРАҚТЫҢ КЕСИРИНЕН ПАЙДА БОЛАТУҒЫН АРСЫЗЛЫҚ

Арақтың ең үлкен зыяны – адамды ақылынан адастырып, оған оның өзи айтқысы келмейтуғын сөзлерди айттырып, ислегиси келмейтуғын уят ислерди ислетип қоятуғыны. Арақ ишкен адам кеминде еки-үш күн бойы аўырыўынан саўала алмай, тағы 1-2 күн әтирапындағылардан қысынып, уялып жүреди. Ҳәтте, базы биреўлериниң туўған-туўысканы көрместей болып, жақынларынан айырылып қалады. Себеби, ишимлик ишкен адам қәдир-қымбатынан айырылып, абыройдан журдай болады. Неге? Себеби, ол мәс ҳалында не ислеп, не қойғанын билмей:
Жақынларына қол көтерип қойыўы;
Оларды ренжитетуғын сөз айтып қойыўы;
Үйдеги затларды сындырып яки сатып жибериўи;
Биреўдиң мүлкине қол суғыўы;
Өзгелердиң жеркенишин пайда қылатуғын ис-ҳәрекетлер қылыўы мүмкин.

*
Бир китапта оқығаным:
«Асфальтты жаўып кеткен үпелек қарда еки адамның изи жатыр. Екеўи де аяқларын сүйретип басатуғын сыяқлы. Гейде қатар түскен, гейде асфальттан тайып кетип, салмаға барып тирелип қайтадан шыққан излер адам жарықлықтың мәс ҳалында қандай хор болатуғынын асфальтқа жазып қойған сыяқлы...»

Үп-үлкен адамның сыртқы көринисин айтпағанда, усы жүрисиниң өзи кеўил қалдыратуғындай бираз нәрсени билдирип турған жоқ па? Тап усындай болып, төрде отырып ақыл айтатуғын жасында я баласына, я ҳаялына сөзи өтпей хор болып жүргенлер қаншама?..

Китаптан келтирилген қатарлардың даўамында былай деп келген:
«Еки мәс тентиреклеп, биринши ақ қар жаўған түнди аяўсыз патаслап, ҳәр бир айтқан қопал сөзлери менен аўылды басына көтерип киятыр. Әкеден сөгиў менен баслап, аналарға дейин барысып қалды...»

Дүньядағы ең жаман нәрсе – асқар таў әкеге, "тар қурсағын кеңейтип, ақ сүтин берген" анаға тил тийгизиў. Бундай жаман сөзди ҳеш ким кеўли қәлеп айтпайды. Бирақ, арақтың кесиринен адам усындай да арсызлыққа барып қалады екен...
_______________

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA