Get Mystery Box with random crypto!

БАЛАНЫ ҲҮРМЕТЛЕҢ * Балаға ғам-тәшўиш ҳәм машқалаларымызды еме | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

БАЛАНЫ ҲҮРМЕТЛЕҢ

* Балаға ғам-тәшўиш ҳәм машқалаларымызды емес, қуўанышымызды көбирек билдириўимиз керек.

* Бала қәте қылады. Оған дәрриў жаза бермей, қәтесин айтып зыянын түсиндириў зәрүр.

* Балаға нәсият айтыўға қарағанда әмелий үлги болыўдың пайдасы көбирек. Мысалы: "Аўқаттан алдын қолларыңды жуў", деп жүз рет түсиндиргеннен көре, "қәне қолларымызды жуўайықшы" деп бирге ҳәрекет еткен нәтийжели.

* Перзентиңизди алалап, бирин басқасынан үстин қоймаң.

* Балаға буйырылған жумысты бақлаў, орынлаған орынламағанын қадағалаў керек, ал өзин бақлаўда екенин билсин.

* Орынлай алмайтуғын жумысты тапсырмаң, болмаса орынлай алатуғынын да ислемей қалады.

* Бала санасының раўажланыўында ҳикметли сөзлердиң әҳмийети үлкен. Оларды зийреклик пенен таңлап айтың.

* Тәрбияда сабырлы ҳәм кеңпейил болыў дурыс жол болып есапланады.

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA