Get Mystery Box with random crypto!

Merwert

Telegram kanalining logotibi merwert_uz — Merwert M
Telegram kanalining logotibi merwert_uz — Merwert
Kanal manzili: @merwert_uz
Toifalar: Sanʼat
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 767
Kanalning ta’rifi

Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қ.]
Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=
Реклама: https://t.me/ Qra5eac82vk2YjZi

Ratings & Reviews

4.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar

2022-08-15 19:50:50
Қарақалпақстанда Дағыстан Мәденияты күнлери дәўиринде белгили Дағыстан халық шайыры Расул Гамзатовтың Нөкис қаласында мийман болыўы.

Сүўретте: белгили шайыр-жазыўшылар - Расул Гамзатов, Төлепберген Қаипбергенов, Ибрайым Юсупов ҳәм Жолмурза Аймурзаев.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви газета ҳәм журналлар фонды.

@QRARXIV

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
427 views16:50
Ochish/sharhlash
2022-08-03 20:05:08 Дыққат, дағаза!

4-август И.В.Савицкийдиң туўылған күни!


Сәне мүнәсибети менен музей жәмәәти “Суў қәдири” атлы көргизбе ҳәм бирқанша илажларды шөлкемлестирмекте.
Көргизбеде түрли жылларда жасап дөретиўшилик еткен 8 художник В. Уфимcев, А. Волков, У. Тансықбаев, Қ. Сайыпов, “Арал ҳәм Әмиў жыршысы” Ф. Мадгазин, Р. Матевосян, Б. Серекеев, А. Қурбанбаевлардың дөретпелери орын алған. Олардың дөретпелеринде кең ҳәм толып тасқан Әмиўдәрья ҳәм бир ўақытлар кең ҳәм көк реңли болған Арал теңизи сүўретленген.

Көргизбе шеңберинде музей кинозалында Арал теңизине бағышланған ҳүжжетли фильмлер көрсетиледи.

Фильмлердиң көрсетилиў ўақты:

10:00 де "Арал қандай еди?"
10:20 да "Арал, аспан, көк теңиз"
10:50 де "Әмиўдәрья таўсылған жер"
11:05 де "Аралқум"
11:35 де Қысқа метражлы фильмлер ("Жер асты байлықларын үйрениўшилер", "Даўыткөл көли тәғдири", "Арал теңизи әтирапында"," Арал теңизи").

14:00 де "Теңиз" фильминиң актёрлары менен ушырасыў;
14:30 да "Теңиз" фильми көрсетиледи;
16:00 де Көргизбе ашылыў мәресими;
17:00 де 2022-жыл баспадан шыққан қарақалпақ художниклериниң дөретпелерине бағышланған “Мениң Үлкем, мениң Қарақалпақстаным” атлы альбом-каталогының авторлық нусқаларын художниклерге бериў мәресими болып өтеди.

4-АВГУСТ КҮНИ МУЗЕЙГЕ КИРИЎ БИЙПУЛ!

Бәршени И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейине мирәт етемиз.


@Jaslar_isleri_agentligi

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
1.2K viewsedited  17:05
Ochish/sharhlash
2022-07-26 09:07:42
ҚАРАҚАЛПАҚ!... – ДЕГЕНДЕ?!...

Халила Дәўлетназаров

Оның қарар көзиндей,
Қарайтуғын көз болмас,
Ана-Ўатан бул сөзден,
Асқан уллы сөз болмас...


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
3.6K views06:07
Ochish/sharhlash
2022-07-26 09:06:58 ҚАРАҚАЛПАҚ!... – ДЕГЕНДЕ?!...

Халила Дәўлетназаров сөзи;
Көпжүрсин Алланазаров атқарады.


Ардақланар Атадай,
Ярын сүйген яр киби,
Не нәрсе бар муқаддес,
Халықлық намыс-ар киби?

Күндиз Қуяш, ақшам Ай,
Гелме-гезек төбеңде,
Жулдызларға толы көк,
Қарақалпақ дегенде!

Уўықлары әрманнан,
Уллы Аспан төбеңде,
Өре бол сол аспанға,
Қарақалпақ дегенде!

Оның қарар көзиндей,
Қарайтуғын көз болмас,
Ана-Ўатан бул сөзден,
Асқан уллы сөз болмас.

Қамыс басы қыйылса,
Айланады қәлемге.
Туўған жерин улығлап,
Жар салады әлемге.

Сыбызғы боп сырнықса,
Елжиретер наласы,
Үн қоспастан туралмас,
(Ҳәр) қарақалпақ баласы.

Ҳәр бир әўлад кеўлине,
Халықлық нурдан ексин де!
Қарақалпақ деп соққан,
Жүрек болсын көксинде.

Шадлығындай ҳеш шадлық,
Дәрти киби дәрт болмас,
Журтым! - деп жан күйдирген,
Мәрттен асқан мәрт болмас.

Күндиз Қуяш, ақшам Ай,
Гелме-гезек төбеңде,
Жулдызларға толы көк,
Қарақалпақ дегенде!

Қарақалпақ дегенде!

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
1.1K views06:06
Ochish/sharhlash
2022-07-23 13:33:54
Тисгенем, саған ырзаман,
Аўзымның қаласысаң.
Тилгенем, сеннен наразыман,
Бир басымның бәлесисең.


Бердақ [1827-1900]

Әдебий информациялық канал:
@Merwert_uz
1.1K views10:33
Ochish/sharhlash
2022-06-29 11:29:01 МАРАТ НУРМУҲАММЕДОВТЫ ЕСКЕ ТҮСИРИЎ

Жулдыз ағып кетсе ақшамғы ўақта,
Бирден сен түсерсең ядыма мениң.
Жасын түсти десе жасыл дараққа,
Дәрҳал сен тусерсең ядыма мениң.

Измир шөллеринде ескен самаллар
Түрки тилде жоллап қайғылы хабар,
Ийесин жоғалтқан бир ат жаныўар
Тынбай сегбир тартар ядымда мениң.

Еки суңқар изли-изинен ҳаўада,
Қанатлары сынып түсти кыяға...
Тәғдир қастын тиккендей бир уяға,
Не қыяллар келмес ядыма мениң.

Ҳийлекерлик жолын тутқанды көрсем,
Алымсып паңсыған наданды көрсем,
Жүйрик сағындырар шабанды көрсең,
Сондайда түсерсең ядыма мениң.

Дурыслықты бурмалап, паңсып, назланып,
Ақбайталлық етип жағымпазланып,
Сөйлеп турғанларды көрсем, қыйланып,
Мудам сен түсерсең ядыма мениң.

Мураплар билдигин ислеп сағада,
Теңиз таслап кеткен ески жағада,
Ҳәзир керек болып турсаң оғада,
Дәрман айтардай - ақ дадыма мениң.

Биреўлер аңбаса, биреўлер аңлар,
Дүньяға көп келмес гөззал инсанлар.
Әжел наймыт ол ҳәм жақсыны таңлар,
Дийдарың мөр басқан ядыма мениң.

Измир шөллеринде ескен самаллар
Түрки тилде жоллап қайғылы хабар,
Ийесин жоғалтқан бир ат жаныўар
Тынбай сегбир тартар ядымда мениң ...

Ибрайым Юсупов,
1989-жыл. Москва.

Әдебий информациялық канал:
@Merwert_uz
1.9K viewsedited  08:29
Ochish/sharhlash
2022-06-29 11:28:38
МАРАТ НУРМУХАМЕДОВТЫ ЕСКЕ ТҮСИРИЎ

Мураплар билдигин ислеп сағада,
Теңиз таслап кеткен ески жағада,
Ҳәзир керек болып турсаң оғада,
Дәрман айтардай–ақ дадыма мениң.

Ибрайым Юсупов,
1989-жыл. Москва.

Әдебий информациялық канал:
@Merwert_uz
1.5K views08:28
Ochish/sharhlash
2022-06-27 07:34:33
ШАМУРАТ АТА ҲӘМ УЗАҚБАЙ АҒА ҲӘЗИЛЛЕРИ.

Күниңиз кеўилли өтсин.





Әдебий информациялық канал:
Ағза болың @Merwert_uz
1.5K viewsedited  04:34
Ochish/sharhlash
2022-06-25 07:11:15 Не ушын аналардың аяқлары аўыратуғынлығын билесиз бе?

Алла таала ананың қурсағындағы суйықлықты ҳәдден тысқары ашшы қылып қойған. Соның нәтийжесинде қурсақ ишиндеги ҳәмиле салмақсыз жағдайда болады. Ол ҳәрдайым суйықлықтың жоқары бөлиминде болады. Балаға азықлық киндигинен анаға байланған байланыс арқалы аңсат ғана келип турады.
Ҳәмиледар ҳаял тойып тағам қабыл етпесе яки көбирек аш қалса, ҳәмилеге келетуғын азықлық ананың тислери ҳәм сүйеклериниң ериўи арқалы қапланады. Соның ушын көпшилик ҳаяллардың жасы өткен сайын тислери төгилиўи, дизе ҳәм аяқларының аўырыўы ушырасады.

Соның ушын ҳәмиледар ҳаяллардың ўақтында ҳәм тойып аўқатланыўы өзлериниң келешекте саламат болыўында жүдә әҳмийетли. Анасының дизеси яки аяғы не ушын аўырып атырғанын перзенти билгенинде, тек өзин ойлай берместен қалай етип анасын разы етиў үстинде бас қатырған болар еди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи вассалам: "Жәннет аналар аяғы астында" деп бийкарға айтпаған.

@SIZLER_USHIN

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
1.7K viewsedited  04:11
Ochish/sharhlash
2022-06-23 12:16:23
***
Кең дүнья пайдасыз, болса егер үй тар,
Жағдай керек өсип өнетуғындай.
Биреўлер өмирин өткерер бийкар,
Бул дүньяға тағы келетуғындай.

Гейде тиришилик турса да айнып,
Адамлар көбейер қара қурымдай.
Биреўлер бир өмир жыйнайды байлық,
Бул дүньяда мәңги қалатуғындай.

Кеңесбай Рахманов

Кеңесбай Рахманов каналы

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
1.3K views09:16
Ochish/sharhlash