Get Mystery Box with random crypto!

Не ушын аналардың аяқлары аўыратуғынлығын билесиз бе? Алла та | Merwert

Не ушын аналардың аяқлары аўыратуғынлығын билесиз бе?

Алла таала ананың қурсағындағы суйықлықты ҳәдден тысқары ашшы қылып қойған. Соның нәтийжесинде қурсақ ишиндеги ҳәмиле салмақсыз жағдайда болады. Ол ҳәрдайым суйықлықтың жоқары бөлиминде болады. Балаға азықлық киндигинен анаға байланған байланыс арқалы аңсат ғана келип турады.
Ҳәмиледар ҳаял тойып тағам қабыл етпесе яки көбирек аш қалса, ҳәмилеге келетуғын азықлық ананың тислери ҳәм сүйеклериниң ериўи арқалы қапланады. Соның ушын көпшилик ҳаяллардың жасы өткен сайын тислери төгилиўи, дизе ҳәм аяқларының аўырыўы ушырасады.

Соның ушын ҳәмиледар ҳаяллардың ўақтында ҳәм тойып аўқатланыўы өзлериниң келешекте саламат болыўында жүдә әҳмийетли. Анасының дизеси яки аяғы не ушын аўырып атырғанын перзенти билгенинде, тек өзин ойлай берместен қалай етип анасын разы етиў үстинде бас қатырған болар еди.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи вассалам: "Жәннет аналар аяғы астында" деп бийкарға айтпаған.

@SIZLER_USHIN

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz