Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРАҚАЛПАҚ!... – ДЕГЕНДЕ?!... Халила Дәўлетназаров сөзи; Көпж | Merwert

ҚАРАҚАЛПАҚ!... – ДЕГЕНДЕ?!...

Халила Дәўлетназаров сөзи;
Көпжүрсин Алланазаров атқарады.


Ардақланар Атадай,
Ярын сүйген яр киби,
Не нәрсе бар муқаддес,
Халықлық намыс-ар киби?

Күндиз Қуяш, ақшам Ай,
Гелме-гезек төбеңде,
Жулдызларға толы көк,
Қарақалпақ дегенде!

Уўықлары әрманнан,
Уллы Аспан төбеңде,
Өре бол сол аспанға,
Қарақалпақ дегенде!

Оның қарар көзиндей,
Қарайтуғын көз болмас,
Ана-Ўатан бул сөзден,
Асқан уллы сөз болмас.

Қамыс басы қыйылса,
Айланады қәлемге.
Туўған жерин улығлап,
Жар салады әлемге.

Сыбызғы боп сырнықса,
Елжиретер наласы,
Үн қоспастан туралмас,
(Ҳәр) қарақалпақ баласы.

Ҳәр бир әўлад кеўлине,
Халықлық нурдан ексин де!
Қарақалпақ деп соққан,
Жүрек болсын көксинде.

Шадлығындай ҳеш шадлық,
Дәрти киби дәрт болмас,
Журтым! - деп жан күйдирген,
Мәрттен асқан мәрт болмас.

Күндиз Қуяш, ақшам Ай,
Гелме-гезек төбеңде,
Жулдызларға толы көк,
Қарақалпақ дегенде!

Қарақалпақ дегенде!

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz