Get Mystery Box with random crypto!

Merwert

Telegram kanalining logotibi merwert_uz — Merwert M
Telegram kanalining logotibi merwert_uz — Merwert
Kanal manzili: @merwert_uz
Toifalar: Sanʼat
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 767
Kanalning ta’rifi

Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қ.]
Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=
Реклама: https://t.me/ Qra5eac82vk2YjZi

Ratings & Reviews

4.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

2

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2022-06-23 05:24:10 #Ретро_қосық

МУҲАББАТ ИСМЛИ ҚЫЗ ЕДИ—АҚҚУЎ...

Х. Дәўлетназаров сөзи,
Д. Мәмбетмуратов атқарады.


Көзим ярдың гүлдей жүзине түсти,
Жазған—жүрек-баўырым үзиле түсти...
Ышқы қайттан мениң изиме түсти,
Әрман моншақларын дизеди Аққуў.

Муҳаббаттың алтын оқларын атып,
Ғумшадек ләбинен көрмедим татып,
Тил—мәрт болалмады сөзлерин қатып,
Кеўил тарларымды үзеди Аққуў.

Қуп әжеп муқамлы ойын қурыўы,
Мың жилўа-наз әйлеп мойын бурыўы,
Жулдыз көзлериниң жайнап турыўы...
Бунша сән-салтанат дүзеди Аққыў.

Дийдары мөрленип қалған ядыма,
Ығбал қулақ аспас шеккен дадыма,
Жазған қосықларым кетсин әдира...
Қыялымда сыңсып жүзеди Аққуў.

Ышқым—гүмис жалы таралмаған ат,
Қардарына жетип баралмаған хат,
Яр—әрман мәнзили, мен—талған қанат,
Қыслап қалар журтым гүз ели Аққуў.

Айтпайын, көксимди дәртлер тилгенин...
Жоқшыдай мыс рең кеўил гүллерим,
Жүзген айдынларын билә-билмедим,
Муҳаббат исмли қыз еди—Аққуў!

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
1.2K views02:24
Ochish/sharhlash
2022-06-22 21:12:16
#Қарақалпақша_мультфилм

Дәў менен бала

Мультфилмди ислеген Абат Шадымурат улы ҳәм оның командасына мыңнан-мың алғыс айтамыз.

Ютуб арқалы көриў: Дәў менен бала

Қарақалпақша мультфилм ютуб каналына ағза болың.

Әдебий реклама

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
1.4K views18:12
Ochish/sharhlash
2022-06-22 07:49:54
#Мийрас

Жыраў Саламат Аяпов 2022-жыл 12-18-июнь күнлери Будапештте болып өткен "Түркистан ҳаўазлары» баспа ҳәм аудиокитабының таныстырыў кешесинде.

Толық мағлыўмат жақын арада баспасөз арқалы жәрияланады.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
1.3K views04:49
Ochish/sharhlash
2022-06-20 20:53:45
Ноғай елиниң белгили көркем өнер хызметкерлериниң қарақалпақ елине сағынышлы сәлеми.

Бир шақадан бүртик жарған ағайин,
Қуўан достым, бахытлы халық ноғайым...

Биз ерке инилермиз, бизде көп ағай,
Мен–азат қарақалпақ, сен–еркин ноғай.

Ибрайым Юсупов

@DOSLARtv -Ноғай телеканалы

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
3.3K views17:53
Ochish/sharhlash
2022-06-20 08:20:53 #Балалыққа_барып_қайтамыз

Анамның анасы бар

Жолдасбай Дилмуратов сөзи,
Роман (Рамберген) Султанов намасы


Сөйлесе сөзи жақсы,
Қараса көзи жақсы,
Әлпайым, өзи жақсы,
Анамның анасы бар.

Қыдырып гейде келип,
Үйлерге берип көрик,
Ҳәм әзиз, ҳәм теберик,
Анамның анасы бар.

Түр түси ысық маған,
Анамнан айнымаған,
Бизлерди аймалаған,
Анамның анасы бар.

@balalar_qosiqlari


Қосық ҳәм нама авторларын табыўда жәрдем еткени ушын канал оқыўшыларына рахмет.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
997 viewsedited  05:20
Ochish/sharhlash
2022-06-19 06:32:48
Қарақалпақтың ХХI әсирдеги Өмирбеги Шамурат Өтемуратов. [1929-2006]

Театрдағы 1994-жылғы «Саўға»дан көринис.

Демалыс күниңиз кеўилли өтсин.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
1.4K viewsedited  03:32
Ochish/sharhlash
2022-06-18 09:20:24
(@merwert_uz сораўнамасы) Бүгин саат 17:00 де Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында (ТЮЗ) болып өтетуғын «Қорқыт ата» спектакльиниң премьерасына келесиз бе?
Anonymous Poll
13%
Аўа
32%
Яқ
13%
Хәрекет етемен
42%
Әттең Нөкисте емеспен, болмаса барар едим.
180 voters928 views06:20
Ochish/sharhlash
2022-06-18 08:27:36
Алдын хабар бергенимиздей, бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында «Қорқыт ата» драма-притчасының премьерасы болып өтиўи күтилмекте. Премьераны тамашалаў ушын Қырғыз Республикасынан драма авторы Қайрат Иманалиев бүгин Нөкис қаласына жетип келди.

Сүўретте: Солдан оңға қарай: режиссёр Султанбек Қәллибеков ҳәм драматург Қайрат Иманалиев.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
840 views05:27
Ochish/sharhlash
2022-06-18 05:13:47 Жаслығым, сен мени таслап барасаң

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

Муҳаббат ҳақкында бираз жырларым,
Жыр емес, ол мениң жүрек сырларым,
Алынар ўақ келди гүллер қырманын,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң!

Аты-жөним қосық пенен тарады,
Бираз қызлар қызығып-ақ карады,
Бүгин олар қыя бақпай барады,
Кеўлиңде бир гийне сақлап барасаң!

Сени ойлай берип кеўлим езилди,
Саған айталдым ба айтар сөзимди?
Шадлықка паянсыз муңлы көзимди,
Жангенем, сен бүгин жаслап барасаң!

Табалдым ба кеўлим аңсаған ярды,
Әрманлаў менен-ақ шашым ағарды,
Жүрек гүз паслынан тапты хабарды,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң.

Кеўлим сезимлерге болған тасқынлы,
Жүрек дәртсизлерге бизди қас қылды,
Алдап сөз айтпадым, тийдим нәпсимди,
Мәгар бул исимди жаклап барасаң?!

Бул жолда көп екен өткел, дығырық,
Оннан жүрип емес өттим жүгирип,
Қыл қыймас жан достым жүзиң үгирип,
Енди… ең соңғы рет лаплап барасаң.

Хош қалыңлар, арзыў-шәменлер ели,
Бүгин айнымалы тәғдирдиң жели,
Ығызып барар мен минген кемени,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң?

30-декабрь, 1986-жыл.


@X_Dauletnazarov

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz
1.4K views02:13
Ochish/sharhlash