Get Mystery Box with random crypto!

*** Кең дүнья пайдасыз, болса егер үй тар, Жағдай керек өсип ө | Merwert

***
Кең дүнья пайдасыз, болса егер үй тар,
Жағдай керек өсип өнетуғындай.
Биреўлер өмирин өткерер бийкар,
Бул дүньяға тағы келетуғындай.

Гейде тиришилик турса да айнып,
Адамлар көбейер қара қурымдай.
Биреўлер бир өмир жыйнайды байлық,
Бул дүньяда мәңги қалатуғындай.

Кеңесбай Рахманов

Кеңесбай Рахманов каналы

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың
@Merwert_uz