Get Mystery Box with random crypto!

МУФТИЙ ҲӘЗИРЕТ ЗИЯРАТШЫЛАР МЕНЕН ҲАЖ ҚЫЛЫЎ БАХТЫ ҲАҚҚЫНДА СӘЎБ | IYMAN.UZ

МУФТИЙ ҲӘЗИРЕТ ЗИЯРАТШЫЛАР МЕНЕН ҲАЖ ҚЫЛЫЎ БАХТЫ ҲАҚҚЫНДА СӘЎБЕТЛЕСТИ

23-июнь күни Муфтий Нуриддин домла ҳǝзирет Мекке қаласында болып турған зияратшылар менен сәўбет өткерип, ҳаж қылыў бахты ҳаққында баянат етти.
Сǝўбетлесиўден алдын Қураны кǝрийм аятлары тилǝўат етилип, ҳаж сапары табыслы өтиўин тилеп, дуўалар етилди.
Муфтий ҳǝзирет сөзинде Мекке ҳәм Мадина қалаларын зыярат қылыў үлкен бахыт екени, бул қалаларда Расули алайҳиссалам жүрген, Ислам тарийхындағы ǝҳимийетли ўақыялар жүз бергени, ҳаж уллы ибадат екенлиги, бундай күнлерге жеткизгени ушын Аллаҳ таалаға шүкирлик етиў, ҳәр бир зияратшы ҳажылык мәртебеине жетиў жолында жоқары ықлас, шырайлы әдеп пенен ҳәрекет етиўи зәрүр екенлигин айтып ѳтти.
Жыйналыс жуўмағында Ташкент қаласы бас имам-хатиби Рахматуллаҳ домла Сайфуддинов зияратшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети
#Ҳаж2022
Muslim.uz / @muslimuzportal