Get Mystery Box with random crypto!

Hoja.uz️

Telegram kanalining logotibi hoja_uz — Hoja.uz️ H
Telegram kanalining logotibi hoja_uz — Hoja.uz️
Kanal manzili: @hoja_uz
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 9.48K
Kanalning ta’rifi

➡ Интервьюлар
➡ Қарақалпақстанда N1 проектлер
➡ Ең машқалалы тараўлар хаққында жеке пикирлер
YouTube:➡ https://youtube.com/channel/UCRifr0rHrO8kMJ-sG3dC6Ww
Instagram:➡https://www.instagram.com/hoja.uz?r=nametag
Байланыс:➡ t.me/Hojauz_bot

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar 2

2022-09-01 09:59:41
Бул фото "Корзинка" саўда орайында түсирилди.

"Корзинка" саўда орайында ислеген саўдаңызға төлем төлесеңиз қайтымына шырпы яки ығалланған салфетка (влажная салфетка) береди. Мен өзим буның бир нешше мәрте гуўасы болғанман. Бүгинде усы аўҳалдың өзим басымнан дүкан кассасы алдында өз басымнан кеширдим.
Саўда залының администраторын талап еткенимде,хызметтеги жас жигит рациясынан қайта-қайта шақырып зордан саўда залына шығартты.Аты Эля екен,рас атын биле алмадым, себеби бейджик тақпаған. Оның айтқан өтирик бәне - сылтаўларын келтирип отырмай-ақ қояйын. Бирақ ,

Ҳүрметли Салық инспекциясы баслығы !

Бул жерде кассадан тыс саўда айланысы болып атырғанын көре тура индемей отырсызлар !
Бул тиккелей сизиң ўазыйпаңызға киреди, бирақ салықтың искерлиги жқ, айлықты ўақтында алыўынан басқа !

Ҳүрметли Тутыныўшылар хуқықын қорғаў баслығы !

Бул жерде тутыныўшы хуқықы бузылып атыр, ал сизлер болса бизлерге көре-биле тура арза,шағым ьүспеди деп отырасызлар!
Бул мәселерге тек ғана

ҚР прокуроры Э. Таджиев тыйым сала алады деген үмиттемен ҳәм илтимас етемен !

P.s. Алған нәрселери ушын қарыйдар шырпы,салфетка менен төлеп көрсин аларма екен өзлери...

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
3.6K views06:59
Ochish/sharhlash
2022-09-01 09:59:30
3.5K views06:59
Ochish/sharhlash
2022-09-01 09:41:22
Ҳүрметли ҚР Министрлер Кеңеси баслығы Қ. Сариев !

Кеше барлық социал интернет тармақларда Мәлимлеме хызметиңиз берген мағлыўматта "1-сентябрь базарларда тазалық күни" делинип, сол себепли базарлар ислемейди делинген еди.
Ал, бул жағдайға не деп мағлыўмат берер екенсиз?
Не ушын байрам күни ҳеш қандай себепсиз,ескертиў жәрияламастан базар жанындағы "Стоянка" ислемей тур. Халық болса Төрткул гузары бойлап өзине керек маршруткаларды,яғный жөнелис таксилерин излеп әўере-сарсан?
Президентимиз 5 күн байрамда халқымыз бир-бириниң үйлерине мийманға барсын,елимиз бойлап саяхатқа шықсын, мәдений дем алсын деген мақсетте Пәрман шығармады ма?
"Қас қой десе,көз шығарады" деген усы екендә...
Астыларында хызмет,жеке автотранспорт болғансоң қала, район басшылары халықты ойларма еди?..
"Тоқ бала аш бала менен ойнамайды" дегени-дә...

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
4.0K views06:41
Ochish/sharhlash
2022-08-31 20:08:12
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, генерал-лейтенант Т.А.Худайбергенов тәрепинен "Маҳалла ифтихори" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
4.7K views17:08
Ochish/sharhlash
2022-08-31 16:11:06 Халық арасында ертең яғный 1-сентябрь күни транспорт қураллырының ҳәрекети тоқтатылыўы ҳақкында хабарлар тарқалмақта.

Бул хабарлар жалған болып 1-сентябрь куни Республикамызда байрам мүнәсебети менен ҳәмде санитариялық тазалық күни деп белгиленгенлиги себебли, қала ҳәм районларымыздағы бәрше базарлар жабық болады, ал автотранспорт қуралларының ҳәрекети тоқтатылмайды.

Жоқарыдағы тийкарсыз хабарлар жалған. Бундай фейк хабарларға исенбең.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
228 viewsedited  13:11
Ochish/sharhlash
2022-08-31 16:09:00

Ҳүрметли ҚР Жоқарғы Кеңес баслығы А. Орынбаев !

Ел ағасы ретинде өз жумысларыңызды саўап ислерден баслап атырғаныңыз ушын шексиз миннетдаршылық билдиремиз !
Жас күш - жигериңизди халық ийгилиги, елимиздиң раўажланыўы ушын аямайтуғыныңыздың және бир дәлийли!

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
325 viewsedited  13:09
Ochish/sharhlash
2022-08-31 14:59:16

Рәсмий мағлыўмат

Социаллық тармақларда Өзбекстан Қахарманы Алланияз Өтениязов тәрепинен Нөкис қаласы аймағында жаратылған бағда өзбасымшалық пенен қурылыс жумыслары алып барылып атырғанлығы ҳаққында жәрияланған мүрәжат бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси төмендегилерди мәлим етеди.

Өзбекстан Қахарманы Алланияз Өтениязов тәрепинен жаратылған бағда өзбасымшалық пенен алып барылып атырған қурылыс жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен жеке қадағалаўға алынып, бул бойынша жуўапкерлерге тийисли тәртипте үйренип шығыў бойынша қатаң тапсырма берилди.

Соныда айрықша атап өтиў орынлы бул бағды саўалландырыў жумысларын шөлкемлестириў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қадағалаўында.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
1.4K views11:59
Ochish/sharhlash
2022-08-31 12:02:15 ДАҒАЗА


Ҳүрметли қала ҳәм район турғынлары!
1-сентябрь күни Өзбекстан Республикасындағы барлық ўәләятлар базарларында "Дем алыс күни" деп белгиленген. Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы базарларында санитария - тазалық жумысларыныӊ алып барылыўына байланыслы "Дем алыс күни" деп белгиленди.

Дерек : Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеӊеси Мәлимлеме хызмети.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
3.4K views09:02
Ochish/sharhlash
2022-08-31 10:38:45

"Бийпул" аўқатланыў темасы және итибарымызда.

Мектеплерде баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқатланыў! (завтрак яки ланч емес) Президент тапсырмасы менен апрель айынан баслап жолға қойылған еди. Тәжрийбе деди, қуллас, таза оқыў жылынан барлығы өз орнына түседи делинген еди.
ҚР Министрлер Кеңеси баслығы Қ. Сариев, жеке өзи, сентябрь айынан баслап барлық талапларға жуўап берген халда,бул илаж қолға алынады деп ўәде берген еди.
Бул тендер дағазасын берген ўәдениң биринши басқышы деп есаплап :

Ҳүрметли ҚР Министрлер Кеңесиниң баслығы Қ. Сариевқа миннетдаршылығымыз шексиз !

P.s.ҚР ХБМне өтиниш ҳәм усынысымыз рәсмий каналыңыздағы постлар еки тилде, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде жарияласаңыз.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
3.0K viewsГуля, edited  07:38
Ochish/sharhlash
2022-08-31 10:30:39 Умумтаълим мактабларининг бошланғич синф ўқувчиларига бепул кейтеринг усулида овқатлантириш хизматини кўрсатувчи тадбиркорлик субъектларини рўйхатини шакллантириш учун эълон!

Ҳурматли тадбиркорлар!

Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамасининг 2022 йил
25 августдаги 472-сон қарорига асос 2022-2023 ўқув йилидан бошлаб Қорақалпоғистон Республикасида жойлашган умумий ўрта таълим мактабларида бошланғич синф (1-4-синф) ўқувчиларини кейтеринг усулида бепул овқат билан таъминлаш белгиланган.

Кейтеринг ташкилотларини танлаб олиш Ўзбекистон Республикаси Халқ таълими вазирлиги томонидан тасдиқланган техник талабларга кўра Ўзбекистон Республикасининг “Давлат харидлари тўғрисида”ги Қонунига ҳамда Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамасининг 2022 йил 25 августдаги 472-сон қарори билан тасдиқланган Низом талабларига риоя этган ҳолда очиқлик, шаффофлик ва рақобат тамойиллари асосида Қорақалпоғистон Республикаси Вазирлар Кенгаши томонидан ўтказиладиган танлов (тендер) якунлари бўйича амалга оширилади.

Шу муносабат билан, танловда (тендер) иштирок этишингиз учун жорий йилнинг 31 август кунидан бошлаб давлат харидлари электрон тизимининг махсус платформаси орқали рўйхатдан ўтишингизни сўраймиз.

Батафсил маълумот учун телефон: (+99861) 222-24-62
3.0K viewsГуля, 07:30
Ochish/sharhlash