Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли ҚР Министрлер Кеңеси баслығы Қ. Сариев ! Кеше барлық | Hoja.uz️

Ҳүрметли ҚР Министрлер Кеңеси баслығы Қ. Сариев !

Кеше барлық социал интернет тармақларда Мәлимлеме хызметиңиз берген мағлыўматта "1-сентябрь базарларда тазалық күни" делинип, сол себепли базарлар ислемейди делинген еди.
Ал, бул жағдайға не деп мағлыўмат берер екенсиз?
Не ушын байрам күни ҳеш қандай себепсиз,ескертиў жәрияламастан базар жанындағы "Стоянка" ислемей тур. Халық болса Төрткул гузары бойлап өзине керек маршруткаларды,яғный жөнелис таксилерин излеп әўере-сарсан?
Президентимиз 5 күн байрамда халқымыз бир-бириниң үйлерине мийманға барсын,елимиз бойлап саяхатқа шықсын, мәдений дем алсын деген мақсетте Пәрман шығармады ма?
"Қас қой десе,көз шығарады" деген усы екендә...
Астыларында хызмет,жеке автотранспорт болғансоң қала, район басшылары халықты ойларма еди?..
"Тоқ бала аш бала менен ойнамайды" дегени-дә...

Каналға ағза болыў: @hoja_uz