Get Mystery Box with random crypto!

Бул фото 'Корзинка' саўда орайында түсирилди. 'Корзинка' саўд | Hoja.uz️


Бул фото "Корзинка" саўда орайында түсирилди.

"Корзинка" саўда орайында ислеген саўдаңызға төлем төлесеңиз қайтымына шырпы яки ығалланған салфетка (влажная салфетка) береди. Мен өзим буның бир нешше мәрте гуўасы болғанман. Бүгинде усы аўҳалдың өзим басымнан дүкан кассасы алдында өз басымнан кеширдим.
Саўда залының администраторын талап еткенимде,хызметтеги жас жигит рациясынан қайта-қайта шақырып зордан саўда залына шығартты.Аты Эля екен,рас атын биле алмадым, себеби бейджик тақпаған. Оның айтқан өтирик бәне - сылтаўларын келтирип отырмай-ақ қояйын. Бирақ ,

Ҳүрметли Салық инспекциясы баслығы !

Бул жерде кассадан тыс саўда айланысы болып атырғанын көре тура индемей отырсызлар !
Бул тиккелей сизиң ўазыйпаңызға киреди, бирақ салықтың искерлиги жқ, айлықты ўақтында алыўынан басқа !

Ҳүрметли Тутыныўшылар хуқықын қорғаў баслығы !

Бул жерде тутыныўшы хуқықы бузылып атыр, ал сизлер болса бизлерге көре-биле тура арза,шағым ьүспеди деп отырасызлар!
Бул мәселерге тек ғана

ҚР прокуроры Э. Таджиев тыйым сала алады деген үмиттемен ҳәм илтимас етемен !

P.s. Алған нәрселери ушын қарыйдар шырпы,салфетка менен төлеп көрсин аларма екен өзлери...

Каналға ағза болыў: @hoja_uz