Get Mystery Box with random crypto!

Hoja.uz️

Telegram kanalining logotibi hoja_uz — Hoja.uz️ H
Telegram kanalining logotibi hoja_uz — Hoja.uz️
Kanal manzili: @hoja_uz
Toifalar: Yangiliklar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 9.48K
Kanalning ta’rifi

➡ Интервьюлар
➡ Қарақалпақстанда N1 проектлер
➡ Ең машқалалы тараўлар хаққында жеке пикирлер
YouTube:➡ https://youtube.com/channel/UCRifr0rHrO8kMJ-sG3dC6Ww
Instagram:➡https://www.instagram.com/hoja.uz?r=nametag
Байланыс:➡ t.me/Hojauz_bot

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

1


Oxirgi xabar

2022-09-02 08:27:16
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:

2022-2023-оқыў жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем 6 500 жаслардың ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилиўи тәмийинленеди.

Мәмлекетимиздиң жетекши жоқары оқыў орынларында экология, аўыл хожалығы, ирригация ҳәм қурылыс бағдарлары бойынша 2023-жылдан баслап, таяныш докторантурада кадрларды мақсетли таярлаў жолға қойылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
1.7K views05:27
Ochish/sharhlash
2022-09-02 07:03:12
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:

Қарақалпақстандағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жер майданларын суўғарыў ушын тереңлиги 5 метрден артық болған ҳәр бир вертикал суўғарыў қудығын бурғылаў ҳәм иске қосыўға байланыслы қәрежетлерин қаплаўға қудықтың ҳәр бир метр тереңлиги ушын 100 мың сумнан, базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен аспаған муғдарда субсидиялар ажыратылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
2.1K views04:03
Ochish/sharhlash
2022-09-01 17:14:38
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:

2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиа билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
3.7K views14:14
Ochish/sharhlash
2022-09-01 17:14:38
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында:

  жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры арқалы 7 жыл мүддетке қарыз қаржылары усынылады.

шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды қаржыландырыў ушын 2022-жылдың ақырына шекем қосымша түрде 200 миллиард сўм кредит ажыратылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
3.6K views14:14
Ochish/sharhlash
2022-09-01 17:14:38
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы ушын:

пайда салығы ставкасы 15 проценттен 7,5 процентке кемейтиледи.

айланба салық ставкасы Нөкис қаласында 4 проценттен 2 процентке, районларда 2 проценттен 1 процентке, алыс аймақларда болса 1 проценттен 0,5 процентке кемейтиледи.

мал-мүлк ҳәм жер салығы ставкалары 2 есеге кемейтиледи.

Каналға ағза болыў: https://t.me/joqargikenes
3.7K views14:14
Ochish/sharhlash
2022-09-01 13:03:40 Ҳүрметли ўатанласлар!

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығы мүнәсибети менен халықтың дем алысын мазмунлы шѳлкемлестириў ҳәм кеўил-кейпиятын кѳтериў мақсетинде 1-4-сентябрь күнлери аралығында мәмлекетлик театрларымызда бийпул қойылатыуғын спектакльлерге мирәт етемиз.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында:

1-3-сентябрь күнлери  саат 17:00де "Ынжықтың мухаббаты" спектакли;

2-4-сентябрь күнлери саат 17:00де "Перзент тәшўиши" спектакли.

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында:

2-сентябрь күни саат 11:00де
"Қорқыт ата" спектакли;

3-сентябрь күни саат 11:00де
"Қопал қошқар" спектакли;

4-сентябрь күни саат 11:00де
"Тоғайдағы байрам" спектакли;

Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында:

2-сентябрь күни саат 11:00де
"Ертеклер - жақсылыққа жетеклер" спектакли;

3-сентябрь күни саат 11:00де "Жақсылық қайтсын" спектакли;

4-сентябрь күни саат 11:00де
"Алтын шөже" спектакли халқымыздың нәзерине бийпул усынылады.

Мәрҳамат, келип мазмунлы мәдений дем алың!

Бәршени театрларымызға мирәт етемиз.

Каналға ағза болыў:https://t.me/QResMinistrlerKenesi
5.1K views10:03
Ochish/sharhlash
2022-09-01 12:21:32

Министрдиң өз хызметкерлерин ҳәр күни қара түнге шекем жумыста услап отырыўын қалай түсинемиз?
Президент Пәрманын орынламаса, Мийнет Кодексине бойсынбаса...

Ҳүрметли ҚР Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары А. Данияров !

Бул ,Министр Г. Бахиева ханымның ис - ҳәрекети нызамға туўры келеме?
Сиз бул тараўды қатты қолға алып, қадағаламақта екенсиз, дем - алыс күнлери,ең әўели, өзи нызамды бузып, район МШБШ "аралаўына" тыйым салыўыңзды, сол арқалы бала бақша хызметкерлериниң байрам күнлерин шаңарақларында мазмунлы өткериўине себепши болыўыңызды сорап қаламан!

Ҳүрмет пенен Г. Каньязова

P.s. тап бүгин министр Г. Бахиева ханым Кегейли районында,ал соң ала Бозатаў районына жол алар екен.

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
3.9K viewsedited  09:21
Ochish/sharhlash
2022-09-01 12:20:41
Дағаза емес ескертиў !

Инсайдерлердиң бизге берген мағлыўматларына көре 1 - 4 сентябрь аралығынада ҚР МШБМ министри Г. Бахиева ханым өз тараў хызметкерлерине, яғный барлық бала бақша (МШБШ) баслықларына, завхозларына жумысларында болыўын талап етип атырған екен. Себеп?- Себеби 6-сентябрь күни республикамызға ӨзР МШБМ министри А. Шин ханым сапары күтилмекте екен. Не ушын шөлкем баслық,завхозлар дем алыс күнлери "мәжбүрий" жумыста қатнасы талап етилмекте? Мәселен бүгин кегейлиши бақша баслықлары, ертең арқа районларда министр өзи сапарда болар екен.
Бул Президенттимиздиң шығарған Пәрманына қарсылықпа,байрамнан соң Ташкенттеги басшыларының келиўин Президент Пәрманынан үстем қойып атырғаны ма ?
Бул министр ушын Президент Ш. М. Мирзеёвтың Пәрманы жоқары ма яки өзиниң "ынжықлығы ма"? "Қас қояман деп көз шығарып алма" деген нақылдың мәнисин жақсылап шағың министр ханым...
3.9K viewsedited  09:20
Ochish/sharhlash
2022-09-01 10:37:50
1-сентябрь — Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик байрамы

Усы мүнәсибет пенен бәршеңизди қутлықлаймыз! Елимиз тыныш, аспанымыз ашық, дослығымыз мәңги болсын!

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
3.7K views07:37
Ochish/sharhlash
2022-09-01 10:24:20
Күн ҳәзили

"Кишкене"лердиң де қорғаўшылары бар яки "күшли"лер бәрҳә прав бола бермейди.
Бул видеодағыдай шаш алынса ҳеш гәп, главный бас аман болсын,бас..
Бундай "шаш" алыўлар жақын аралықта бизиң аймақларда да күтилмекте...(бунысы рас).

Каналға ағза болыў: @hoja_uz
3.9K views07:24
Ochish/sharhlash