Get Mystery Box with random crypto!

alberuniy.uz| Rásmiy kanal

Telegram kanalining logotibi alberuniyuz — alberuniy.uz| Rásmiy kanal A
Telegram kanalining logotibi alberuniyuz — alberuniy.uz| Rásmiy kanal
Kanal manzili: @alberuniyuz
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 6.12K
Kanalning ta’rifi

Nókis Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtınıń rásmiy saytınıń telegram kanalı

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 6

2021-01-31 17:16:51
ЖАННЫҢ РӘҲӘТИ!

"Сылдырлап аққан суўдағы қумырсқа қурғаққа шыққанда қандай ҳалда болса, намаз бенен бирлесип, Рәббисиниң тынышлығын тапқан бенде де сондай ҳалда болады!"

Ийман күшейгенде намазға турып, денең жибип, Аллаҳ тааланың уллылығын танып, тилиңиз бенен Қуранды оқып, маңлайды сәждеге қойып, «Ҳәй, Рәббим» деп мүшкилиңизди айтқаныңызда рәҳәтке жететуғын нәрсе жоқ. Сол гезде денемиздеги бәрше уўайым өзинен-өзи жоғала баслайды.

Сонлықтан да Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә сәллам:

«Ҳәй, Биләл! Азан айтып бизиң жанымызды рәҳәтлендир!» дейтуғын еди!


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
2.0K viewsedited  14:16
Ochish/sharhlash
2021-01-31 12:27:07 “ОНДАЙ ТУЎЫСҚАНЫҢ БОЛҒАНЫНАН...”

Адамлар арасында
«мен қанша жақсылық қылсам да, туўысқанларым маған қиянет қылады»,
«ағайин менен алыстан қатнасқан жақсы»,
«бундай туўысқаның болғанынан болмағаны жақсы»
"ондай туўысқанның барынан жоғы..." деген пикирлер жийи-жийи ушырасады. Усындай жаман ойдың кесиринен көп адам өзиниң қаны бир туўысқаны менен ат қуйрығын кесисип, көрместей болып жүргенлер де жоқ емес. Ҳәтте, бир-бири менен жағаласып жүрген жақынларды да көрип қаламыз

Бул – әлбетте, руўхыятымыздың төменлигиниң көриниси. Өйткени, халқымыз әзелден бир-бирине өкпелессе де, өлимге қымайтуғын, «сеннен аяғанымды ийт жесин» деп, жарты нанын жақынына бөлип беретуғын болған.

Билиң, еки адам қапаласса, мудамы ақылы бары гүналы болады. Себеби, ол ашыўын ақылына жеңдирип, ең биринши кеширим сорайды. Ал кеширимди биринши болып сораған адамның саўапқа алды менен жететуғыны ҳәдислерден белгили. Туўысқаны зулымлық қылса да, оның кемшилигине кеширим менен қарап, адамгершиликтиң шыңына жеткен адамға Аллаҳ таала Өзи жәрдемши болады екен.

Адамға туўысқанлары менен қандай қарым-қатнас қылыўды үйрететуғын мына бир ҳәдис дәлил бола алады:

АЛЛАҲ ТААЛА САҒАН ӨЗИ ЖӘРДЕМШИ БОЛАДЫ!

Бир күни бир адам Пайғамбарымыз алайҳиссаламға келип: «Ҳәй, Аллаҳ тааланың елшиси, мениң туўысқанларым бар. Мен олар менен туўысканлық байланысымды үзбеймен, ал олар болса қатнасқысы келмейди, мен оларға жақсылық қыламан, ал олар маған зулым қылады, мен оларды сыйлайман, ал олар болса мениң менен надан адамлар сыяқлы сөйлеседи», – деп шағым қылды.
Сонда Пайғамбарымыз алайҳиссалам оған: «Егер жағдай расы менен де сен айтқандай болса, уўайымлама, сен утылып атырған жоқсаң, керисинше Аллаҳ таала саған Өзи жәрдемши болады!» – деген екен.
(Имам Муслим рәўияты)

Ҳақыйқатында да, «туўысқанлық - Аллаҳ тааланың «Раҳийм» сыпатының аталыўынан келип шыққан. Туўысқанлық қатнасты сақлағанды Аллаҳ таала мийирбаншылығына бөлейди, ал байланысын үзгенди мийирбаншылығынан бос қалдырады. Сонлықтан жақынларымыз бенен қарым-қатнасқа жүдә абайлы болайық.


Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA
2.5K viewsedited  09:27
Ochish/sharhlash
2021-01-31 12:24:54
1.8K views09:24
Ochish/sharhlash
2021-01-31 10:44:21 #тәрбия

Утысқа ерискен инсанлардың өзине тән қасийетлери:

1. Басқалар әўметим жүриспеди деген жағдайды, олар өмирдиң сабақлары деп биледи;

2. Басқалар қыла алмайтуғын исти, олар бир жолын таўып изленеди, қол силтеп кетпейди;

3. Олар анық, бир нәрсеге тийкарланған режелерди қабыл қылады;

4. Басқалар әўмет келиўин күтип отырса, олар әўметти өзлери излейди;

5. Басқалар сыяқлы оларда да қорқыў бар. Бирақ, қорқыў оларды басқара алмайды. Олар қорқыўды тек ғана қәўетерлениў деп түсинеди;

6. Олар машқаладан қашпайды, тек ғана машқалаға тик қарайды;

7. Олар оптимист адамлар, сол себепли пайдалы тәреплерди көре алады;

8. Олар ҳеш қашан үйрениўден шаршамайды. Ҳәр қандай өмирлик тәжрийбе олар ушын сабақ есапланады;

9. Олар өзиниң ислерин ҳеш қашан артқа сүрмейди. Бул истен олар ҳеш қашан бир нәрсениң келиўин күтпейтуғынын билип алса болады;

10. Олар өзин қандай сезинип турса да, қылыўы керек болған исти әлбетте қылады.

Сиз де, усындай инсан болыўды қәлейсиз бе, онда жоқарыда айтылған мағлыўматларды оқып, өмириңиздиң бир бөлегине айландырың!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
1.4K views07:44
Ochish/sharhlash
2021-01-31 09:08:20
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
1.8K views06:08
Ochish/sharhlash
2021-01-31 07:13:56
#ҳикмет

Қолыңды бендеге емес, Аллаҳ таалаға жай. Адамлар 5-10 сўм пулын қыймаўы мүмкин. Ал, берекет бериўши, Жаратқан Аллаҳ таала «бендеси еки қолын көтергенде, оны бос қайтарыўдан уялады!»


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram каналымыз: @alberuniyuz
Instagram каналымыз: instagram.com/alberuniyuz
2.1K viewsedited  04:13
Ochish/sharhlash