Get Mystery Box with random crypto!

“ОНДАЙ ТУЎЫСҚАНЫҢ БОЛҒАНЫНАН...” Адамлар арасында «мен қан | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

“ОНДАЙ ТУЎЫСҚАНЫҢ БОЛҒАНЫНАН...”

Адамлар арасында
«мен қанша жақсылық қылсам да, туўысқанларым маған қиянет қылады»,
«ағайин менен алыстан қатнасқан жақсы»,
«бундай туўысқаның болғанынан болмағаны жақсы»
"ондай туўысқанның барынан жоғы..." деген пикирлер жийи-жийи ушырасады. Усындай жаман ойдың кесиринен көп адам өзиниң қаны бир туўысқаны менен ат қуйрығын кесисип, көрместей болып жүргенлер де жоқ емес. Ҳәтте, бир-бири менен жағаласып жүрген жақынларды да көрип қаламыз

Бул – әлбетте, руўхыятымыздың төменлигиниң көриниси. Өйткени, халқымыз әзелден бир-бирине өкпелессе де, өлимге қымайтуғын, «сеннен аяғанымды ийт жесин» деп, жарты нанын жақынына бөлип беретуғын болған.

Билиң, еки адам қапаласса, мудамы ақылы бары гүналы болады. Себеби, ол ашыўын ақылына жеңдирип, ең биринши кеширим сорайды. Ал кеширимди биринши болып сораған адамның саўапқа алды менен жететуғыны ҳәдислерден белгили. Туўысқаны зулымлық қылса да, оның кемшилигине кеширим менен қарап, адамгершиликтиң шыңына жеткен адамға Аллаҳ таала Өзи жәрдемши болады екен.

Адамға туўысқанлары менен қандай қарым-қатнас қылыўды үйрететуғын мына бир ҳәдис дәлил бола алады:

АЛЛАҲ ТААЛА САҒАН ӨЗИ ЖӘРДЕМШИ БОЛАДЫ!

Бир күни бир адам Пайғамбарымыз алайҳиссаламға келип: «Ҳәй, Аллаҳ тааланың елшиси, мениң туўысқанларым бар. Мен олар менен туўысканлық байланысымды үзбеймен, ал олар болса қатнасқысы келмейди, мен оларға жақсылық қыламан, ал олар маған зулым қылады, мен оларды сыйлайман, ал олар болса мениң менен надан адамлар сыяқлы сөйлеседи», – деп шағым қылды.
Сонда Пайғамбарымыз алайҳиссалам оған: «Егер жағдай расы менен де сен айтқандай болса, уўайымлама, сен утылып атырған жоқсаң, керисинше Аллаҳ таала саған Өзи жәрдемши болады!» – деген екен.
(Имам Муслим рәўияты)

Ҳақыйқатында да, «туўысқанлық - Аллаҳ тааланың «Раҳийм» сыпатының аталыўынан келип шыққан. Туўысқанлық қатнасты сақлағанды Аллаҳ таала мийирбаншылығына бөлейди, ал байланысын үзгенди мийирбаншылығынан бос қалдырады. Сонлықтан жақынларымыз бенен қарым-қатнасқа жүдә абайлы болайық.


Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA