Get Mystery Box with random crypto!

#тәрбия Утысқа ерискен инсанлардың өзине тән қасийетлери: 1 | alberuniy.uz| Rásmiy kanal

#тәрбия

Утысқа ерискен инсанлардың өзине тән қасийетлери:

1. Басқалар әўметим жүриспеди деген жағдайды, олар өмирдиң сабақлары деп биледи;

2. Басқалар қыла алмайтуғын исти, олар бир жолын таўып изленеди, қол силтеп кетпейди;

3. Олар анық, бир нәрсеге тийкарланған режелерди қабыл қылады;

4. Басқалар әўмет келиўин күтип отырса, олар әўметти өзлери излейди;

5. Басқалар сыяқлы оларда да қорқыў бар. Бирақ, қорқыў оларды басқара алмайды. Олар қорқыўды тек ғана қәўетерлениў деп түсинеди;

6. Олар машқаладан қашпайды, тек ғана машқалаға тик қарайды;

7. Олар оптимист адамлар, сол себепли пайдалы тәреплерди көре алады;

8. Олар ҳеш қашан үйрениўден шаршамайды. Ҳәр қандай өмирлик тәжрийбе олар ушын сабақ есапланады;

9. Олар өзиниң ислерин ҳеш қашан артқа сүрмейди. Бул истен олар ҳеш қашан бир нәрсениң келиўин күтпейтуғынын билип алса болады;

10. Олар өзин қандай сезинип турса да, қылыўы керек болған исти әлбетте қылады.

Сиз де, усындай инсан болыўды қәлейсиз бе, онда жоқарыда айтылған мағлыўматларды оқып, өмириңиздиң бир бөлегине айландырың!


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ