Get Mystery Box with random crypto!

alberuniy.uz| Rásmiy kanal

Telegram kanalining logotibi alberuniyuz — alberuniy.uz| Rásmiy kanal A
Telegram kanalining logotibi alberuniyuz — alberuniy.uz| Rásmiy kanal
Kanal manzili: @alberuniyuz
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 6.12K
Kanalning ta’rifi

Nókis Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtınıń rásmiy saytınıń telegram kanalı

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Oxirgi xabar 2

2022-08-30 20:30:40
#қайырлы_түн

Аллаҳ тааланың разылығына алып баратуғын жоллардың бәрин изертлеп көрдим. Ең қысқа жол – адамларды бахытлы қылыў екенлигин көрдим!

(Даналар сөзи)

Уйқыға жатыўдан алдын ойлап көриң қәдирдан, бүгин кимди қуўанттыңыз..?


https://t.me/alberuniyuz
2.0K viewsedited  17:30
Ochish/sharhlash
2022-08-30 18:36:49
#ҳикмет

    Үзилген ҳәр қандай арқанды қайта қосып байлаў мүмкин, бирақ байланған жерде түйин пайда болады.


    Яғный, ағайин-туўысқанларың ҳәм дос-яранларың менен байланысты үзбе, туўры, ҳәр қандай байланысты қайта тиклеў мүмкин, бирақ, бәрибир кеўилде бурынғы дық-гийне қалып қояды.

https://t.me/alberuniyuz
1.7K viewsedited  15:36
Ochish/sharhlash
2022-08-30 11:54:34
#Жаңалықлар

БИЛИМ ЖУРТЫНДА МУДАРРИСЛЕР КЕҢЕСИ БОЛЫП ӨТТИ

2022-жылдың 30-август күни ”Муҳаммад ибн Аҳмад әл Беруний” орта арнаўлы ислам билим журтында 2022-2023 оқыў жылы ушын мударрис ҳәм исши-хызметкерлер кеңеси болып өтти.

Онда 2022-2023 оқыў жылындағы сабақ саатлары бөлистирилиўи, улыўмалық ҳәм қәнигелик пәнлерди оқытыўды тағы жетилистириў бойынша тийисли ис-илажлар, талаба-жасларға тәлим менен бир қатарда тәрбия ислерин де теңдей алып барыў бойынша билим, көнликпелерди пайда етиў ҳаққында көрсетпелер ҳәм жаңа оқыў жылына ҳәр бир оқытыўшы да өзине бекитилген пәнлерден Оқыў методикалық қолланбалардың болыў керекли, сондай-ақ, бир қатар мәселелерге де тоқталып, әҳмийетли мәселелерге сай шешимлер мударрислер кеңеси қарары менен қабыл етилди.

https://t.me/alberuniyuz
1.9K views08:54
Ochish/sharhlash
2022-08-30 09:54:00
ДОС ҚӘДИРИН ТҮСИНИЎ УШЫН...

Саған қылған жәрдеми ушын жәрдемниң қайтыўын сорамайтуғын...
Қыйналсаң биринши жаныңнан табылатуғын...
Минезиң менен сырларыңды сыртқа жәрия етпейтуғын...
Жығылсаң биринши қолын созатуғын...
Ҳешқандай туўысқанлық қарым-қатнасы жоқ болса да, ең жақыныңа айланған адам...
Ол сениң ҲАДАЛ ДОСТЫҢ!

Данышпанларымыз:

"Дос боламан десең,
Достымды сыйла, қымбатлым!
Достыңа сонда,
Достым менен ғана қымбатпан" -,
деп дослықтың қәдирли уғым екенлигин қосық қатарлары менен жеткереди.

Достың қәдирин түсиниў ушын Пайғамбарымыз алайҳиссаламның: "Дослық - әўладтан әўладқа өтетуғын мийрас", - деген сөзи сен ушын жетерли болса керек!?
(Имам Буxарый рәўияты)

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/alberuniyuz
1.8K views06:54
Ochish/sharhlash
2022-08-30 08:16:24
#ҳикмет

   Үш адамның гәпин зинҳар бөлме
ҳәм итибарсыз қалдырма:


1. Ата-ана
2. Жас бала
3. Мүсийбетке ушыраған инсан.

    Себеби, олардың қәлби сөйлейди.

Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!

https://t.me/alberuniyuz
1.8K viewsedited  05:16
Ochish/sharhlash
2022-08-29 18:09:17
#Илимге_шақырыў

ЕЛЕ ДЕ КЕШ ЕМЕС

Дүньяға белгили қирәәт имамларынан бири имам Кисәий раҳимаҳуллаҳ 40 жасқа толғанша тек қой бағып жүрген ҳәм мал-дүнья топлаў менен әўере болған.
Күнлерден бир күни қой бағып жүргенде бир ҳаялдың даўысын еситип қалады, ҳаял баласын медресеге апаратырған болады, баласы: "Бармайман" деп турған екен, ал анасы баласына:
- Сен әлбетте тәлим алыўың керек. Тәлим алмасаң мына шопанға уқсап қаласаң, дейди.

Кисәий буны еситип: "Еле мен балалар қорқытылатуғын аўҳалға түстим бе?", деп қатты өкинеди ҳәм бар мал-мүлкин сатып илим үйрениўге кириседи. Нәтийжеде, он қирәәт имамларының бири болыў дәрежесине ериседи.


https://t.me/alberuniyuz
1.1K views15:09
Ochish/sharhlash
2022-08-29 17:00:19
#Кириў_имтиҳанлары #Мандат_2022_2023

Ассаламу алайкум!

Хабарыңыз бар, Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний  орта арнаўлы ислам билим журтының 2022-2023 оқыў жылы қабыллаў ушын усы жылдың 23-август күни болып өткен имтиҳан нәтийжелери.

https://t.me/alberuniyuz
1.8K viewsedited  14:00
Ochish/sharhlash
2022-08-29 17:00:19
#Кириў_имтиҳанлары
#Мандат_2022_2023
1.7K viewsedited  14:00
Ochish/sharhlash
2022-08-29 17:00:19
#Кириў_имтиҳанлары
#Мандат_2022_2023
1.6K viewsedited  14:00
Ochish/sharhlash
2022-08-29 17:00:19
#Кириў_имтиҳанлары
#Мандат_2022_2023
1.5K viewsedited  14:00
Ochish/sharhlash