Get Mystery Box with random crypto!

Мийнет түби рәҳәт. Хәр адамның қолында өнери болса, өмир | "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы каналы

Мийнет түби рәҳәт.

Хәр адамның қолында өнери болса, өмирде ҳеш қашан қағылмайды. Өнерли адам барлық ўақыт ел ардағында болары сөзсиз. Өнерсиз адам ҳеш ўақыт, ҳеш жерде абырай таба алмайды. Адамның өнери қанша көп болса, яғный ис көзин таныса, өмирде өз орнын табыўы сонша аңсат.
Өнерли адам турмыс машақатларын тез жеңе алады. Олар өзлери ушын, туўысқанларына, қоңысы-қобаға ҳәм жәмийетке үлкен пайда келтиреди. Абырой итибарға ийе болады, ал енди өнерсиз адам оның кериси өмирде қағылыў менен сүрилип жүреди.
Ҳәр бир өнердиң өз сыры машақаты бар, оған шыдаған сабырлы адамлар ғана жетиседи.
Өнер-таўсылмас байлық.
Өнерли адамлар өнери менен мийнети менен бай.
Өнери қолында адамды ҳәш ўақыт байлығы таўсылмайды. Өнерли адам "Ат изин тай басады" дегендей изине ул-қызларына өз өнер сырларын ашып мийрас етип таслап кетеди. Бул өнер әўладтан-әўладқа мийрас болып қалады. Өнерли адам хор болмас.
Барлық жерде устаз шәкирт кең тарқалған. Өнерди үйреткен уста, сол өнерди жақсы өзлестирген адам шәкирт деп аталады. Шәкиртиң талантлы, зийинли, ақыл-парасатлы болса,, өнердиң барлық сырларын толық өзлестиреди.
Ҳәр бир шәкирт устазына уқсаўға ҳәрекет етеди, сонлықтанда "устаздан озбаған шәкирт, шәкирт емес" деген сөз қалған.
Халықта сөз бар "Дийханның тапқан наны ҳадал". Дийханшылықта бир өнер, оның сырын билген дийхан болады. Ала бәҳәрден қысқа дейинги аралықта егинлери тәрбиясы менен шуғылланып, мол зүрәәт алыўға ҳәрекет етеди.
Өнерментшиликтиңде көп түрлери бар. Нағыс ойыў, жай салыўшы, зергер, безекшилик, гилем тоқыўшы, гүләлшилик, ағаш уста ҳ.т.б түрлери бар. Өнер үйрениу ушын да өнер керек.
Өнерлиниң қолы алтын.
Өнер зийнети адам зийнети.

Нөкис районы 5-мектеп оқытыўшысы.
Уразымбетова Базаргүль.