Get Mystery Box with random crypto!

"УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы каналы

Telegram kanalining logotibi ustaz2020 — "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы каналы У
Telegram kanalining logotibi ustaz2020 — "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы каналы
Kanal manzili: @ustaz2020
Toifalar: Taʼlim
Til: Oʻzbek tili
Mamlakat: Oʻzbekiston
Obunachilar: 359
Kanalning ta’rifi

USTAZ joli gazetasi
УСТАЗ ЖОЛЫ газетасының ресмий @ustaz2020 каналы.
Бәрше пән муғаллимлерин сабақ исленбе, ашық сабақ, мақала, уақыя хәм гүрриң бағдары бойынша таңлауларға қатнасып педагогикалық тәжирийбесин бөлисиуге шақырамыз.

Ratings & Reviews

1.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

2


Oxirgi xabar

2021-02-02 11:54:33 «Мактаб ўқитувчиларининг ойлигини 2024 йилгача минг долларга етказишни мўлжаллаганмиз» — вазир ўринбосари

Халқ таълими вазирлиги 2024 йилгача мактаб ўқитувчиларининг ойлигини минг долларга етказишни режалаштирган. Бу ҳақда вазир ўринбосари Темур Комилов маълум қилди, дея хабар бермоқда Kun.uz мухбири.

«Президентимизнинг топшириғига кўра, ўқитувчиларнинг ойлигини 2024 йилгача халқона тилда айтганда минг долларга етказишни мўлжаллаганмиз ва бу масалада таклифлар тайёрланмоқда.

Қарор лойиҳаси ишлаб чиқилгач, уни албатта, жамоатчилик, хусусан, ўқитувчи-устозларимиз билан муҳокама қиламиз», – деди Комилов 1 феврал кунги матбуот анжуманида.

Темур
Комилов халқ таълими тизимидаги молиявий қинғирликларга изоҳ бераркан, улар асосан нақд пулдан ўғирлаш, ишланмаган соатларга қўшиб ёзиш, лавозим маошларини нотўғри қўллаш (мутахассисга олий тоифали ўқитувчининг ставкасида маош белгилаш), малака-тоифа сертификатларини қалбакилаштириб, асоссиз ва ноқонуний маош қўшиб ёзиш кўринишида амалга оширилганини айтди.

Солиқ идораларига ҳали ишланмаган давр учун ходимларнинг маошидан солиқ тўлаб юбориш ҳолатлари ҳам учраб тургани таъкидланди.

Вазир ўринбосарига кўра, молиявий камомадларга асосан иш ҳақини ҳисоблаш бўйича ниҳоятда кўп меъёрий-ҳуқуқий ҳужжатлар ва инсон омили сабаб бўлмоқда. Шу боис ҳозирда халқ таълимини бошқаришнинг ягона мажмуавий комплексини ишлаб чиқиш бошланган ва иш ҳақини ҳисоблашда автоматлаштириш сари қадам ташланган.

https://t.me/oqituvchi_ga
985 views08:54
Ochish/sharhlash
2021-02-02 07:37:11
583 views04:37
Ochish/sharhlash
2021-02-02 07:37:11
546 views04:37
Ochish/sharhlash
2021-02-02 07:37:11
508 views04:37
Ochish/sharhlash
2021-02-02 07:37:11 Жасларды коллап қуатлау жылы.

Жоқарғы оқыу орнында оқыу хəр бир ул-қызларымыздың алдына қойған жоқары мақсети. Бугин мен хəм маған уқсаған жасларымыз улкен қуанышта. Президентимиз Шавкат Мирзиёев жаслар форумында ,,Жергиликли хəкимлер хəм де хəр бир район, қалалардан 5 адамға шекемги талантлы жасларды мəденият хəм көркем өнер жоқары оқыу орынларында жергиликли бюджет есабынан оқытады. Ендиликте оларды өз аймағында уй-жай хəм қəнигелиги бойынша жумис пенен тəмеинлеу шараланын көреди. Егер 10-январға шекем усы усыныс бойынша тийисли керекли ислерди көриуге улгерсек, онда усы жасларды усы оқыу жылының өзинде ақ 1-курстан қабыл қыламыз. Бəрибир пəндемия себеп ярым жыллық оқыулар онлайн болды" деген еди.
Президентимиздиң 2020-жылы 25-декабрь кунги "Узбекистан жаслары форумын" дағы тапсырмасына тийкар Республикамиздың абрайлы жоғары оқыу орынларының бири Өзбекстан мəмлекетлик көркем-өнер хəм мəденият институты Нөкис филиалына 5 талантлы жас оқыуға Хожели районынанда қабыл етилди. Усы минəсебет пенен 5 жыллық оқыу дəуириндеги кантракт пулларымызды бюджет есабынан толық төлеп бериуге район хəкимлиги тəрепинен кепиллик берилди. Буниңдай бахытқа миясар болған Пийшенбаева Гулбахар Ғанийбай қызы Хожели 5-санлы БМКОМ Миллий музыка бөлими муғəллими,
Қанатбаев Али Ниетбаевич Хожели районы 4-санлы БМКОМ Миллий музыка бөлими муғəллими,
Даулетниязова Бибихажар Хожели районы Мəденият бөлимине қараслы мəденият орайының жаслар мəселеси бойынша кəнигеси,
Қадирниязов Ақылбек Қадирниязович Хожели районы 14-санлы БМКОМ Миллий музыка бөлими муғəллими,
Байрамбекова Сарбиназ Азатовна Хожели районы 22-санлы БМКОМ Миллий музыка бөлими муғəллими. Қарақалпақстан Республикасы бойынша бизиң Хожели районы хəкими Жеңис Ермашов бириншилерден болып 5 студенттың кантракт пулын төлеп берди. Бул ушын Жеңис Ермашовқа шексиз миннетдарман хəм исенимин ақлап өз талантымызды жузеге шығарып еле де рауажландырып Қарақалпақ халқының мəдениятын путкил дуньяға таратыуға хəрекет етемен. Келешекте жоқары мағлуматлы жетик маман кəниге болып келешегимиз болған жасларды ана уатанымызға садық, халқымыздың миллий мəдениятына деген суиспеншилигин арыттырыуға бар куш, билимимди жумайман.

Хожели районы 5-санлы БМКОМ Миллий музыка бөлими муғəллими Гулбахар Пишенбаева
571 views04:37
Ochish/sharhlash
2021-02-01 19:40:17 Ассалаўма алейкум! Бүгинги күн темасына! Күн темасы жүдә әжайып! . Мийнет етиў—инсанның тиришилиги, соның менен бирге заўық, ләззәт бағышлаўшы күши. Ҳадал мийнет пенен ерискен ҳәрқандай нәрсе татлы болады. Кишкене ўақытымызда үйге қонақ келе берип шаршадық я аўқатлана да алмадық десек, әкем олай деме сизлерде мийман болып барсаңыз сизлерди де тынбай күтеди деген, соннан берли булай айтпайтуғын болдық. Ата-анам өмир бойы дийханшылық пенен шуғылланды, үйдеги балаларды бәримизди қарықтың ишин қыршып жарыстыратуғын еди, ким биринши болса қалаға апарып қыдыртаман дейди, оннан сайын ҳәрекет етемиз. Еле кишкентай ўақтымызғо қарық қыршып атырып маңлайдағы теримиз үлкен болып жайылып турған асқабақлардың пәлегине тамып кетсе, әке мына қабағымыз мазалы болады я маңлай теримиз тийдиғо деймен, жымыйып күлип қояды. . Ҳәр бир мийнеттиң өзине тән қыйыншылықлары болады. Ең әҳмийетлиси ислеген жумысымыздың өзимизге ҳәм басқаларға пайдалығын да билиў. Мийнеттиң арқасында қаншама шоққыларға ерисилген. Уллы инсанлардың қандай унамлы нәрселерге ерисиўиниң нәтийжеси де сол тынбай мийнет ислеўи тийкар. Шаңарақтағы мийнет етиў, искерлик, күш-ғайрат ҳәр исте де үлги болады деп ойлайман. Себеби тынбай ҳадал, дурыс мийнет исленген жерде әлбетте жетискенлик болады! Нөкис районы 22-мектеп. Чонаева Шынар
526 views16:40
Ochish/sharhlash
2021-02-01 17:56:08 Мийнетиңниң жемиси

Ырғалып турған бир дарақ,
Мийўелери тур сырығып.
Урған жери мол топырақ,
Көркине көрк қосажақ.



Алыс болсада көзге жақын,
Шайқалып турған шақасы.
Мийўесиде дым ширин,
Еткен қанша мийнетин.



Мийнетиңниң жемиси,
Көринеди барынша.
Қыйналғаның умыт болып,
Рәҳәтленесең соңында.



Жас ўақтыңда мийнет ет,
Мийнетли болар жемисли.
Көп мийнеттиң арқасы,
Гүлленген жери кемиси.



Қыял сүрсеңде қанша сен,
Мийнетиңнен жетерсең.
Мийнетсиз ҳәм өтерсең,
Кеўлиң толмай кетерсең.



Ата-бабам мийнет етип өтипти,
Бар дәўлетим камалына жетипти.
Барыңша бол мийнет етип удайы
Боладығой мийнетиңниң жемиси.



Кегейли районы 23-санлы мектеп муғаллими Жуманазарова Тамара.
492 views14:56
Ochish/sharhlash
2021-02-01 17:56:07 Мийнет жолы

Мийнет жолына тең келер зат барма?
Ол бурыннан тиришилик дүнья көркиғой,
Көрип жүрмиз күнделикли турмыстан,
Бахыт гилтин мийнеткештиң қолында.

Мийнет етип жетеди ақыл санамыз,
Мийнет етип гүлленеди аўыл қаламыз,
Мийнет етип тәбияттан нешше жыллық,
Тонна-тонна байлығын да алғанбыз.

Адам заттың көрки саўлатлы мийнет,
Адамның ақыл ,абырайын мийнет,Адам болмаған өзинен өзи,
Адамның төркини түп тийкары мийнет.

Адам сулыў мийнет пенен ҳәр қашан,
Сонлықтан да инсан ушын абырай мийнет пенен,
Мийнетим алғысым намыс арым,
Мийнет етип алсам алғыснаманы,
Устаз жолына қосқан үлесим.

Утамбетова Сарбиназ
Кегейли районы
23-санлы мектеп
223 views14:56
Ochish/sharhlash
2021-02-01 17:56:07 Күн темасы:
Мийнет етсең еринбей,
Тояды қарның тиленбей
Ата- бабамыздан айтылмай қалған сөз жоқ десекте болады.Шынында да мийнет - бахыт келтиреди.Мениң ата-анам сондай мийнеткеш адамлар еди.Бир күнде үйде отырғанын көрмедим.Әкемниң бир айтып берген уақыясы еле ядымнан кетпейди.Жаслау 40 лар шамасында оған бир жууапкерли жумыс тапсырған.Жоқары лауазымда ислейтуғын бир рус миллетли хаял болыпты.Ол бәрхә машинада жүретуғын еди.Бир күни ол хаял Алламуратов сизге мына жерлерге (жолға )шебинди төгип тегислеп жайыуыңызды тапсыраман 10 күн мәулет деп кетипти.Мениң ағам сол жумысты күни-түни ислеп 3 күнде болыпты да , болғанлығын айтыпты.Ол хаял мүмкин емес деп исенбей келип көрсе айтылған жерлерге шебин төселип айтқанындай етип исленгенин көрип, бизиң ағамды мақтап хошаметлепти.Сол айтқаны мениң хеш ядымнан кетпейди.Ал, анам болса мешиттей мектеп бар ма? Халық билимлендириу бөлими хәм телерадио комитетиниң полларын жууып хүрмет тахталарында сүурети илинип турды.Мениң ата-анамның соныңдай хадал мийнеттиң арқасында тапқан пуллары жақсы күнлерине буйырды. Бизлер 7 перзент 2 ул 5 қыз едик.Хәммемиз үйли жайлы болып, түскен жерлеримизде суудай сиңип, тастай батып хожалық болдық.Болмаса үйдиң ерке қызлары болып едик.Хәмме қыйыншылықты мийнет арқасында жеңдик.Енем мени балларынан кем көрмеди.Ол уақытлары қар көп жауатуғын еди, қарды артып, кранымыз қатып қалса газге тас қойып еритип суу тасып түнде болсада хәмме ыдысларды толтырып жатаман.Себеби азанда тағы кранымыз қатып қалады.Бир үйде 16 адам жасар едик.Таң азаннан кешке шекем бир тынбай жумыс ислер едим.Азанда ерте бөлмемнен шығып , түнги 12 лерде жайыма киретуғын едим. Бирақ сол уақытлары хеш ауырмай, мийнет еткен сайын қан айланысым жақсы болып денсаулығым күшли еди.Хәзир көп қабатлы жайлардың биринде жасаймыз.Кран иште ыссы суу, муздай суу тайын. Жумыс аңсатласқан сайын жатқымыз келип , диңкемиз қурып баратыр.
Бирақ дала жумысын соныңдай жақсы көремен.Мектепте пахтадан қалып көрмедим.Мүғәллимлер орнына адам жалласа мен өзим барып келер едим.Себеби ауылдың таза хауасынан тойып-тойып дем алар едим.Шайырлардың көбиси ауылда өскеннен кейин жақсы дөретпелер дөретеди екенғо, таза хауа , қандай жақсы маллардың мөңирегени, қоразлардың шақырғаны тандырларда жабылған нанның ийиси, бәри-бәри адамға басқаша бир ләззет бағышлап қосық айтқың келип кетеди екен.
"Мийнет түби- рәхәт ".
"Жаслығымда бер мийнет, қартайғанда бер рәхәт" деп халқымыз бийкарға айтпаған екен.

Алламуратова Гүлпаршын.
Нөкис қаласы 9-санлы мектептиң қарақалпақ тили хәм әдебияты пәни мүғәллими.
458 views14:56
Ochish/sharhlash
2021-02-01 16:41:38 КУН ТЕМАСЫ

Мийнетти суйген инсаннан хамийше жаксылык мийрас болып калады.Жаксыдан баг,жаманнан даг сыяклы накыл-макаллар аркалы ата бабаларымыз бизге омирде кандай жасау кереклигин корсетип кеткен.Соларга амел кылсак максетине ерисесен.Баг калдырыу хар кыйлы манисти билдиреди. Мысал ушын Ибрайым атамыздын доретпелери багдагы сулыу гуллер,оларды окысан зейнин ашылып косыкларында сейил етесен. К.Камаловтын каракалпак жеринде ислеген мийнетлери ,Алланияз аганын мийнетлери ,ауыл аралап озинин бай тажрийбесин шыпакерлерге таслап кеткен Т Ещанов,Оразымбет агаларды,каракалпак искуствосында озинин такирарланбас рольлери менен халык журегинен орын алган Ш Отемуратовты,бизге бахытлы заманды инам еткен Уллы урыс катнасыушыларын ,каракалпак дастанларын ауылма ауыл жыйнаган,фольклорымызды байыткан инсанлар илим гайраткерлери,халыктын социаллык экономикасында рауажланыуында пропоганда жумысларын алып барган журналистлерди,халык балаларын сауатландырыу жолында жанын пида еткен даслепки мугаллимлерди,хаял кызлар арасында бириншилерден болып шыккан актрисаларымызды хам механизаторларымызды атап отсек арзыйды. Кайсы тарауды шукыррак уйренсек бизге бийбаха мийнетлери улкен мийуели багы турыпты. Демек жаксыдан баг дегенде озинин адамгершилиги,мийнетлери менен баг жараткан инсанларды тусинемен,ал жаманнан даг калыу бул омири дауамында ислеген намартшиликлери болып табылады. Акыры жаман болыу бир майданда,ал жаксы болып абырой арттырыу ушын жыллап керек,бунын ушын колдан келгенинше ибратлы ислер ислеу керек.
Назарбекова Г 41-мектеп Нокис
448 views13:41
Ochish/sharhlash