Get Mystery Box with random crypto!

МИЙНЕТ - БАХЫТ 'Мийнет бахыт - келтиреди' адамға, Хошжақпайд | "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы каналы

МИЙНЕТ - БАХЫТ

"Мийнет бахыт - келтиреди" адамға,
Хошжақпайды оны билмес наданға,
Бүгинги күн қәдирленер бул инсан,
Бөленеди, ҳурметленер шамамда.


Мийнет - бахыт гилти" деген даналық,
Мийнетке зор керек болар садалық,
Ҳақкеўилден ислей билсең аянбай,
Изде қалған бийғубарың балалық.


"Мийнет -етсең наның болар қалың"ды,
Қорғар сениң намыс пенен арыңды,
Ойланбастан иштейленип мезгилли,
Дастурханға қойып жерсең барыңды.


"Мийнет сени даңққа болер" мудамы,
Ҳадал териң төгилгенде удайы,
Саўлығыңа сәлем берип шыпалы,
Үйреншикли қабарған қол пидайы.


Сом полаттан жаратылсын жүрегиң,
Сыбаныўлы болсын иске билегиң,
Гүл-гүл дөнип турсын жүзиң жадырап,
Палын татың мийнетиңниң тилегим!


ТАЖИМУРАТОВА УРИМХАН У.
01.02.2021.