Get Mystery Box with random crypto!

Мийнет, өнерге байланыслы Нақыл-мақаллар Өнерли қол а | "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы каналы


Мийнет, өнерге байланыслы Нақыл-мақаллар

Өнерли қол арымас,
Өнерсиз қол жарымас.
Өнерди үйрен, үйрен де жийрен.
Өнер, өнерге бәри көнер.
Билимниң көплиги жоқ,
Өнердиң артықлығы жоқ.
Билек сүриндирмегенди билим сүриндиреди.
Уста ислейди, қурал ислемейди.
Алтынды ерите алмаған иритеди,
Терини ийлей алмаған ширитеди.
Мақтаншақтың өнери аз.
Сынбасты уста соқпас.
Жети өлшеп, бир кес.
Иси көп-көмири аз,
Уста көп-темири аз.
Шебердиң көзи қолында,
Қолыңнан ис қалмасын.
Қайбир исте болса да,
Тилиң, қолың талмасын.
Узын сөз қысқа болмас,
Үлгисиз уста болмас.
Кийим тозады,
Өнерли озады.
Бир жыл тут еккен киси,
Жүз жыл гәухар тереди.
Еккенде жоқ, тиккенде жоқ,
Қырманда таяр.

Топлаған
Хожели районы 8-мектеп
Баслауыш класс муғаллими
Мәмбетниязова Замира