Get Mystery Box with random crypto!

Мийнет инсанды жақсылыққа жетеклейди Инсанның д | "УСТАЗ ЖОЛЫ" газетасы каналы


Мийнет инсанды жақсылыққа жетеклейди

Инсанның дүнияға келиуиниң өзи бир бахыт. Ата-ананың ыссы қушағында шийрин бөбеклик, бийғам балалық дәуирлеримиз өтеди. Ата-анадан тәрбия түрлерин дәстурхан әдеби, сөйлеу мәденияты,тазалық, бир-биреуге мийирман болыу, мийман күтиу, мийнет тәрбиясын, гөззал пазыйлетлерди өзимизге үлги етип аламыз.
Билим дәргайына қәдем таслап, илим-билим, тәрбия аламыз. Инсан үлкейген сайын өмирдиң өзине ылайық қуаныш, тәшиуишлери артып барады. Өмир сынақларға толы. Усындай хәр қыйлы сынауларды жеңип шығыуы ушын, адам сабырлы, қиыншылыққа төзимли болуы керек.
Жаслықта үйренген билим, өнер, мийнет инсанды келешекте жақсылыққа жетелейди. Жаслықта үйренгенлеримиз тасқа ойылған киби, бир өмир сақланып қалады. Биз билим алсақ, өнер үйренсек, мийнет етиуди үйренсек, хеш уақытта жаман болмаймыз. Билим алып жақсы жетискенликке, өнер үйренип, өзимизге, әтираптағыларға жақсылық ислеймиз, қуаныш бағышлаймыз.
Мийнеттиң наны шийрин дегендей, инсанды мийнет етиу арқалы жақсылыққа, хадаллыққа жетеклейди. Ериншеклик жаман әдет, ол хәр қыйлы жолға түсириуи мүмкин, урлық етиу, аманатқа қиянет етиу, пайдакүнемлик.
Бағ жаратсаң бир неше жыллар өтип оның мийуесин жесең, инсанлар алғысына бөленесең. Перзентке берилген жақсы билим-тәрбия баланың ата-анасына, Уатанға садықлық, хүрмет иззетли болуына, жақын инсанларға мехир ақыбетли, жақсы ислер ислеп ел-халық алғысына бөлениуине алып келеди.

"Жақсы перзент-сүйиниш, Жаман перзент-күйиниш"

дегениндей жетерли билим, тәрбия берилмесе, мийнет етип үйренбесе, өмирдиң қиыншылықларын көрмесе ол перзент ата-ана, мәмлекет ушында зиян келтиреди.
Ата-анасын бир өмир қинайды. Жақсы перзент оларды қуанышқа бөлейди, ғаррылық дәуиринде оларға сүйениш, пәрмана, өмир бойы, әлпешлеп өсиргенин билип, ата-ана дууасын алып, алғысына бөленеди. Ата-анасының узақ өмир сүриуине, хүрметин орнына қойып, жаслықта көрген мийнетиниң қартайғанда зийнетин көрип, дәулетиниң асқанын, жақсы тәрбияның унамлы нәтийжесин көреди.

Ул перзентиң қуанышлы тойханаң,
Қыз перзентиң болып келер бай қалаң,
Жақсы перзент өмириңниң қуаты,
Қартайсаңда жасартады қайтадан.

Дүнияға келген перзентлеримиз кекселик дәуиримизде берген билим, тәрбиямызды ақлап, бахытлы ғаррылық дәуирин сүриуимиз ушын қол қанат, сүйениш болсын.
Жас уақтымда бер мийнет, қартайғанда бер дәулет деп ата-ананың ақ пәтиясын алып, хүрметимизди орнына қойып, дүнияға келтирген,тәлим тәрбия берген устазына, ата-анасына рахмет деген сөзлерди еситип, алғыс еситиу ата-ана ушын буннан артық сауға, сөз болмаса керек.
Жақсылық пенен жаманлық, қайғы менен қуаныш тең журеди, инсанлар ушын жақсылық ислеп, жақсы, қуанышлы күнимиз көп болғай, жаманлық, муң-қайғы бизден жырақ болсын. Хәммеге бахытлы кекселик дәуир сүрмек несийп етсин.

Хожели районы 8-мектеп
Баслауыш класс муғаллими
Мәмбетниязова Замира