Get Mystery Box with random crypto!

𝕋𝔸ℝ𝕀𝕐𝕏𝕀𝕐 𝕎𝔸ℚ𝕀𝕐𝔸𝕃𝔸ℝ

Telegram kanalining logotibi tariyxiy_waqiyalar — 𝕋𝔸ℝ𝕀𝕐𝕏𝕀𝕐 𝕎𝔸ℚ𝕀𝕐𝔸𝕃𝔸ℝ 𝕋
Telegram kanalining logotibi tariyxiy_waqiyalar — 𝕋𝔸ℝ𝕀𝕐𝕏𝕀𝕐 𝕎𝔸ℚ𝕀𝕐𝔸𝕃𝔸ℝ
Kanal manzili: @tariyxiy_waqiyalar
Toifalar: Faktlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.48K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақ тилинде тарийхый уақыяларды жарытып барыушы жаңадан канал ашылды.Бул каналда сиз билген хәм билмегенлериңизди билип алыу имканиятына ийе боласыз.
Канал 28.02.2022-жыл өз искерлигин баслады.
Reklama ushin admin: @Baxtiy_U21

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

2


Oxirgi xabar

2022-08-31 19:22:19
Assalawma alikum doslar bul kanal sizlerge qiziqarli texnikalar haqqinda mag'lumatlar beredi .
85 viewsУтегенов Бахтйяр, 16:22
Ochish/sharhlash
2022-08-31 17:41:21
ДӘРЕКЛЕСИЎ ТАРИЙХҚА ЖАТ ЕМЕС.

1976-жылы 4-декабрьде республикамыздың (Қарақалпақстан Автономиялы Республикасы (ҚҚАССР)) ири қалаларының бири - Төрткулдиң (бурынғы атамасы Петро-Александровск) қала болып қәлиплескенине 100 жыл толыў байрамы белгиленген.

Әмиў бойында гүлленген қала - Төрткүлдиң дүзилгенине бир әсир (1876-1976 жж.) толыў юбилейи Төрткүл қаласында республикамыздың кең жәмийетшилиги тәрепинен салтанатлы түрде байрамланған.

Сүўретте: ҚР Обкомының биринши секретары Қ.Камалов Төрткүл райкомының биринши секретары Қ.Нурумбетовқа қутлықлаў хат тапсырып атырған ўақты.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви газета ҳәм журналлар фонды, "Совет Қарақалпақстаны" газетасы, 1976-жыл.


KANALIMIZ
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
319 viewsУтегенов Бахтйяр, 14:41
Ochish/sharhlash
2022-08-31 15:19:58 ҚАРШЫҒА ҚАНДАЙ ҚУС?

Солай етип, жәмәәтлик үйрениў барысында мәлим болыўынша, хумо (қумай) дегени Шығыс классикалық поэзиясынан орын алған аңызлық қус ("дәўлет басы", "бахыт қусы") емес, ал сийрек болса да тәбиятта бар, қәдимги қарақус , қузғын сыяқлы жыртқыш қуслардың бир түри екен. Оның мәмлекетлик символ етип бекитилиўи болса, әдебий түсиниклерге елигип кеткен ҳурметли депутатларымыздың эмоциясынан туўылған шешим болса керек. Енди елге қайтайық, Минайханның сораўына бола қаршыға қусты сөз қылайық.

АҢҒА ҮЙРЕТИЛГЕН ҚУС.

Кең даланы жайлап, шарўашылықты кәсип еткен ата-бабаларымыз күнине жарап отырған төрт түлик малына қандай күтим берип баққан болса, бәри болмағаны менен қурғын хожалық ийелери үйлеринде мабаға қаршыға қус услаған. Қаршығаны қолға үйретип аңға қус салған, бир заман кеўил көтерген. Солай етип, қаршыға қус өзин-өзи асыраған, ийесинде қоян, қырғаўыл ҳ.т.б. қус, майда ҳайўанлардың деликатес гөшлери менен тәмийинлеген.

Деген менен дүт тоғайлар сүрилип, жаңадан жерлер ашылыўы менен жабайы аңлардын бас саны да азайып, қус салыў дәстүри де умыт болып кеткен. Тиришиликтиң ғалма-ғалы менен адамзатқа- өз басы , хайуанларға- өз басы ғай болып тарасып кеткен. Солай болса да, соңғы жылларда араб шайыкларының Үстиртке ықласы аўып, жер алып атырғанына қарағанда, бул дәстур Жақын Шығыс еллеринде еледе сақланып қалған көринеди.

Шынында да, Жақын Шығыс шөллери тәбиятының Қызылқумнан парқы шамалы болса да, жабайы аңға салыўға қуслары қаўкарсызлаў болып келеди. Айырым дереклерге қарағанда Үстирт тегислиги ҳәм Тахтакөпир далаларында ҳәзирде табылатуғын қаршығаның биреўи халық аралық базарда орташа 5 мың АКШ долларында баҳаланады екен. Бул ақша бизге 5-6 саўын сыйырдың қунындай көрингени менен араб шайықларына кеўил көтериў ушын өлемата шығын еместей көринеди.

ҚАРШЫҒА.

Қаршыға (ястреб, латынша-ассипитер)-қаршыға теклеслер қурамына киретугын, орташа ҳәм онша үлкен болмаған қус. Кең таралған, көбинесе тоғайлы жерлерде болады.Тоғай жағдайы қаршығадан тек ғана шаққанлық емес, ал ушыў дәўиринде тереклер ҳәм путалықлар арасында епшил болыўды да талап етеди. Қаршығалардың қанатлары салыстырмалы қысқа ҳәм жумыры (дөңгелекленген), қуйрығы узын, пәнжелери узын бармақлы ҳәм үлкен тырнақлы, узын түтели болып келеди. Тийкарғы азығы-қуслар, әдетте олжаларын тасада аңлып турып услайды. Қаршығалардың бәри емес, айырымлары гана аң аўлаўға үйретилген.

Мине, қаршыға деген усындай қус болады екен.


KANALIMIZ
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
326 viewsУтегенов Бахтйяр, 12:19
Ochish/sharhlash
2022-08-31 15:19:35
<<Қаршыға деген қандай қус?>>


KANALIMIZ
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
299 viewsУтегенов Бахтйяр, 12:19
Ochish/sharhlash
2022-08-31 12:04:22
Кишкене балалардың тамағына аўқат ямаса бир нәрсе тығылса тез жәрдем келемен дегенше биринши жәрдем көрсетиў усыллары.

Жақынларыңызға жибериўди умытпаң!


KANALIMIZ
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
498 viewsУтегенов Бахтйяр, 09:04
Ochish/sharhlash
2022-08-31 10:23:56 Қарақалпақлардың бир айырықшалығы олар жасаған жерлерине өз атамаларын берип отырады.Мысалы: МАҢҒЫТ ДАЛАСЫ, ҚОҢЫРАТ ҚАЛАСЫ, ҚЫПШАҚ ҚАЛАСЫ, ҚЫТАЙ ҚОРҒАНЫ т.б.

Сонлықтан биз бул мақаламызды қәдимги Қәрезим мәмлекетиниң пайтахты ҚЫЯТ қаласының қарақалпақтың ҚЫЯТ тайпасына тиккелей байланысы бар деп жуўмақлаймыз. Өйткени, ата-бабаларымыз мың жыллар даўамында дөретилген руўхый ҳәм материаллық байлықларымызды, Туран ойпатын пүткиллец тәрк етип кетпегенлигин, олар Арал теңизиниң түслиги ҳәм Әмиўдәрьянын төменги жағаларында жасап, әўели ел-елат, заманлар өте өз алдына ҚАРАҚАЛПАҚ МИЛЛЕТИ болып қәлиплескенин тарийх илими тастыйықламақта.

ҚЫРЫҚБАЙ БАЙНИЯЗОВ.
Филология илимлериниң докторы, Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.


KANALIMIZ
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
400 viewsУтегенов Бахтйяр, 07:23
Ochish/sharhlash
2022-08-31 10:23:56 Есбергенов пенен илимий экспедицияларға қатнасып, изертлеў жумысларын алып барды.Қарақалпақ филологлары, экономистлери, ихтиологлары менен физиклери АҚШ, Алмания, Япония, Түркия, Норвегия, Кипр, Уллыбританияның және бийғәрез республикалардың илимпазлары менен байланысқа ийе. Бундай бирге ислесиўлер қарақалпақ халқының ҳақыйқат тарийхын тиклеўде, илимниң басқа тараўларында жетискенликлерге ерисиўимизге де себи тийетуғынлығы тақыйық.

Енди Тасполат Жалиловтың <<Тарийх сабақлығындағы Қыят қаласының Қыят тайпасына байланысы бар ма?>>--деген сораўына түсиник берейик.

Әййесги Хорезм мәмлекетиниң пайтахты болған Қыят қаласы орыс тилиндеги дәреклерге <<Кят><, өзбек тилиндеги мийнетлерде <<Қиёт><, қарақалпақ ҳәм түрикмен тиллериндеги карталарда <<Қыят>>, <<Қият>> түринде берилген. Мысаллар келтиремиз:

1. Абу Райхан Бируний родился в 593 г. в предместье {<<Бируни>>} город Кята, ныне район Бируни в составе ККАССР...
ПриАмушахана был построен новый Кят и вырот канал <<Ярмыш>> для орошения города и окрестности>> {<<История УзССР, том I, Ташкент, <<Фан>>, 1967, стр. 394, 597}.

2. <<Бас қаласы Қыят (ҳәзирги Беруний) болған Әмиўдәрьяның төмендеги жағының оң жағалығындағы Хорезмди афригидлер династиясының әўладлары Хорезмшаҳлар басқарған>> {ҚҚАССР тарийхы, том I, Нөкис, 1975-жыл, 88 бет}.

3. Саъдулла Олломов, Куҳна Кат-Беруний ватани. Левиц Катни "Қиёт" деп ўқиган. 1992 йил, 15-декабрьда Беруний музей комплексин барпо қилиш туғрисида қарор қабул олиниб, пойдеворига тош қуйилди>> {<<Аму тонги, 1993 йил, 10 июль, 14-сон (28).

4. Қият (өлең), авторы: Бекмуҳаммед Марат.
<<Арда емизген төсинен сыяқлы Анам,
Қәсийетли мәканым--Қият қалам,
Заманында Әл-Беруний түлеп ушқан,
Қорғаның мың шәҳәрден зыят маған.
{<<Дослық үни><, 1993-жыл, қыркүйек, 24-саны (55).

Қыятлардың Бесқала алабындағы тийкарғы бөлеги XIX әсир ҳәм ХХ әсирдиң басларында Қоңырат беклиги Жантемир ийшан гүреңинде, Таллық дәрьясының сол тәрепинде, Ҳәким ата қойымшылығынан Арал теңизине шекемги аралықта жасаған. Ал, олардың айырым топарлары Шоманай беклигинде, Ташаўыз ўәлаяты Тақта әтирапында, Хорезм ўәлаятындағы Шабат {Шаҳабат}, Гүрлен ҳәм Қоскөпир диярларында, Берунийдиң Шымам аўылында жасаған. Ҳәзирги ўақытта да олардың әўладлары усы көрсетилген жерлерде жасап атырғанлығы белгили. Сол себепли бүгинлиги бурынғы атамалар қайтадан тикленбекте. Беруний {ески Қыят} қаласында <<Қыят жаслары>> орайы шөлкемлестирилип, <<Қыят жаслары>> газетасы жарық көрди, <<Қыят>> жеке меншик кәрханасы, <<Қыятабат>> ширкетлер бирлеспеси дүзилди!

Ал, ертеде Аралбойынан әййемги ўатанынан көшкен қарақалпақлардың биразы Әмиў менен Сырдың өринде жасайтуғынлығы илим дүньясына мәлим. Мине, сол жерлердеги Қыятлардың бир бөлеги Ташкент қаласының нақ ишинде Шайхантаўыр орамында жайласқан болып, ол жерлер солардың аты менен ҚЫЯТМӘҲӘЛЛЕ, ҚЫЯТ КӨШЕСИ, ҚЫЯТ БАС КӨШЕСИ (гүзары), ЖАҢАШӘҲӘР ҚЫЯТ, ҚЫЯТӨБЕ, ҚЫЯТ ТУЙЫҚ КӨШЕСИ (тупик), деп аталады. Ташкенттиң Қыятларға тийисли ең үлкен дәрўазасы да <<ҚЫЯТ>> атамасы менен белгили. Ташкент әтирапында тағы да бир болыслықты қураған Қыятлар болған ҳәм ол ҳәкимшилик аймақтың аты <<КӘРИЗ>> (яғный, Керизқыятлар) делинген. Ташкенттиң Қыбырай тәрепиндеги Дүзел аўылынан өтетуғын жаптың аты да <<ҚЫЯТАРЫҚ>> делинеди ҳәм ҳәзир де усы тайпа ўәкиллери сол арада өз миллийлигин сақлап келмекте.

Самарқан қарақалпақларының арасында Булыңғыр, Иштыхан, Кәттеқорған, Ақдәрья диярларында ҚЫЯТАЎЫЛ, ҚЫЯТҚЫШЛАҚ лар бар. Наўайы ўәлаятының Қатыршы, Нәўбәҳәр, Кенимық, Нур Ата, Үшқудык, Қызылтөбе диярларында ҚЫЯТҚУДЫҚ, ҚЫЯТАЎЫЛ, ҚЫЯТҚЫШЛАҚ, ҚЫЯТКЕРИЗ, ҚЫЯТСАЙ, ҚЫЯТТӨБЕ, ҚЫЯТҚАЗҒАН т.б. жерлердн қарақалпақтың сол аттағы тайпасы жасамақта. Бирнеше орында олардың <<ҚЫЯТӘЎЛИЙЕ>> деп аталған қойымшылықлары да гезлеседи.
Қарақалпақлар әзелден өз шығысын жақсы билгенликтен Қыятлар да сол пазыйлетти сақлай алған. Қыятлардың муғыллар қурамына сиңисип кеткен бөлеги де соңынан өз қаналасларына қосылған. Ҳәзир муғыллар (маңғуллар) арасында ҚЫЯТ аталған тайпа да, уруў да, тийре де, көше де жоқ. Тийкарында, муғыллардың өзиниң түрки этносларынан шыққанлығы илимде дәлилленди.
342 viewsУтегенов Бахтйяр, 07:23
Ochish/sharhlash
2022-08-31 10:23:56 <<ҚЫЯТ ТАЙПАСЫ ШЕЖИРЕСИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ГЕЙПАРА ДӘРЕКЛЕР>>

{3-бөлим}

Егер халық аңызларында БЕГИС, МЫРЖЫҚ, НУРТАЙ батырлар унамлы қаҳарманлар сыпатында тәрийипленсе, туўысқан еки инисиниң жазым болыўының бас себепшиси--АЙДОС БИЙ ҳәмелпараз, озбыр, опасыз адам сыпатында әшкара етиледи. Мәселен, биз 1969-жылы июньде Сурхандәрья ўәлаяты Байсын диярының Ахунбабаев атындағы хожалығында жасаўшы Өмиров Баҳадыр деген жигит пенен Ташкент қаласында гезлесип қалдым. Ол---"Миллетим қарақалпақ, Қоңырат-Қостамғалымыз. Қарияларымыздың айтыўына қарағанда буннан 12 ата бурын 10.000 үйли Қоңыратлар Әмиўдәрьяның қуяр аяғына Сурхандәрьяға посып келген. Олардың посыўына Айдос бий себепши болыпты. Иси ериккен Айдос ҳәр уруўға бир қыздан салық салып, Хийўа ханына усап, өз алдына бағы-ҳәрем ашпақшы болған.--"Оған қыз бермеймиз",--деп бизиң бабаларымыз әўели Шәҳрисәбизге, соңынан Сурқан далаларына қоныс басқан",--деп мағлыўмпт берген еди. Бул мағлыўматлар бизиң <<Совет Қарақалпақстаны>> газетасының 1991-жыл, 23-июльдеги 139 (15808) санындағы мақаламызда да келтирилген еди.

Бизиң нәзеримизде усы ўақыялардың өзиниң терең тарийхый тамырларына ийе екенлигин Бердақ шайырдың <<Шежире>> шығармасынан мысалға алынған төмендеги қатарлардан анық билиўимиз мүмкин:

Елим көшти Шәрсәбизге,
Дәрьч қуяр көк теңизге,
Қашар телип, қарры өгизге,
Қоңырат зорлық қылған екен.
("Әмиўдәрья", 1972-жыл, 8-саны, 67-бет)
Бул жерде "қарры өгиз",--деп Айдос бийди, "қашар"--деп жас қызларды нәзерде тутып атыр. Өзиниң уруўлас ағайини болыўына қарамастан, қарақалпақлардың миллий дәстүрлерине қайшы келетуғын әнтек ҳәрекетлерди ислегени ушын Бердақ шайыр оның ерси қылықларын усыылай ашып берген еди. Айдос бийдиң усылай халықты постырып жибериўи халықтың есинде мәңгиге қалды. Сол пайытта Түркистанға қайта көшип кеткен қарақалпақлардың Қоңырат арысының КИЙИКШИ, ТОҚПОЛАТ, ҚУРАМА {Жетимлер-Қәндекли}, ОРАЗКЕЛДИ, БАЖБАН, ҚУЛШЫҒАШ, ҚАРАСЫЙРАҚ, ҚАРА КӨСЕ сыяқлы уруўларының ўәкиллери өзлериниң Айдос бийдиң қысымынан кейин "қазақ" кетип, Орта орда (жүз) арасына қосылғанын айтады. Айдос бийдиң усындай журт төзгисиз ҳәси қылўалары қайтадан орайласып отырған пүтин бир елатты ыдыратып жиберген.

Басқа-басқа заманларда да усыған уқсас әбес ислердиң, әдалатсызлықлардың себебинен қарапайым халқымыз көп жәбир көрип, бир-биринен жырақ кетиўге, ўатанынан айра түсиўге мәжбүр болғаны сезиледи. Онсыз да қарақалпақлар талай-талай тәғдир дәккисине ушырап киятыр.
Мийримли, миймандос, мириўбетшил, ырайкеш, туўысшыл болған қарақалпақ халқының көсемлери көп жағдайда халықтың дийдинен шыға алмай, журтқа өзимшиллик көрсеткен гезлери усылай жийи қайталанып турған.

<<Журтының ағасы ақмақ болса, пуқарасын жолаўшы тонайды>>--дейди, қарақалпақ нақылы. Халқын дурыслы басқара билмеўи, елатына ийелик ете алмаўы ақыбетинен миллетимиз ҳәмийше тепериш-тепки көрди, ҳәр жаққа шашырап кетти. Бүгинлиги жер-жерде жасап атырғаг қарақалпақлар түрли тарийхый жағдайларды бастан кеширип, усы заманға дейин тутас биригиў имканиятына ерисе алмай келди.

Рәсмий тәризде алынған мағлыўматларға қарағанда, 2002-жылы бийғәрез республикалар менен шет мәмлекетлерде жасап атырған қарақалпақлардың саны 15 млн.ға жетеғаба болғаны анықланды. Гейпара дәреклер (экологиялық шөлкемлердиң топлаған материаллары) бойынша жер жүзиндеги қарақалпақлардың саны 25 млн. әтирапында екен. Қарақалпақлар дүньяның ҳәмме мәмлекетлеринде, ҳәтте алыс Америкада да, Австралияда да жасап атыр. Сырт мәмлекетлерде қарақалпақлардың болыўы бир тәрептен бизди пүткил жер шары халықлары менен байланыстырыўшы көпир хызметин атқарады. Усының нәтийжесинде өзге журтлар қарақалпақларды ҳәм соның арқасында Қарақалпақстанды да таныўда. Соның менен қатар, олар бизиң өтмишимиз бенен де қызығып, ҳәр тәреплеме бирге ислесиў шеңберин кеңейтиўде. Австралиядағы Сидней университетиниң профессорлары Свеит Хелмс ҳәм Алиса Бетслер археолог Ғайрат Хожаниязов пенен бирге Ақшақаланы қазыў жумысларын өткерген болса, {2004-ж}, пәреңги (француз) илимпазлары этнограф Х.
321 viewsУтегенов Бахтйяр, 07:23
Ochish/sharhlash
2022-08-31 10:23:36
<<Қыят тайпасының шежирелик тарийхый дәреклери>>



KANALIMIZ
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
317 viewsУтегенов Бахтйяр, 07:23
Ochish/sharhlash
2022-08-31 06:44:17 САБАҚЛЫҚҚА КИРМЕГЕН ТАРИЙХ

(1917-1941).

1) Тырыспай кеселиниң тараўы (драматург Сапар Хожаниязовтың еске түсириў китабынан).
2) 1918-1919-ж.ж. Тырыспай пандемиясының даўамы. Жунаид ханның Төрткүл, Нөкис, Қумөзек қамаллары.Нәтийжеде 1000 үйли жерлеслеримиз Иран ҳәм Аўғаныстан тәрепке көшип кеткен. Жол-жөнекей шашырап, урпақлары басқа халықлар қурамына енисип, миллийлигин жойытқан.
3) 1920-жыл. февраль. Шымбайда Каолициялық Ҳүкимет дүзилген, кейин совет власты орнаған.
4) 1922-ж. Баслаўыш тәлим бериўши туңғыш совет мектебиниң ашылыўы.
5) 1928-жыл. Дәслепки районлардың дүзилиўи.
6) 1929-жыл. Медиреселердиң жабылыўы.
7)1929-жыл. "Тахтакөпир көтерилиси". Район ҳәкимшилиги жайының басып алыныўы.
8) 1932-33-ж.жыллар. Киши жүз қазақларының қырдан аўып келиўи.
9) 1933-жыл.Шымбай районы, "Айымбет ийшан"нан 49 жан бир ақшамда Арабыстанға көшип кеткен. Көштиң қурамы жол-жөнекей баслалар, соның ишинде Барлықбай болыс ҳәм иниси менен толысқан. Сонғы екеўиниң денеси Иранның Гүлистан остоны Горган қаласы жанындағы Гүмис төбе аўылында жерленген.
10) 1936-жыл. Баслаўыш мектеплердиң 7-жыллық болып өзгериўи.

1941-1991-ж.ж.
1) 1943-жыл. Нөкистиң гөне қаласын суў алыўы. Куйбышев районы орайының гөне қаладан Халқабадқа көширилиўи.
2) 1947 ҳәм 1961-ж.ж. СССРда пул бирлигиниң өзгериўи.
3) 1956-жыл. Қалалы жерлерде жасаўшыларға пенсия берилип басланыўы.
4) 1957-жыл. Арқа районларда колхозлардың совхозларға айландырылыўы.
5) 1959-жыл. Куйбышев районының (1937-1959) жабылып, Кегейли районына қосылыўы.
6) 1960-жыл. Байқоңырдағы сәтсиз шыққан ракета сынаўы. Арал машқаласының басланыўы.
7) 1965-жылы. Тырыспай кеселиниң таралыўы,
8) 1965-1966-окыў жылы. Мектепти 11-класс ҳәм 10-класс бир жылда питкерип шъқты.
9) 1969-жыл. Беруний қаласы суў астында қалды.
10) 1981-жыл. Қарақалпақстан АССР Жокарғы Суды тарийхында биринши мәрте Өзбекстан ССРы Ж.К. 69-статьясы 3-бөлимин (бандитизм) әмелде қолланып, жынаятлы ис бойынша ("Мнамбай ҳәм оның шайкасы") жаза тайынлады. Судья-Қалмурза Базаров. Айыпланыўшылардан 4 жынаятшы атыў жазасына ҳүким етилди, ҳүким орынланды. Қалғанлары узақ мүддетлерге кесилди.
11) 1983-жылы.Ш .Рашидов Нөкисте қайтыс болды.

Қулласы оқыўшым, Қарақалпақстан тарийхы бойынша "пәлектиң астында бастырылып атырған" гәп көп. Бәрин бир адам айтып бериўи қыйын. Соның ушын соңғы әўлад ҳүрметине сизде билгениңизди жазып жибериң, Келешек турмысқа сабақ ҳәм улги болсын!


KANALIMIZ
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
406 viewsУтегенов Бахтйяр, 03:44
Ochish/sharhlash