Get Mystery Box with random crypto!

{3-бөлим} Егер халық аңызларында БЕГИС, МЫРЖЫҚ, НУРТАЙ батырл | 𝕋𝔸ℝ𝕀𝕐𝕏𝕀𝕐 𝕎𝔸ℚ𝕀𝕐𝔸𝕃𝔸ℝ

<<ҚЫЯТ ТАЙПАСЫ ШЕЖИРЕСИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ГЕЙПАРА ДӘРЕКЛЕР>>

{3-бөлим}

Егер халық аңызларында БЕГИС, МЫРЖЫҚ, НУРТАЙ батырлар унамлы қаҳарманлар сыпатында тәрийипленсе, туўысқан еки инисиниң жазым болыўының бас себепшиси--АЙДОС БИЙ ҳәмелпараз, озбыр, опасыз адам сыпатында әшкара етиледи. Мәселен, биз 1969-жылы июньде Сурхандәрья ўәлаяты Байсын диярының Ахунбабаев атындағы хожалығында жасаўшы Өмиров Баҳадыр деген жигит пенен Ташкент қаласында гезлесип қалдым. Ол---"Миллетим қарақалпақ, Қоңырат-Қостамғалымыз. Қарияларымыздың айтыўына қарағанда буннан 12 ата бурын 10.000 үйли Қоңыратлар Әмиўдәрьяның қуяр аяғына Сурхандәрьяға посып келген. Олардың посыўына Айдос бий себепши болыпты. Иси ериккен Айдос ҳәр уруўға бир қыздан салық салып, Хийўа ханына усап, өз алдына бағы-ҳәрем ашпақшы болған.--"Оған қыз бермеймиз",--деп бизиң бабаларымыз әўели Шәҳрисәбизге, соңынан Сурқан далаларына қоныс басқан",--деп мағлыўмпт берген еди. Бул мағлыўматлар бизиң <<Совет Қарақалпақстаны>> газетасының 1991-жыл, 23-июльдеги 139 (15808) санындағы мақаламызда да келтирилген еди.

Бизиң нәзеримизде усы ўақыялардың өзиниң терең тарийхый тамырларына ийе екенлигин Бердақ шайырдың <<Шежире>> шығармасынан мысалға алынған төмендеги қатарлардан анық билиўимиз мүмкин:

Елим көшти Шәрсәбизге,
Дәрьч қуяр көк теңизге,
Қашар телип, қарры өгизге,
Қоңырат зорлық қылған екен.
("Әмиўдәрья", 1972-жыл, 8-саны, 67-бет)
Бул жерде "қарры өгиз",--деп Айдос бийди, "қашар"--деп жас қызларды нәзерде тутып атыр. Өзиниң уруўлас ағайини болыўына қарамастан, қарақалпақлардың миллий дәстүрлерине қайшы келетуғын әнтек ҳәрекетлерди ислегени ушын Бердақ шайыр оның ерси қылықларын усыылай ашып берген еди. Айдос бийдиң усылай халықты постырып жибериўи халықтың есинде мәңгиге қалды. Сол пайытта Түркистанға қайта көшип кеткен қарақалпақлардың Қоңырат арысының КИЙИКШИ, ТОҚПОЛАТ, ҚУРАМА {Жетимлер-Қәндекли}, ОРАЗКЕЛДИ, БАЖБАН, ҚУЛШЫҒАШ, ҚАРАСЫЙРАҚ, ҚАРА КӨСЕ сыяқлы уруўларының ўәкиллери өзлериниң Айдос бийдиң қысымынан кейин "қазақ" кетип, Орта орда (жүз) арасына қосылғанын айтады. Айдос бийдиң усындай журт төзгисиз ҳәси қылўалары қайтадан орайласып отырған пүтин бир елатты ыдыратып жиберген.

Басқа-басқа заманларда да усыған уқсас әбес ислердиң, әдалатсызлықлардың себебинен қарапайым халқымыз көп жәбир көрип, бир-биринен жырақ кетиўге, ўатанынан айра түсиўге мәжбүр болғаны сезиледи. Онсыз да қарақалпақлар талай-талай тәғдир дәккисине ушырап киятыр.
Мийримли, миймандос, мириўбетшил, ырайкеш, туўысшыл болған қарақалпақ халқының көсемлери көп жағдайда халықтың дийдинен шыға алмай, журтқа өзимшиллик көрсеткен гезлери усылай жийи қайталанып турған.

<<Журтының ағасы ақмақ болса, пуқарасын жолаўшы тонайды>>--дейди, қарақалпақ нақылы. Халқын дурыслы басқара билмеўи, елатына ийелик ете алмаўы ақыбетинен миллетимиз ҳәмийше тепериш-тепки көрди, ҳәр жаққа шашырап кетти. Бүгинлиги жер-жерде жасап атырғаг қарақалпақлар түрли тарийхый жағдайларды бастан кеширип, усы заманға дейин тутас биригиў имканиятына ерисе алмай келди.

Рәсмий тәризде алынған мағлыўматларға қарағанда, 2002-жылы бийғәрез республикалар менен шет мәмлекетлерде жасап атырған қарақалпақлардың саны 15 млн.ға жетеғаба болғаны анықланды. Гейпара дәреклер (экологиялық шөлкемлердиң топлаған материаллары) бойынша жер жүзиндеги қарақалпақлардың саны 25 млн. әтирапында екен. Қарақалпақлар дүньяның ҳәмме мәмлекетлеринде, ҳәтте алыс Америкада да, Австралияда да жасап атыр. Сырт мәмлекетлерде қарақалпақлардың болыўы бир тәрептен бизди пүткил жер шары халықлары менен байланыстырыўшы көпир хызметин атқарады. Усының нәтийжесинде өзге журтлар қарақалпақларды ҳәм соның арқасында Қарақалпақстанды да таныўда. Соның менен қатар, олар бизиң өтмишимиз бенен де қызығып, ҳәр тәреплеме бирге ислесиў шеңберин кеңейтиўде. Австралиядағы Сидней университетиниң профессорлары Свеит Хелмс ҳәм Алиса Бетслер археолог Ғайрат Хожаниязов пенен бирге Ақшақаланы қазыў жумысларын өткерген болса, {2004-ж}, пәреңги (француз) илимпазлары этнограф Х.