Get Mystery Box with random crypto!

ҚАРШЫҒА ҚАНДАЙ ҚУС? Солай етип, жәмәәтлик үйрениў барысын | 𝕋𝔸ℝ𝕀𝕐𝕏𝕀𝕐 𝕎𝔸ℚ𝕀𝕐𝔸𝕃𝔸ℝ

ҚАРШЫҒА ҚАНДАЙ ҚУС?

Солай етип, жәмәәтлик үйрениў барысында мәлим болыўынша, хумо (қумай) дегени Шығыс классикалық поэзиясынан орын алған аңызлық қус ("дәўлет басы", "бахыт қусы") емес, ал сийрек болса да тәбиятта бар, қәдимги қарақус , қузғын сыяқлы жыртқыш қуслардың бир түри екен. Оның мәмлекетлик символ етип бекитилиўи болса, әдебий түсиниклерге елигип кеткен ҳурметли депутатларымыздың эмоциясынан туўылған шешим болса керек. Енди елге қайтайық, Минайханның сораўына бола қаршыға қусты сөз қылайық.

АҢҒА ҮЙРЕТИЛГЕН ҚУС.

Кең даланы жайлап, шарўашылықты кәсип еткен ата-бабаларымыз күнине жарап отырған төрт түлик малына қандай күтим берип баққан болса, бәри болмағаны менен қурғын хожалық ийелери үйлеринде мабаға қаршыға қус услаған. Қаршығаны қолға үйретип аңға қус салған, бир заман кеўил көтерген. Солай етип, қаршыға қус өзин-өзи асыраған, ийесинде қоян, қырғаўыл ҳ.т.б. қус, майда ҳайўанлардың деликатес гөшлери менен тәмийинлеген.

Деген менен дүт тоғайлар сүрилип, жаңадан жерлер ашылыўы менен жабайы аңлардын бас саны да азайып, қус салыў дәстүри де умыт болып кеткен. Тиришиликтиң ғалма-ғалы менен адамзатқа- өз басы , хайуанларға- өз басы ғай болып тарасып кеткен. Солай болса да, соңғы жылларда араб шайыкларының Үстиртке ықласы аўып, жер алып атырғанына қарағанда, бул дәстур Жақын Шығыс еллеринде еледе сақланып қалған көринеди.

Шынында да, Жақын Шығыс шөллери тәбиятының Қызылқумнан парқы шамалы болса да, жабайы аңға салыўға қуслары қаўкарсызлаў болып келеди. Айырым дереклерге қарағанда Үстирт тегислиги ҳәм Тахтакөпир далаларында ҳәзирде табылатуғын қаршығаның биреўи халық аралық базарда орташа 5 мың АКШ долларында баҳаланады екен. Бул ақша бизге 5-6 саўын сыйырдың қунындай көрингени менен араб шайықларына кеўил көтериў ушын өлемата шығын еместей көринеди.

ҚАРШЫҒА.

Қаршыға (ястреб, латынша-ассипитер)-қаршыға теклеслер қурамына киретугын, орташа ҳәм онша үлкен болмаған қус. Кең таралған, көбинесе тоғайлы жерлерде болады.Тоғай жағдайы қаршығадан тек ғана шаққанлық емес, ал ушыў дәўиринде тереклер ҳәм путалықлар арасында епшил болыўды да талап етеди. Қаршығалардың қанатлары салыстырмалы қысқа ҳәм жумыры (дөңгелекленген), қуйрығы узын, пәнжелери узын бармақлы ҳәм үлкен тырнақлы, узын түтели болып келеди. Тийкарғы азығы-қуслар, әдетте олжаларын тасада аңлып турып услайды. Қаршығалардың бәри емес, айырымлары гана аң аўлаўға үйретилген.

Мине, қаршыға деген усындай қус болады екен.


KANALIMIZ
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar