Get Mystery Box with random crypto!

𝕋𝔸ℝ𝕀𝕐𝕏𝕀𝕐 𝕎𝔸ℚ𝕀𝕐𝔸𝕃𝔸ℝ

Telegram kanalining logotibi tariyxiy_waqiyalar — 𝕋𝔸ℝ𝕀𝕐𝕏𝕀𝕐 𝕎𝔸ℚ𝕀𝕐𝔸𝕃𝔸ℝ 𝕋
Telegram kanalining logotibi tariyxiy_waqiyalar — 𝕋𝔸ℝ𝕀𝕐𝕏𝕀𝕐 𝕎𝔸ℚ𝕀𝕐𝔸𝕃𝔸ℝ
Kanal manzili: @tariyxiy_waqiyalar
Toifalar: Faktlar
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 1.48K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақ тилинде тарийхый уақыяларды жарытып барыушы жаңадан канал ашылды.Бул каналда сиз билген хәм билмегенлериңизди билип алыу имканиятына ийе боласыз.
Канал 28.02.2022-жыл өз искерлигин баслады.
Reklama ushin admin: @Baxtiy_U21

Ratings & Reviews

2.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

2


Oxirgi xabar 4

2022-06-29 05:08:08
Ассалаума алейкум бәршеге бугинги күниңиз кеуилли өтсин


Каналымыз
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
494 viewsУтегенов Бахтйяр, 02:08
Ochish/sharhlash
2022-06-28 20:11:15
Швейтсарияда евтаназия капсуласы тастыйықланды

Капсула ишиндеги ҳаял туймени басыў арқалы мыйық тартыў менен өз жанына қас қылып атыр.

Сwиссинфо хабарына көре, өз жанына қас қылыў капсуласы оның ишки бөлегин азот пенен толтыратуғын, ҳаўа дағы кислород контсентратсиясын демде 21 проценттен 1 проценткеше түсиретұғын механизм менен үскенелестирилген. Өлим кислород ҳәм карбонат ангидрид жетиспеушилиги себепли шама менен 30 секунд ишинде жүз болады. Ҳеш қандай ҳаўлығыў, бұуылыу сезими болмайды, бул тыныш ҳәм аңсат өлимди тәмийинлейди.

Швейтсария " өз жанына қас қылыў туризми" орайы ретинде белгили.

Каналымыз
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
494 viewsУтегенов Бахтйяр, 17:11
Ochish/sharhlash
2022-06-28 15:46:01
АКШ тың 35- президенти Жон Кеннедидиң өлими.1963-жыл 22- ноябрь. Даллас.

Каналымыз
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
477 viewsУтегенов Бахтйяр, 12:46
Ochish/sharhlash
2022-06-28 12:38:07
Тарийхый шахслардың бюстлери ҳәм олардың реңли сүўретлери.

Каналымыз
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
527 viewsУтегенов Бахтйяр, 09:38
Ochish/sharhlash
2022-06-28 10:15:03 Күн темасы болып турған республикамыз конституциясына бийпарқ болмаң

1341 қысқа номерине қоңыраў етиң! Қанша көп болса сонша жақсы. Ҳәр бир адамның даўысы керек ҳәм шешиўши роль ойнайды.

Көпшилик адам қорқып отыр екен усыныс билдириўге. Жолдаслар бир нәрсени билип алың, усыныс бериў нызам бузыўшылық емес. Хәр кимниң жеке хуқықы бул, соны умытпаң.

@Karakalpak24

Каналымыз
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
561 viewsУтегенов Бахтйяр, 07:15
Ochish/sharhlash
2022-06-28 09:38:15 <<1925-1927-ЖЫЛЛАРДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚЛАР>>

ҚАРАҚАЛПАҚ АВТОНОМ ОБЛАСТЫ.

Улыўма жер майданы-206,4 мың кв. км. Халқының саны-300 мың адамға шамалас. Халқының басым көпшилиги (170 204 адам) Әмиўдәрьяның оң тәрепинде, ал қалған бөлеги-дәрьяның сол жағасында жасайды. Территориялық комиссияның анықлаўы бойынша, қарақалпақлардың улыўма саны - 127 274 адам. Автономиялы областымыз халқының қалған бөлегин-өзбеклер, қазақлар, түркменлер ҳәм басқа да миллетлердиң ўәкиллери қурайды. (Шөлкемлестириў бюросы жыйнаған мағлыўматлардан 1925-ж.).


ЖАН ЕСАБЫ ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТЛАР.

Пүткилсоюзлық жан есап алыў бойынша 1926-жылы өткерилген есап-санақ бойынша Қарақалпақ Автоном Областы халқының миллий қурамы төмендегише болыпты. Улыўма халық саны - 304 541 адам. Соннан - 116 125 қарақалпақ, 85 782 қазақ, 84 099 өзбек, 9 686 түркмен, 4 924 рус, 884 татар, 756 парсылар ҳәм 624 украин жасаған. Автономиялы область - 4 округке (Қоңырат, Төрткүл, Хожели ҳәм Шымбай), 4 қала, 1 қала типиндеги посёлка ҳәм 24 болыслықларға бөлинген.

ҚОҢЫРАТ ОКРУГИ

1. Қоңырат округи (27 926 адам )- Қоңырат қаласы (3119 адам), Мойнақ посёлкасы (1583) ҳәм 4 аўыллық - Мойнақ (1049), Мың жарған (9126), Халыбақ (8048) ҳәм Сор кол (5002) волостьлықларынан ибарат. Округте бирде-бир түркмен, аўыллық жерлерде жасаўшы бирде-бир парсы ҳәм украин болмаған. Мойнақ посёлкасында - 3 парсы, Халыбақ болыслығында - 2 татар ғана дизимге алынған.

ТӨРТКҮЛ ОКРУГИ

Төрткүл округи (108 297 адам) - Төрткүл қаласы (4 207) ҳәм 8 аўыллық (104 090) - Бийбазар (8 580), Қарақалпақ (1 921), Мың булақ (13 085), Сарыбий (15 053), Тамды (11 343), Төрткүл (14 709), Шайық Аббаз Ўәлий (24 264) ҳәм Шорахан (15 137) волостьлықларынан ибарат. Округте - 7 465 қарақалпақ дизимге алынып, соннан 365 қарақалпақ -Төрткүл қаласында ҳәм 7 100 қарақалпақ барлық болыслықларда, басым көпшилиги Шаббаз (1 808), Шорахан (1 293), Төрткүл (1 253) болыслықларында жасаған. Жәми - 8 835 түркменнен, 5 766 түркмен - Шораханда, 1737 түркмен - Сары бийде, 1 305 түркмен - Шаббазда , 732 парсыдан - 721 парсы Сары бийде, 730 рустан - 704 рус, 23 татардың бәри Шаббазда дизимге алынған. Округтеги 89 украинниң бәри - Төрткүл қаласында жасаған.

ХОЖЕЛИ ОКРУГИ

Хожели округи (36 936 адам) - Хожели қаласы (3 015) ҳәм 4 аўыллық (33 921) - Қыпшақ (6 736), Қытай (8 495), Хожели (4 883) ҳәм Жаңа қала (13 807) болыслықларынан ибарат болған. Хожели қаласында - 378 қарақалпақ ,329 қазақ, 2 033 өзбек, 73 орыс, 97 татар ҳәм 9 украин жасаған, түркмен ҳәм парсылар болмаған. Аўылларда жасаўшы қарақалпақлардан - Жаңақалада 2139 жан, Хожелиде - 668, Қытайда-279, Қыпшақта-691 жан дизимге алынған. Округте 9 украин болып, бәри қалада жасаған

ШЫМБАЙ ОКРУГИ.

Шымбай округи (131 382 адам)-ишиндеги халқының саны жағынан ең үлкени болып, Шымбай қаласы (5 388) ҳәм 8 аўыллық (125 994)-Дәўқара (10 140), Кегейли (12 153), Көкөзек (15 630), Нәўпир (18 387), Нөкис (12 994), Таллық (13 192), Шымбай (31 560) ҳәм Жаңа базар (11 938) болыслықларынан ибарат. Соннан Шымбай қаласында - 2 572 қарақалпақ, 1 602 қазақ, 640 өзбек, 291 татар,201 рус, 43 украин ҳәм 6 түркмен жасаған. Округтеги 96 504 қарақалпақтан - 93 932 жан, 30 597 қазақтан -28 995 жан, 2 745 өзбектен-2 105 жан, 888 орыстан (көбиси оралскийлер болса керек) - 687 жан, 297 татардан-6 жан, 69 украиннен-52 жан аўылларда жасаған. Парсылар улыўма болмаған.

(Дерек.Всесоюзная перепись населения.1926. том.8. Казахская АССР, табл.10).

Каналымыз
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
479 viewsУтегенов Бахтйяр, 06:38
Ochish/sharhlash
2022-06-28 09:37:47
<<1925-1927-жыллардағы қарақалпақлар>>

Каналымыз
https://t.me/Tariyxiy_Waqiyalar
467 viewsУтегенов Бахтйяр, 06:37
Ochish/sharhlash