Get Mystery Box with random crypto!

QAREKEN | Рәсмий канал!

Telegram kanalining logotibi qareken — QAREKEN | Рәсмий канал! Q
Telegram kanalining logotibi qareken — QAREKEN | Рәсмий канал!
Kanal manzili: @qareken
Toifalar: Ko‘ngilchak
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 12.62K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақстанда улкен аудиторыяға ийе N1 кеўилашар универсал канал.
QAREKEN | Рәсмий каналы
Бизден узақласпаң!!!
📌Реклама: @lidernew

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar

2022-11-19 19:55:07 Ҳаял төрт нәрсе себепли шаңарағын ўайран етеди:

1. Қайсарлық.
2. Ашыўланыў.
3. Гүман.
4. Даўыс көтерип сөйлеў.

Ер адам төрт нәрсе себепли шаңарағын ўайран етеди:

1. Узақласыў.
2. Итибарсыз болыў.
3. Қаттықол болыў.
4. Сықмарлық етиў.

Дуриспа.
177 views16:55
Ochish/sharhlash
2022-11-17 05:38:12 @qareken
128 viewsedited  02:38
Ochish/sharhlash
2022-11-16 08:57:59 Бир нәрсени ядта тутың.
Анық мақсетиңиз болмаса, ҳеш кимге ҳәтте ҳәзиллесип болса да үмит берип қоймаң, ҳеш қашан.
Үмит етип, үмит еткен нәрсесине ериспеген адам, сынып кетиўи турған гәп.

@qareken
152 views05:57
Ochish/sharhlash
2022-11-15 08:18:49 ӘЎЛАДЛАР ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ҚАЛАЙ АТАЛАДЫ?

1. Белбала;
2. Ақлық;
3. Шаўлық;
4. Қуўлық;
5. Туўлық;
6. Баўлық;
7. Жаўлық (жатлық).

Еслетпе;: туўлықты айырым орынларда "тоқлық" деп те атайды.
  Жийеннен дөрегенлер — жийеншер, бөледен туўылғанлар — бөлешер болады.
  Қуда тәреплер — қуда-тамыр, оларға жақынлар — жийекшат (жегжат) деп жүритиледи.
  Қуда тәреп пенен қанласлар (қаналас емес): яғный, қыз алыспаўға ант ишискенлер "қуда-анда" ямаса "қудамдал" делинеди.
    Олар қуданың қудалары.
    Жаўлық деген мәнис жетеўден кейин бир бири менен жатласып ара қатнасы узақласып кетеди екен. Соңын ала бир бирин танымай бир бири менен жаў болып жаўласқан деген мәни билдирген.

Араның узақласып, жатласып баслағанына нышана...
Дерек
Канал  @qareken
206 viewsedited  05:18
Ochish/sharhlash
2022-11-02 13:41:03 - Ақыллы ҳаял қызғанбайды.
- Неге?
Өйткени қызғаныў - күйеўиниң өмиринде өзинен гөре шырайлырақ ҳаял барлығын мойынлаўы болып есапланады.

Айман Ёғий

@qareken
277 views10:41
Ochish/sharhlash
2022-10-25 13:29:55
368 views10:29
Ochish/sharhlash
2022-10-25 06:58:03 Гарвардты питкермей таслап кеткен Билл Гейтстан йошланып, оқыўды таслап, бизнес пенен шуғылланыўға қарар еткенлер ушын киши мәлимлеме:

Оның үлкен бабасы - Штат парламенти ағзасы ҳәм Сиэтл мэри;

Бабасы - АҚШ Миллий банки вице-президенти;

Әкеси - белгили адвокат ;

Анасы - төрт ири компанияның директорлар кеңесиниң биринши ҳаял ағзасы, United Way International миллий кеңесиниң президенти.

Егер сизиң ағайинлериңиз бул дизимдеги инсанларға уқсамаса, онда университетти питкерип алғаныңыз мақул!

@qareken
370 views03:58
Ochish/sharhlash
2022-10-25 06:55:23 Қамақханада отырған балаға анасынан хат келипти:
— Балам жерди аўдарыў керек, картошка егиў керек. Мен қартайып қалдым, бир өзим қыйналып атырман, — деп жазыпты.
Баласы анасына жуўап жазыпты, хатта "Апа жерди аўдармаң, сизди де қамайды, мағанда мүддет қосады" деп жазыпты.
Бир ҳәптеден кейин анасынан хат келипти:
— Балам сеннен хат келгеннен кейин, үйимизге 4 милиция келди, жердиң бәрин аўдарып таслады,- депти.
Баласы анасына жуўап хат жиберипти:
— Апа қолымнан келгени сол, картошканы өзиңиз еплеп егип аларсыз...

П. С.: Биреўдиң хатын оқыў жақсылыққа алып келмейди!

@qareken
265 views03:55
Ochish/sharhlash
2022-10-24 15:37:30 Азанда шай ишип отырған едим. Ҳаялым келип қасыма отырды. Кесеге шай қуйып берип атырып, әсте гәп баслады:
- Ағасы, бүгин сиз басқа бир ҳаялды кешки аўқатқа шақырыўыңызды қәлеймен.
Шайнап турған наным тамағыма тығылып қалды.
-Тынышлық па анасы? Ким менен аўқатланыўға бараман, көргенлер не дейди, ақылыңды жойтпадың ба? - дедим өзиме келип.
- Мен сизди жаннан артық көремен, ҳәммеден қызғанаман, бирақ бир нәрсени анық билемен, ол ҳаял сизди меннен де көбирек жақсы көреди ҳәм сиз бенен бир ләҳзе болса да сөйлесип, дийдарыңызға тойыўды қәлейди. Бул инсан - сизиң анаңыз,- деди ҳаялым.
Терең ойға талдым. “Мине 19 жыл болыпты, анам ағамсыз, бир ғана иним менен аўылда жасайды. Үш баламды ҳәм ҳаялымды жақсы кийиндирип, жақсы бағаман деп, анама дурыслы итибар бермеппен. Ҳәй, сени, бала болмай.., тез тур орныңнан”, деп өзиме өзим сөйлеп орнымнан турдым.
Телефонымды алып анама телефон қылдым. Анам телефонды алып, “Тынышлық па балам, не болды, бунша ерте телефон қылып атырсаң”, деп сорады.
- Апа, қәўетерленбең. Тек жаман нәрсе болыўы шәрт емес ғо азанда телефон қылыўым ушын? Сизди сағындым, - дедим демим аўзыма тығылып.
Анам еситип турған қулақларына исенбеди. Себеби бул гәплерди көп жыллардан берли биринши мәрте айтып атырған едим.
- Балам гаплериң жақпай атыр. Тап өлиминен алдын ўәсият айтатуғын адамға уқсап сөйлеме! Не болды? - деп анам және сорады.
- Ҳеш нәрсе болған жоқ, апа. Бүгин кешке ўақтыңыз бар ма? Сизди бир ресторанға апарайын деп едим. Екеўимиз кеште бирге барсақ.
- Анам азырақ үндемей қалды, “Жан-жан деп бараман балам” - деди. Телефоннан анамның пықырлап жылағаны еситилди.
Кеште машинамды минип, анамның үйи тәрепке баратырып, жүрегим жас балалардикиндей тез-тез ура баслады. Жетип келип тоқтағанымда, ҳаўа райы суўық болыўына қарамай, анам дәрўазаның алдында күтип турған екен.
- Апа, неге сыртта турыпсыз? Келгенимнен кейин, өзим үйден алып шығатуғын едим, тоңып қалыпсыз сыртта.
Анам келип маңлайымнан сүйди де:
- “Балам жүрегим сабыр ете алмады, ақыры өзим шығып турдым”, деди.
Анам ушырасыўға шығатуғындай етип жасанып алыпты. Анамды көрип бир күлгим келди, бир өзимди жаман көрип кеттим:
- “Не ушын усы ўақытқа шекем анаңды бир мәрте болса да қуўантпадың”, дедим өзиме өзим.
Анам машинаға отырғанда:
- “Досларыма бүгин балам ресторанға шақырды, десем, ҳәммеси маған ҳәўес етти”, - деди.
Қаланың ортасындағы ресторанға кирдик. Кирип баратырғанымызда, анам қолымнан услап алып, салдамлылық пенен қаланың биринши дәрежели ханымындай болып ишке кирди. Көзлериндеги қуўанышты жасырыўдың имканы жоқ еди. Столға отырып, менюды алып оқыдым. Анам тәўирақ қартайып қалыпты, менюдағы тек ғана үлкен ҳәрип пенен жазылғанларын ғана оқый алды
- Сен кишкенелигиңде оқыўды билмейтуғын едиң, менюди мен оқыйтуғын едим, ал сен еркелеп бир нәрсе таңлағаныңша көп ўақыт өтер еди, енди сениң нәўбетиң келипти, - деди анам узақ өтмишти еслеп.
Көп ўақыт сөйлесип отырдық. Ўақыт өтип кеткенин де сезбей қалыппыз. Қәлбимде өткенлер ҳаққында шийрин еслеўлер бир-бир өтти. Өмиримдеги ең зор отырыс болды.
“Усы ўақытқа шекем не ушын бир мәрте де анамды бирге аўқатланыўға алып бармаппан?”, деп өзимди өзим тергедим.
Ол жерден қайтып, анамды үйине апарғанымда: “Балам сениң менен сол жерге және бир мәрте барайық”, - деди.
- Әлбетте барамыз апа, онда кейинги ҳәптеге барағояйық, - дедим.
- Бирақ кейингисинде мен пул төлеймен, - деди қайсарлық пенен.
- Яқшы апа, сиз не десеңиз сол, - дедим.
Үйге қайтқанымда ҳаялыма рахмет айттым.
Арадан 2 күн өтип, азан менен иним телефон қылып:
- “Әжаға тез келиң, анам аўырып атыр”, деди.
Анамды тири көриў несип етпеди. Барғанымша қайтыс болып қалыпты. Анамды жерге тапсырып келгенимизден кейин иним бир конверт берди, анам берип кеткен екен. Аштым. Конвертте анам хат жазып кеткен екен:
- “Балам, ўәде еткенимдей алдыннан барып ресторанға еки адамлық кешки аўқатты есаплатып, пулын төлеп келдим. Төлем қағазы усы жерде. Бәлким сол күнге шекем жетип бармасман. Бирақ сен әлбетте келинди алып сол жерге бар. Екеўимиз отырған жерге...

@qareken
275 views12:37
Ochish/sharhlash
2022-10-24 07:50:33
Қус қарны тойғаннан кейин бурылды ҳәм ушып кетти...
Қалған дәнлерди ойламады...
Қалғанын алып топлап қояйын, ертең жеймен, демеди... Ҳәмме жер қар, ертең аш болсам, және жейтуғын зат таба аламан ба? - деп уўайымламады!...
Себеби ырысқысын бериўшиден кеўли қәтиржәм еди. Ырысқы бериўшиси оны естен шығарып қоймайтуғынын жүдә жақсы билер еди....


@qareken
190 viewsedited  04:50
Ochish/sharhlash