Get Mystery Box with random crypto!

Қамақханада отырған балаға анасынан хат келипти: — Балам жерд | QAREKEN | Рәсмий канал!

Қамақханада отырған балаға анасынан хат келипти:
— Балам жерди аўдарыў керек, картошка егиў керек. Мен қартайып қалдым, бир өзим қыйналып атырман, — деп жазыпты.
Баласы анасына жуўап жазыпты, хатта "Апа жерди аўдармаң, сизди де қамайды, мағанда мүддет қосады" деп жазыпты.
Бир ҳәптеден кейин анасынан хат келипти:
— Балам сеннен хат келгеннен кейин, үйимизге 4 милиция келди, жердиң бәрин аўдарып таслады,- депти.
Баласы анасына жуўап хат жиберипти:
— Апа қолымнан келгени сол, картошканы өзиңиз еплеп егип аларсыз...

П. С.: Биреўдиң хатын оқыў жақсылыққа алып келмейди!

@qareken