Get Mystery Box with random crypto!

Азанда шай ишип отырған едим. Ҳаялым келип қасыма отырды. Кесе | QAREKEN | Рәсмий канал!

Азанда шай ишип отырған едим. Ҳаялым келип қасыма отырды. Кесеге шай қуйып берип атырып, әсте гәп баслады:
- Ағасы, бүгин сиз басқа бир ҳаялды кешки аўқатқа шақырыўыңызды қәлеймен.
Шайнап турған наным тамағыма тығылып қалды.
-Тынышлық па анасы? Ким менен аўқатланыўға бараман, көргенлер не дейди, ақылыңды жойтпадың ба? - дедим өзиме келип.
- Мен сизди жаннан артық көремен, ҳәммеден қызғанаман, бирақ бир нәрсени анық билемен, ол ҳаял сизди меннен де көбирек жақсы көреди ҳәм сиз бенен бир ләҳзе болса да сөйлесип, дийдарыңызға тойыўды қәлейди. Бул инсан - сизиң анаңыз,- деди ҳаялым.
Терең ойға талдым. “Мине 19 жыл болыпты, анам ағамсыз, бир ғана иним менен аўылда жасайды. Үш баламды ҳәм ҳаялымды жақсы кийиндирип, жақсы бағаман деп, анама дурыслы итибар бермеппен. Ҳәй, сени, бала болмай.., тез тур орныңнан”, деп өзиме өзим сөйлеп орнымнан турдым.
Телефонымды алып анама телефон қылдым. Анам телефонды алып, “Тынышлық па балам, не болды, бунша ерте телефон қылып атырсаң”, деп сорады.
- Апа, қәўетерленбең. Тек жаман нәрсе болыўы шәрт емес ғо азанда телефон қылыўым ушын? Сизди сағындым, - дедим демим аўзыма тығылып.
Анам еситип турған қулақларына исенбеди. Себеби бул гәплерди көп жыллардан берли биринши мәрте айтып атырған едим.
- Балам гаплериң жақпай атыр. Тап өлиминен алдын ўәсият айтатуғын адамға уқсап сөйлеме! Не болды? - деп анам және сорады.
- Ҳеш нәрсе болған жоқ, апа. Бүгин кешке ўақтыңыз бар ма? Сизди бир ресторанға апарайын деп едим. Екеўимиз кеште бирге барсақ.
- Анам азырақ үндемей қалды, “Жан-жан деп бараман балам” - деди. Телефоннан анамның пықырлап жылағаны еситилди.
Кеште машинамды минип, анамның үйи тәрепке баратырып, жүрегим жас балалардикиндей тез-тез ура баслады. Жетип келип тоқтағанымда, ҳаўа райы суўық болыўына қарамай, анам дәрўазаның алдында күтип турған екен.
- Апа, неге сыртта турыпсыз? Келгенимнен кейин, өзим үйден алып шығатуғын едим, тоңып қалыпсыз сыртта.
Анам келип маңлайымнан сүйди де:
- “Балам жүрегим сабыр ете алмады, ақыры өзим шығып турдым”, деди.
Анам ушырасыўға шығатуғындай етип жасанып алыпты. Анамды көрип бир күлгим келди, бир өзимди жаман көрип кеттим:
- “Не ушын усы ўақытқа шекем анаңды бир мәрте болса да қуўантпадың”, дедим өзиме өзим.
Анам машинаға отырғанда:
- “Досларыма бүгин балам ресторанға шақырды, десем, ҳәммеси маған ҳәўес етти”, - деди.
Қаланың ортасындағы ресторанға кирдик. Кирип баратырғанымызда, анам қолымнан услап алып, салдамлылық пенен қаланың биринши дәрежели ханымындай болып ишке кирди. Көзлериндеги қуўанышты жасырыўдың имканы жоқ еди. Столға отырып, менюды алып оқыдым. Анам тәўирақ қартайып қалыпты, менюдағы тек ғана үлкен ҳәрип пенен жазылғанларын ғана оқый алды
- Сен кишкенелигиңде оқыўды билмейтуғын едиң, менюди мен оқыйтуғын едим, ал сен еркелеп бир нәрсе таңлағаныңша көп ўақыт өтер еди, енди сениң нәўбетиң келипти, - деди анам узақ өтмишти еслеп.
Көп ўақыт сөйлесип отырдық. Ўақыт өтип кеткенин де сезбей қалыппыз. Қәлбимде өткенлер ҳаққында шийрин еслеўлер бир-бир өтти. Өмиримдеги ең зор отырыс болды.
“Усы ўақытқа шекем не ушын бир мәрте де анамды бирге аўқатланыўға алып бармаппан?”, деп өзимди өзим тергедим.
Ол жерден қайтып, анамды үйине апарғанымда: “Балам сениң менен сол жерге және бир мәрте барайық”, - деди.
- Әлбетте барамыз апа, онда кейинги ҳәптеге барағояйық, - дедим.
- Бирақ кейингисинде мен пул төлеймен, - деди қайсарлық пенен.
- Яқшы апа, сиз не десеңиз сол, - дедим.
Үйге қайтқанымда ҳаялыма рахмет айттым.
Арадан 2 күн өтип, азан менен иним телефон қылып:
- “Әжаға тез келиң, анам аўырып атыр”, деди.
Анамды тири көриў несип етпеди. Барғанымша қайтыс болып қалыпты. Анамды жерге тапсырып келгенимизден кейин иним бир конверт берди, анам берип кеткен екен. Аштым. Конвертте анам хат жазып кеткен екен:
- “Балам, ўәде еткенимдей алдыннан барып ресторанға еки адамлық кешки аўқатты есаплатып, пулын төлеп келдим. Төлем қағазы усы жерде. Бәлким сол күнге шекем жетип бармасман. Бирақ сен әлбетте келинди алып сол жерге бар. Екеўимиз отырған жерге...

@qareken