Get Mystery Box with random crypto!

QAREKEN | Рәсмий канал!

Telegram kanalining logotibi qareken — QAREKEN | Рәсмий канал! Q
Telegram kanalining logotibi qareken — QAREKEN | Рәсмий канал!
Kanal manzili: @qareken
Toifalar: Ko‘ngilchak
Til: Oʻzbek tili
Obunachilar: 12.62K
Kanalning ta’rifi

Қарақалпақстанда улкен аудиторыяға ийе N1 кеўилашар универсал канал.
QAREKEN | Рәсмий каналы
Бизден узақласпаң!!!
📌Реклама: @lidernew

Ratings & Reviews

2.33

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Oxirgi xabar 2

2022-10-23 06:35:21 БИЛЕСИЗБЕ...

Инсан өмириндеги ең үлкен душпаны бул – оның өзи.

Инсан өмириндеги ең үлкен қәтеси бул – өтирик қосып сөйлеўи.

Инсан өмириндеги ең үлкен сүрнигиўи бул – оның исенбеўшилиги.

Инсан өмириндеги ең үлкен апатшылығы бул –  көре алмаўшылығы.

Инсан өмириндеги ең үлкен қайғысы бул –  өзин танымаўы.

Инсан өмириндеги ең үлкен айыбы бул –  шүкирлик етпеўи.

Инсан өмириндеги ең өкинетуғын жери бул – өз қәдирин билмеўи.

Инсан өмириндеги ең әўметли тәрепи бул – жығылғаннан кейин өзи аяққа турып өз жолын даўам  еттире алыўы.

Инсан өмириндеги ең үлкен жоғалтыўы бул – үмитиниң сөниўи.

Инсан өмириндеги ең үлкен жетискенлиги – ақылы ҳәм ден - саўлығы.

Инсан өмириндеги ең үлкен қарызы бул – ҳақыйқый сезимлери.

Инсан өмириндеги ең үлкен қәбилети бул– оның Алла берген Жүреги.

Инсан өмириндеги ең үлкен жубанышы – оның алдына қойған уллы ислери.

@qareken
265 views03:35
Ochish/sharhlash
2022-10-23 06:22:02 Ким менен жүргениңе, ким менен дос болғаныңа итибар бер.
Өйткени бүлбүл гүлге, ғарға шығындыға жетеклейди.

@qareken
176 views03:22
Ochish/sharhlash
2022-10-23 06:20:50 Үйленген ер адамнан "Муҳаббат не" деп сорады.

Сонда ер адам : -Муҳаббат па? Мине мысалы : Ҳаялың гейде ашыўыңды келтирсе буўып қойғың келеди, лекин түнде ҳаялыңның үсти ашылып қалса тоңбасын деп үстине көрпени жаўып қоясаң! Мине, муҳаббат деген сол емеспе?

@qareken
196 views03:20
Ochish/sharhlash
2022-10-15 20:00:52 Егер бүгин түнде уйықлап таңда оянбасам да қуяш шығыстан шыға береди...
Мен барман ба яки жоқпан ба әҳмийетсиз. Ол тағы батысқа бата береди...
Жер жүзинде мен болмасам да ол өз оғы әтирапында айлана береди...

Бирақ мен болмасам, ким ушындур шыққан қуяш әҳмийетсиз....
Ол инсан ушын енди жер айланама-жоқпа, әҳмийетсиз...
Мен әне сол инсан ушын да өзимди асыраўым, ояныўым керек..!

Ҳәр биримизде бундай инсан бар...

Солай ма...

@qareken
275 views17:00
Ochish/sharhlash
2022-10-15 15:51:18 Ҳақыйқатқа жақын

​ Қайсы айда туўылғансыз?

Декабрь

Шырайлы, тәсирли ҳәм активсиз! Жақынларыңыздан жәрдемиңизди аямайсыз. Сөз бенен ҳәмме нәрсени түсиндирип бере алсаңызда, бирақ әтираптағыларды тыңлаўды билмейсиз. Мудамы асығып жүресиз. Сабырлылаў болың, сонда мәселелер ийриминде қалып кетпейсиз.

Январь

Кирисимлилигиңиз себепли әтираптағылар менен тез тил табысасыз. Сизди жақсы көргенлерди шын жүректен қәдирлейсиз. Ишки дүньяңыз гөззаллығы сыртқы көринисиңизде де көринеди. Әрманларыңыздың шеги жоқ. Олардың орынланыўына исенип жасайсыз.
Кемшилигиңиз, мудамы дыққат -орайда болыўды қәлейсиз, егер қандайда бир орталықта итибардан шетиректе қалсаңыз, өкпелеп, тоныңызды терис кийип алмаң.

Февраль

Саналы ҳәм дүньяға көз қарасы кең инсансыз. Иш-ишиңизден романтикаға қуштар болсаңыз-да, өмирге реал қарайсыз. Биреўдиң қолына қарап отырыўға қулқыңыз жоқ. Барлық жумысларды бир өзиңиз орынлаўды унатасыз. Ашыўыңыздың келиўи тез болса да, буны жасыра алыўыңыз мақтаўға ылайық.

Март

Жүзи ысық, сырлы, жағымлы, қолы ҳәм кеўли ашық Көп сөйлеўди унатасыз. Тез ашыўланасыз. Ескертиў бериўге устасыз. Мақтаў еситиўди жүдә жақсы көресиз. Соңғы модадағы кийимлерди кийиўиңиз, мудамы өзиңизге итибарлы болыўыңыз шәрт. Әтираптағыларға да сондай мүнәсибетте болың.

Апрель

Ҳәзилкеш, кеўилли, сөйлемшек ҳәм сақыйсыз! Әтираптағылар менен жақсы мүнәсәбетте боласыз. Соның ушын жумыста асығыңыз алшы. Жаңалықлардан мудамы хабардарсыз. Спорт пенен шуғылланыў, музыка тыңлаў, дем алыў ҳәм саяхатларға шығыўды жүдә унатасыз.

Май

Бул айда туўылғанлар қарар қабыллаўға уста болады. Келисимге шебер болғаны ушын олардан жақсы баслық шығады. Қорықпай мақсетлерине умтылады. Бәрҳәма күлип турғаны ушын оларды қапа етиўге батына алмайсыз. Сол себепли дослары көп. сезимге берилиўшең, кеўлиндеги тилинде. Унамсыз тәрепи, жүдә итибар талап етеди.

Июнь

Жаздың дәслепки айында туўылған «ишимдегини тап» дейтуғынлардан. Биймәлел, дүньяны суў басса, тобығына шықпайды. Намысы бәлент. Бир инсанды сүйеди ҳәм олар ушын садықлық әҳмийетли. Қызғаншақлық отын бир жақса, өшире алмай, дүнья әўере болады. Дослары ушын бар мүмкиншиликлерин жумысқа салады. Басшылық қәбилети күшли.

Июль

Айрықша ҳәм кеўли таза жаңа дослар менен танысыўды жақсы көресиз. Қәлеўиңиз, хош-кейпиятлы өмир сүриў. Сол себепли мәселелерге дус келип өзиниңизди жойтып қоясыз. Азмаз салдаманлырақ болың, өмирге туўрылап қараң.

Август

Кеўлиңиз бос. Бирақ ҳәмме нәрсе қадағалаўыңызда болыўын қәлейсиз. Өзиңизге исенимиңиз бәлент. Суўды көрмегенге шекем етикти шешпейтуғынлар қатламына киресиз. Пикирлеў әлемиңиз бай. Қызығыўшаңсыз. Күшлилигингиз ҳәм шыдамлылығыңыз өрнек болыўға арзырлық.

Сентябрь

Сизге күшли досларыңыз бенен бирге болыў унайды. Жүдә итибарталап болғаныңыз бенен, бирақ адамлардың дыққатын өзиңизге тартыўды билмейсиз. Өтирикти унатпайтуғын, ҳақ кеўилсиз. Өмирде азырақ активлеў болсаңыз, көп нәрсеге ерисесиз.

Октябрь

Ядыңызға гәп жоқ. Ўақыя-ҳәдийселерге жүдә итибарлысыз. Өзиңиз қәлеген нәрселерге ерисиў ушын шын жүректен ҳәрекет етесиз. Алма писип, аўзыңызға түсиўин күтпейсиз. ҳәзилге устасыз. Мудамы күлип жүресиз.

Ноябрь

Гежир, бирпара пайытларда қәҳәри қатты, шыдамлылығы күшли. Оларды жубатыў аңсат. Ҳәмме жерде тәртипти ҳәм жуўапкершиликти талап етип жүреди. Көркем әдебиятқа байланыслы дөретпелер оқыўды ҳәм көркем өнерди жақсы көреди. Саяхат етиўди қатты жақсы көреди. Кеширим ҳәм умытыўды үйренсе, өмирде жасаўы аңсат болар еди.
392 views12:51
Ochish/sharhlash
2022-09-25 06:21:14 КИМ НЕГЕ ИСЕНСЕ СОЛ ЖҮЗ БЕРЕДИ ..

- Ало, сәлем Қудай менен сөйлессем бола ма?
- Сәлем, жалғап беремен.
- Әй Қудай, жүдә шаршадым, кәрамат болыўын тилеймен, әпиўайы инсанлық бахыт қәлеймен. Илтимас, арзыўларымды әмелге асыр!
- Әлбетте, әзизим. Лекин әўели сени "әмелге асқан тилеклер" бөлими менен жалғайман. Сен онда жол қойған қәтелериң менен танысасаң.
Трубкадан "бир неше секундтан соң сизди әмелге асқан тилеклер бөлими менен жалғаймыз" деген даўыс келди.
- Сәлем, сизге қандай жәрдем бере аламыз?
- Мени сизлерге Қудай жоллады. Жаңа тилек билдириўден алдын әўелгилерине бир қарап өтиўимди буйырды.
- Түсиникли. Бир минут... ҳе, мине барлық шын жүректен тилеген тилеклериңиз, еситип атырсыз ба?
- Аўа, әлбетте, дыққат пенен еситип атырман.
- Тыңлаң, өткен жылғылардан баслаймыз:
1. Уҳ, жумысым жаныма тийди! (Жанға тийди - Орынланды)
2. Күйеўим итибар бермейди. (Бермейди - Орынланды)
3. Азғана болса да пулым болғанда еди. (Азғана пул - Орынланды)
4. Досларым өсекши. (Олар өсекши - орынланды)
5. Қандай болса да квартирам болғанда еди. (Қандай болса да - 10-қабаттан, төбесинен жаўын өтетуғын квартира. Орынланды)
6. Кишкене болса да машинам болғанда еди. (Ески "Запарожец" машина "болды" - Орынланды)
7. Демалыста қай жерге болса да кетсем. (Орынланды: уста бағыў ушын дала ҳәўлиге кеттиңиз)
8. Ҳешким гүлдәсте бермейди. (Бермейди - Орынланды) ... даўам еттире берейин бе?
-Яқ, яқ, болды түсиндим. Жаратқанға қайта жалғап бериң.
-Әй Қудай, ҳәммесин түсиндим. Енди ҳәрбир ой-пикиримди електен өткеремен. Сеннен ҳәрдайым жақсы ой-қыялларды ойлаўыма жәрдем бериўиңди сорайман. Ҳәрдайым маған жәрдем бериўге таярлығыңды умытпай, мени қолла... ҳәзир болса мен ҳәммесин ойлап алыўым керек. Қайта басласам бола ма?
- Әлбетте, қәлеген ўақтыңда. Тилеклериңде Қудайға шикаят етпе, налыма. Ол жаманын көрмепсең деп саған ҳәзирги жағдайыңнан да жаманырағын жөнетеди. Қудайға шүкир ет, оған тек жақсысын, қуўанышлы екениңди айт, сонда Ол саған "Әй бендем, сен еле буннан жақсысын билмепсең" деп саған ең жақсысын жибереди.

@qareken
441 views03:21
Ochish/sharhlash
2022-09-25 06:20:47 МУРЫНДЫҚ АТА ХӘМ ЕНЕ.

Миллий салт-дәстүрлер — тарийхый ески
процесс. Салт-дәстүр халықтың тиришилик кәсибине, исенимлерине, өмирге, жасау жағдайларына байланыслы пайда болып, қәлиплеседи. Әуладтан әуладқа өтип, өзгерип, жаңарып отырады. Олардың жәмийеттиң рауажланыуы менен биреулери жоғалып, турмыс ушын кереклилери жаңа мазмунға ийе болып, байып отырады.

         Соның ишинде, жаңа қуралып атырған жас шаңарақтың ауыз биршилигин, қәлиплесип, турақлы, беккем шаңарақ болып кетиуи ушын "мурындық ата-ене сайлау" дәстүри жоғалып кетпей, жәмийеттиң рауажланыуы менен жаңа мазмун, жаңа түрге ийе болып киятырған дәстүрлердиң бири.

Ата~ана мурындық ата~ене сайлағанда хәр түрли мақсетлер көзде тутылады: 1.Жас келин-күйеуге ғамхоршы, ақыл-кеңесши болсын деген мәниде; 2.2,3 атаға айланып, алыслап баратырған ағайиннен қол үзип қалмау ушын, сондай ағайинлерден мурындық ата-ене сайлайды.

            Мурындық ата-ене сайлау дәстүри қарақалпақ халқының өзине тән дәстүри болып, басқа қоңсылас халықларда ушыраспайды.

         Мурындық ата-енени көпти көрген, ямаса ақылы, парасаты менен ел арасында абырайлы, үлгили шаңарақ ийелеринен сайлайды.
        
Мурындық ата-енениң өзине тән миннетлери болады. Бириншиден, мурындық ата-ене ортадағы, яғный еки тәрептеги қуда-қудағайлар ортасындағы елши сыпатында жүреди. Буның мәниси: келин-күйеудиң (жас шаңарақта) келиспеушилик шығып қалса, мурындық ата-ене олардың биреуине тәрепдар болып қалмауы керек, екеуине ортақ мәниде ақылын, турмыслық тәжирийбелерди айтып, екеуин ауыз биршиликке шақырады.
Усындай жағдайларға байланыслы келинниң я күйеудиң ата-аналарында түсинбеушилик болса, оларға да теңдей бағытта түсиндириу миннети мурындық ата-енеге жүкленип кетеди.

Егерде ортадағы болып атырған уақыялар шийеленисип баратырса, елдиң жасы үлкенлери менен ойласып, бирликте хәрекет етип, жас шаңарақтың бузылып кетиуиниң алдын алады.

Екиншиден, мурындық ата-ене келин менен күйеудиң өз ата-аналарына  алмай жүрген тилек, өтинишлери ямаса, келин-күйеуге тийисли ғамхорлық мәселелери болса, нәзеринен тыс қалдырмай, ата-анасы менен ойласып шешимин табыуға хәрекет етеди.

         Гейпара уақытларда, қуда-қудағайларда ортадағы қатнасыққа нуқсан келтирип алмауы ушын, бир-бирине қатты айталмайтуғын сөзлери болады. Бундай сөзлер, әлбетте, келинниң я күйеудиң минез-қулқына, әдебине, уқыплылығына байланыслы болады. Сондай уақытта, мәселен: "жаман қыз төркиншил",-дегендей, гейпара келинлер төркинге тез-тез қатнағыш болыуы мүмкин, төркинге барып, жайласып жатып алатуғын жағдайлары болады, мине усындайда мурындық ата-ене келинниң  жатығы менен," Шыққан қыз, шийден тысқары",-дегендей мәниде сыпайылап ескертиулер жасауына туура келеди.

Себеби, турмысқа шыққан қыздың төркининде бир күннен артық қоныуын (айрықша жағдайлар болмаса) халқымыз ерси көрип, әдепсизликке санаған. Бул еки тәрептиң де ел алдындағы абырайын төменлететуғын ис.

          Мурындық ата-енениң буннан басқа да миннетлери көп, сол ушында, буған жууапкершилик пенен қарап: "Мурындық ата-ене болып, тек үш шаңараққа дейин сайланады",-деген сөз бар.

          " Ас көп болса, қәде көп болады",-дегендей, хәзирги мурындық ата-енелердиң миннетлери ауырласып кетти. Оны жеңиллетиу, артық ысырапгершиликке жол қоймау, жас шаңарақ ата-аналары менен бирликте шешилип барыуы керек.

Мәселен, жаңа түскен келинди, "қызын шақырыу"да, оның бир өзин шақырып қоймай, ата-енеси, ата-анасы, басқа тууысқанлар қосып шақырылып, соған ылайық дәстурхан жайылып, қонақ етип күтиледи, келген қонақларға сарпайлар берилиуи керек. Мине усындайда, жеңиллетиу жолларын өз-ара келисим менен шешеди.

           Турмыс қурып атырған жасларға мурындық ата-енеси" әке, шеше",-деп есапланып, олардың балалары "аға, ини, апа, сиңли" болады. Өз ата-аналарына, тууысқанларына қандай хүрмет етсе, мурындық ата-ене хәм олардың шаңарағына сондай хүрмет көрсетеди.

Автор: Shahzoda Allamuratova
.
@qareken
310 views03:20
Ochish/sharhlash
2022-09-07 13:35:00
Каналымыз ағзалары ажайып жаңалық енди Qosiq.uz Каналын You Tube социал тармағынан тамашаласаңыз болады YouTube каналымызға ағза болың
Ағза болыў ушын әлбетте Подписаться туймесын басыу́ды умытпаң
https://youtube.com/channel/UCpY2yebGNDY4faZOZEvLPmQ
500 views10:35
Ochish/sharhlash
2022-08-30 19:17:31
Ustaziñdi Ata-anañday siyla

@Qareken
573 views16:17
Ochish/sharhlash
2022-08-30 19:14:20 Tuygar Işıklı - Eyşan

Bizdi guzetip bariwdan zerikpeń...

#Kanal @Qareken

#Admin @Shaxdiyar
536 views16:14
Ochish/sharhlash